Amos 5
Израил халқы ушын айтылған толғаў
1Израил халқы, сизлер ҳаққында айтатуғын,Жоқлаў жырыма қулақ салың:
2«Қыз Израил жығылды,
Енди қайтып тура алмайды,
Ол жалғыз аўнап жатыр өз жеринде,
Оны турғызатуғын ҳеш ким жоқ».
3Қудай Ийе былай дейди:
«Қаладан Израил халқының мың жаўынгери шықса,
Жүз жаўынгери ғана аман қалады,
Қаладан жүз жаўынгери шықса,
Он жаўынгери ғана аман қалады».
Тәўбеге шақырыў
4Соның ушын, Жаратқан Ийе Израил халқына былай дейди:«Маған қайтың, сонда жасайсыз,
5Бейт-Элге бармаңлар, Гилгалға аяқ баспаңлар,
Беер-Шебаға өтип кетпеңлер,
Себеби Гилгал халқы сөзсиз сүргин етиледи,
Бейт-Эл ҳеш нәрсе болмай қалады».
6Жаратқан Ийени излең, сонда жасайсыз,
Болмаса, Ол Юсуптиң халқына ▼
▼ Юсуптиң халқы – арқа патшалық Израил нәзерде тутылған.
қарсы оттай лаўлайды,Бейт-Элди жағып жоқ қылады.
Жалынды өширетуғын ҳеш ким болмайды.
7Ҳәй, әдалатты ашшы жуўсанға айландырғанлар,
Ҳақлықты жерге урғанлар!
8Үркер ҳәм Орион жулдыз топарларын жаратқанның,
Түпсиз қараңғылықты таң нурына айландырып,
Күндизди түндей қараңғы қылғанның,
Теңиз суўларын шақырып,
Жер жүзине қуйғанның аты Жаратқан Ийедур.
9Ол күшлилерди жылдырымдай жығады,
Қорған қаланы жер менен жексен қылады.
10Сизлер қала дәрўазасындағы жыйында әдалатлы қазылардан жеркенесиз,
Ҳақыйқатты сөйлегенлерди жаман көресиз.
11Кәмбағалды езесиз,
Оған аўыр салық салып, бийдайын тартып аласыз,
Тастан жонып үй салсаңыз да, онда жасай алмайсыз.
Гөззал жүзимзар отырғызсаңыз да, оның шарабын ишпейсиз.
12Жынаятларыңыз сөзсиз көп,
Гүналарыңыз сансыз екенин билемен.
Ҳақ адамды жәбирлеп, пара аласыз,
Қала дәрўазасындағы ҳүким жыйналысы ўақтында,
Бийшараның ҳақын жейсиз!
13Соның ушын, сондай заманда,
Ақыллы адам үнсизлик сақлайды,
Себеби бул жаман замандур.
14Жаманлыққа емес, жақсылыққа умтылың,
Сонда сизлер жасайсыз,
Солай етип, өзлериңиз айтқандай,
Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы сизлер менен бирге болады.
15Жаманлықты жек көриң,
Жақсылықты сүйиң,
Қала дәрўазасындағы ҳүким жыйналысында әдалатты тиклең.
Мүмкин, Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы,
Юсуптиң халқынан аман қалғанларына реҳим қылар.
16Сонлықтан, Жаратқан Ийе,
Әлемниң Қудайы, Ийе былай дейди:
«Барлық майданларда халық зар жыласады,
Барлық көшелерде олар ўай-ўай салысады,
Дийханларды аза тутыў ушын,
Жоқлаў айтатуғынларды жылаў ушын шақырады.
17Барлық жүзимзарларда зар жылаў еситиледи,
Өйткени Мен араңыздан өтемен».
Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
Жаратқан Ийениң күни
18Жаратқан Ийениң күнин аңсап күтип атырғанлар, ҳәсирет шегесиз!Жаратқан Ийениң ҳүким күнин күтиўдиң не кереги бар?
Ол күн жақтылық емес, қараңғылық болады.
19Сол күни бир адам арысланнан қашса,
Алдынан айыў шыққандай болар,
Оннан да қашып, үйине аман қайтса,
Қолы менен дийўалға сүйенип турғанда,
Оны жылан шағып алғандай болар.
20Жаратқан Ийениң күни қараңғылық емес, жақтылық бола ма?
Ол қойыў қараңғылық, онда жақтылық жоқ.
21Жаратқан Ийе былай дейди:
«Байрамларыңызды жек көремен,
Олардан жеркенемен,
Хош көрмеймен мухаддес жыйналысларыңызды.
22Жандырылатуғын қурбанлық ҳәм ғәлле садақаларыңызды,
Маған усынсаңыз да, оларды қабыл етпеймен.
Семиртилген малларыңыздан татыўлық қурбанлықларын берсеңиз де,
Мен оларға нәзеримди де салмайман.
23Узақластырың Меннен шаўқымлы қосықларыңызды,
Тыңламайман арфа менен шерткен сазларыңызды.
24Оның орнына әдалат ағын суў сыяқлы,
Ҳақыйқатлық мәңги ағатуғын дәрьядай ағып турсын.
25Ҳәй, Израил халқы, шөлде қырық жыл даўамында,
Усынған қурбанлықлар ҳәм ғәлле садақаларыңыз Маған ба еди?
26Патша деп атаған Саккут бутын,
Жулдыз қудайы деп атаған Кайўан мүсинин,
Өзлериңиз ушын ислеп алған усы мүсинлерди алып жүресиз.
27Дамасктиң арғы жағына сизлерди және сүргин қыламан».
Булар Жаратқан Ийениң сөзлери,
Оның аты – Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы.
Copyright information for
KaaIBT22C