‏ Amos 3

1Ҳәй, Израил халқы, Жаратқан Ийениң сөзлерине қулақ салың.
Ол сизлерге, Мысырдан Өзи алып шыққан барлық урыўыңызға қарсы былай дейди:
2«Жер жүзиндеги барлық халықлар арасынан,
Тек ғана сизлерди таңлап алдым,
Сонлықтан сизлерди ҳәмме жынаятларыңыз ушын жазалайман».

Пайғамбардың ўазыйпасы

3Өз ара келисип алмай турып, еки адам бирге жолға шыға ма?
4Олжасы болмаса, тоғайда арыслан ақыра ма?
Услаған ҳеш нәрсеси болмаса, жыртқыш арыслан ининен даўыс шығара ма?
5Жердеги дузаққа жем қойылмаса,
Дузаққа қус түсе ме?
Дузаққа ҳеш нәрсе түспесе,
Дузақтың жиби тартыла ма?
6Қалада қәўипли жағдай себепли кәрнай шалынса,
Халықты қорқыныш баспай ма?
Жаратқан Ийе жибермесе,
Қалаға апат келе ме?
7Шынында, қулы пайғамбарларға Өз жобасын ашпай турып,
Қудай Ийе ҳеш нәрсе қылмайды.
8Арыслан ақырғанда, ким қорқпайды?
Қудай Ийе сөйлегенде,
Ким пайғамбаршылық қылмайды?

Самарияның ҳүким етилиўи

9Ашдод сарайларында жәриялаң,
Мысыр сарайларында да былай деп жәриялаң:
«Самария таўларында жыйналың,
Қаланың ишиндеги уллы тәртипсизликлерди,
Ондағы езиўшиликлерди көриң.
10Олар әдалатлықты қалай ислеўди билмейди,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Қорған қалаларында зулымлық ҳәм зорлық жыйнайды».

11Соның ушын, Қудай Ийе былай дейди:
«Душпан қоршап алмақта жериңди,
Күш-қуўаттан айырып сени,
Қорған қалаларыңды талан-тараж қылады».
12Жаратқан Ийе былай дейди:
«Бир шопан арысланның аўзынан қойдың еки туяғын,
Ямаса қулағының бир бөлегин алып қалғанындай,
Самарияда жасап атырған израиллылар да,
Төсегиниң бир шети ҳәм жуқа көрпеси менен ғана аман қалады.
13Қулақ салың ҳәм Яқыптың урпақларын ескертиң!»
Қудай Ийе, Әлемниң Қудайы былай дейди:
14«Жынаятлары себепли Мен Израилды жазалаған күни,
Бейт-Элдиң қурбанлық орынларын жоқ қыламан,
Кесилип жерге түседи қурбанлық орынның шақлары.
15Қысқы ҳәм жазғы сарайларды бузып таслайман,
Пил сүйеги менен безелген сарайлар ўайран қылынады,
Көп үйлер жоқ болады», – дейди Жаратқан Ийе.
Copyright information for KaaIBT22C