Amos 4
1Ҳәй, Самария таўындағы семиз сыйырлардай болған ҳаяллар,Қулақ салың мына сөзлерге:
Кәмбағалларды езесиз,
Жарлыларға жәбир бересиз,
Күйеўлериңизге: «Ишимлик алып келиң, ишемиз», – дейсиз.
2Қудай Ийе Өз мухаддеслиги ҳақы ант ишип, былай дейди:
«Мине, сизлерди шанышқы менен илдирип,
Қалғанларыңызды балықтай қармақ пенен сүйреп кететуғын күнлер келеди.
3Ҳәр бириңиз бузылған дийўал жарықларынан алып өтилип,
Ҳармонға ылақтырыласыз», – дейди Жаратқан Ийе.
Израил халқының Қудайға қайтып келмеўи
4«Бейт-Элге барып, гүна ислей бериң,Гилгалға кетип, гүнаңызды көбейтиң!
Азанда қурбанлықларыңызды усының,
Ҳәр үш күннен оннан бириңизди алып келиң.
5Ашытқы салынған шөректи миннетдаршылық садақасы етип жандырың,
Ықтыярлы садақаларыңызды ҳәммеге жәрия қылың.
Себеби усындай қылыўды хош көресиз, ҳәй Израил халқы», – дейди Қудай Ийе.
6«Соның ушын, барлық қалаларыңызға ашлық жибердим,
Жасап атырған ҳәр бир жериңизде нанға зар қылдым,
Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
7«Жыйын-теримге үш ай қалғанда,
Мен сизлерге жаўын жаўдырмай қойдым.
Бир қалаға жаўын жаўдырдым,
Екиншисине жаўдырмадым.
Бир атызға жаўын жаўды,
Басқасы жаўын жаўмағанлықтан қуўрап қалды.
8Еки-үш қаланың халқы суў ишиў ушын,
Басқа бир қалаға сүйретилип барса да,
Олардың шөли қанбады.
Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
9«Қайта-қайта егисликлериңизди қуўратып, оларға кеселлик жиберип жазаладым,
Шегирткелер бағларыңызды, жүзимзарларыңызды,
Және де, әнжир ҳәм зәйтүнлериңизди жеди.
Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
10«Мысырда ислегеним сыяқлы, ▼
Араңызға иллет жибердим,
Жигитлериңизди қылыш жүзинен өткердим,
Атларыңызды душпанларыңызға бердим,
Ордаңыздағы өлилердиң ийисине мурныңызды толтырдым.
Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
11«Қудайыңыз болған Мен Содом ҳәм Гомораны қыйратқанымдай, ▼
Сизлердиң айырымларыңызды қыйраттым,
Сизлер от ишинен шығарып алынған шала жанған ағаштай болдыңыз.
Сонда да, сизлер Маған қайтып келмедиңиз», – дейди Жаратқан Ийе.
12«Сонлықтан Израил, сени жазалайман,
Шынында, саған Мен усыны ислеймен,
Қудайыңның ҳүкимине таярлан, ҳәй Израил!»
13Өйткени таўларды қәлиплестирип, самалды жаратқан,
Ой-пикирлерин адамзатқа ашып берген,
Таң нурын қараңғылыққа айландырған Ол,
Дүньяның ең бийик жерлерин басып жүр,
Оның аты Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайыдур.
Copyright information for
KaaIBT22C