Amos 2
Моаб
1Жаратқан Ийе былай дейди:«Моаб жынаят үстине жынаят иследи,
Мен жазасыз қалдырмайман оларды.
Олар Эдом патшасының сүйеклерин,
Ҳәк күйдиргендей етип жағып жиберди.
2Соның ушын, Моабқа от жаўдыраман,
От жандырып, жоқ етеди Керийот қорған қаласын.
Шаўқым, саўаш дабыллары ҳәм кәрнай сеслери астында,
Моаб халқы қырылып кетеди.
3Оның ҳүкимдарын жоқ қыламан,
Ҳәмелдары менен бирге барлық хызметшилерин өлтиремен».
Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
Яҳуданың жазаланыўы
4Жаратқан Ийе былай дейди:«Яҳуда жынаят үстине жынаят иследи,
Жазасыз қалдырмайман оларды.
Жаратқан Ийениң, Мениң нызамларымнан олар бас тартты,
Қағыйдаларымды орынламады.
Ата-бабалары сыяқлы жалған қудайларға ерип,
Туўры жолдан азғырылды.
5Соның ушын, Яҳудаға от жаўдыраман,
От жандырып жоқ етеди Ерусалим қорған қаласын».
Израилдың жазаланыўы
6Жаратқан Ийе былай дейди:«Израил жынаят үстине жынаят иследи,
Жазасыз қалдырмайман оларды.
Айыпсыз адамды пулға сатты,
Кәмбағалды бир жуп аяқ кийимге алмастырды.
7Олар жарлының басын топыраққа былғап, аяқ асты қылды,
Бийшараға жол бермей, шетке шығарып таслады,
Әкеси менен баласы бир қыз бенен жатып,
Мениң мухаддес атыма тил тийгизди.
8Ҳәр бир қурбанлық орынның қасында,
Гиреўге алған кийимлерди жайып, үстинде жатады.
Жәрийма қылып төлеткен шарапты,
Өзлериниң Қудайының Үйинде ишеди.
9Өз халқым ушын Мен амор халқын жоқ қылдым.
Олар кедр ағашындай узын,
Емен ағашындай беккем болса да,
Шақаларындағы мийўелерин,
Жердеги тамырларын қурттым.
10Сизлерди Мысыр жеринен Мен алып шықтым,
Амор халқының жерлерин ийелесин деп,
Шөлде қырық жыл жетеледим.
11Улларыңыздан пайғамбарлар,
Жас жигитлериңизден Маған бағышланған нәзирлер тайынладым.
Солай емес пе, Израил халқы?
– дейди Жаратқан Ийе. –
12Сизлер нәзирлерге шарап иштирдиңиз,
„Пайғамбаршылық қылмаң!“– деп,
Пайғамбарларға буйрық бердиңиз.
13Аўыр жүк тийелген арба жерди езгениндей етип,
Мен сизлерди еземен.
14Сонда шаққанлар қашып қутыла алмайды,
Күшлилердиң күш-қуўаты қалмайды,
Жаўынгерлер өз жанын қутқара алмайды.
15Садақшы өз орнында тура алмайды,
Тез жуўыратуғынлар қаша алмайды,
Атлы өз жанын қутқара алмайды.
16Сол күни ең дәў жүрек жаўынгер де,
Өз қурал-жарақларын таслап қашады».
Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
Copyright information for
KaaIBT22C