‏ Amos 1

1Теқоалы шарўашылардың бири болған Амостың сөзлери. Яҳуда патшасы Уззия, Израил патшасы Еҳоаш улы Яробам ҳүкимдарлық қылған ўақытларда, жер силкиниўден еки жыл алдын, Амос Израил ҳаққында аянлар көрди.

2Амос былай деди:

«Жаратқан Ийе Сионнан даўыслап бақырады,
Ерусалимнен гүркиреген даўыс шығарады.
Шопанлардың жайлаўлары қайғыға батады,
Кармел таўының жоқарысындағы шөплер қуўрап қалады».

Израилға қоңсылас халықлардың жазаланыўы

Арам

3Жаратқан Ийе былай дейди:
«Дамаск жынаят үстине жынаят иследи,
Мен жазасыз қалдырмайман оларды,
Олар темир тисли мала менен Гиладты езди.
4Соның ушын, Хазаелдиң үйине от жаўдыраман,
От жандырып жоқ етеди Бен-Ҳададтың қорған қалаларын.
5Дамаск дәрўазаларының тәмбилерин сындыраман,
Аўен ойпатлығында тахтта отырғанды жоқ қыламан,
Бейт-Эденде патшалық ҳасасын услағанды өлтиремен,
Кир журтына сүргин болады арам халқы».
Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.

Филист

6Жаратқан Ийе былай дейди:
«Газа жынаят үстине жынаят иследи,
Мен жазасыз қалдырмайман оларды.
Олар пүткил жәмийетти сүргинге алып кетип,
Эдомлыларға сатып жиберди.
7Соның ушын, Газа дийўалларына от жаўдыраман,
От жандырып жоқ етеди оның қорған қалаларын.
8Ашдод қаласында тахтта отырғанды жоқ қыламан,
Ашкелонда патшалық ҳасасын услағанды өлтиремен.
Экронға қарсы қолымды көтеремен,
Филистлердиң аман қалғанлары жоқ болады».
Булар Қудай Ийениң сөзлери.

Тир

9Жаратқан Ийе былай дейди:
«Тир жынаят үстине жынаят иследи,
Мен жазасыз қалдырмайман оларды.
Олар дослық келисимин умытып,
Пүткил жәмийетти тутқынға алып,
Эдомлыларға сатып жиберди.
10Соның ушын, Тир қаласының дийўалларына от жаўдыраман,
От жандырып жоқ етеди оның қорған қалаларын».

Эдом

11Жаратқан Ийе былай дейди:
«Эдом жынаят үстине жынаят иследи,
Мен жазасыз қалдырмайман оларды.
Олар қылыш пенен қуўды туўысқанларын,
Реҳим қылмай, қәҳәрин шексиз шашты,
Ғәзебинен ҳеш қайтпады.
12Соның ушын, Теманға от жаўдыраман,
От жандырып, жоқ етеди Босраның қорғанларын».

Аммон

13Жаратқан Ийе былай дейди:
«Аммон жынаят үстине жынаят иследи,
Мен жазасыз қалдырмайман оларды.
Олар жер шегарасын кеңейтиў ушын Гиладқа ҳүжим қылып,
Ол жердеги жүкли ҳаяллардың қарнын жарды.
14Соның ушын, Рабба қаласының дийўалларына от қояман,
От жандырып, жоқ қылады оның қорған қалаларын.
Саўаш күниндеги қышқырықлар астында,
Даўыллы күнниң дүбелейи ишинде қалады.
15Аммон патшасы хызметшилери менен бирге сүргин етиледи».
Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
Copyright information for KaaIBT22C