‏ Amos 6

Израилдың жазаланыўы

1Ҳәсирет шегесизлер, Сионда бийғам жасап атырғанлар,
Самария таўында өзлерин аманлық ишиндемиз, деп есаплағанлар!
Миллетлердиң абырайлы адамлары болып саналатуғынлар,
Израил халқы сизлерге арқа сүйеп келеди.
2Калне қаласына барың ҳәм көриң,
Ол жерден уллы Хаматқа өтиң,
Кейин филистлердиң Гат қаласына қарай түсиң.
Сизлердиң еки патшалығыңыздың,
Олардикинен артықмашлығы бар ма?
Олардың жерлери сизлердикинен үлкен бе еди?
3Апат күнин узақ санап,
Жаўызлықты жақынластырып атырғанлар,
4Пил сүйегинен соғылған кәтте жатқанлар,
Төсеклеринде созылып жамбаслағанлар,
Сүриўлердиң ишинен қозыларды,
Жайлаўдағы семиз таналарды жегенлер!
5Өзлериңизше Даўытқа уқсап қосықлар шығарып,
Арфа сазы астында қосықлар айтқанлар!
6Үлкен кеселер менен шарап ишип,
Майдың ең жақсысын үстине сүрткенлер,
Юсуптиң халқының қулаўына немқурайды қарағанлар!
7Сизлер биринши болып сүргинге әкетилесиз,
Жамбаслап өткизетуғын зыяпатларыңыз таўысылады.

8Қудай Ийе Өзи ҳақы ант ишеди,
Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы былай дейди:
«Яқыптың менменлигинен жеркенемен,
Оның қорған қалаларын жек көремен.
Қаланы ҳәм ишиндегилердиң ҳәммесин,
Душпанға тәслим қыламан».

9Егер бир үйде он адам қалса, олар да өледи. 10Марҳумның жақын ағайини жерлеў ушын өлини алыўға келгенде, үйдиң ишиндеги адамнан: «Қасыңда және биреў бар ма?» – деп сорайды. Ол: «Ҳеш ким жоқ», – деп жуўап береди. Кейин ағайини: «Тыныш, Жаратқан Ийениң атын тилге алмайық!» – дейди.

11Мине, Жаратқан Ийе буйрық берип атыр,
Үлкен үйлер бузып тасланады,
Кишкене үйлер жер менен жексен болады.

12Атлар жартас үстинде шаба ала ма?
Ким өгизди жегип, теңизди сүре алады?
Бирақ сизлер әдалатты зәҳәрге,
Ҳақлық мийўесин ашшы жуўсанға айландырдыңыз.
13Ло-Дебар қаласын қолға киргиздик, деп қуўанғанлар:
«Қарнайым қаласын өз күшимиз бенен басып алдық», – дейсиз.
14Бирақ Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы былай дейди:
«Мине, соның ушын, ҳәй Израил халқы,
Сизлерге қарсы бир халықты жиберемен,
Олар Лебо-Хаматтан Араба сайына дейин сизлерди езеди».
Copyright information for KaaIBT22C