Amos 8
Бир себет мийўе
1Қудай Ийе маған мынаны көрсетти: мине, бир себет пискен мийўе тур. 2Ол меннен: – Нени көрип турсаң, Амос? – деп сорады. – Бир себет пискен мийўени, – деп жуўап бердим. Соннан кейин, Жаратқан Ийе: – Халқым Израилдың ақыры келди. Енди оларды артық кеширмеймен. 3Сол күни ибадатханадағы қосықлар қайғылы жоқлаўға айланады. Ҳәмме жер өлилерге толады, үнсизлик сақлансын, – деди. Буны Қудай Ийе айтты. 4Қулақ салың, жарлыны езиўшилер,Елдеги кәмбағалларды жоқ еткенлер!
5Сизлер былай дейсиз:
«Жаңа ай байрамы өтиўден дәнимизди сатамыз,
Шаббат күни өтиўден бийдайымызды базарға шығарамыз.
Өлшем ыдысын киширейтип, өлшем тасын үлкейтемиз,
Тәрезиден урып, алыўшыларды алдаймыз.
6Жарлыларды гүмиске,
Кәмбағалларды бир жуп аяқ кийимге сатып аламыз,
Дәнниң орнына қаўық сатамыз».
7Яқыптың менменлигине қарсы Жаратқан Ийе ант ишип, былай дейди:
«Олардың қылмысларын ҳеш қашан умытпайман.
8Соның ушын, жер титирейди,
Онда жасайтуғынлардың ҳәммеси қайғыға батады.
Пүткил жер жүзи Нил дәрьясындай тасып, көтериледи,
Мысырдағы Нил дәрьясы сыяқлы қайтадан төменлейди».
9Қудай Ийе былай дейди:
«Сол күни, түсте қуяшты батыраман,
Күпә-күндиз жер жүзин қараңғылық пенен қаплайман.
10Байрамларыңызды қайғыға,
Барлық қосықларыңызды жоқлаўға айландыраман.
Ҳәр бириңизге аза кийим кийдиремен,
Басыңыздағы шашларыңызды алдыртаман.
Сол күни жалғыз улдан айырылғандай жоқлаў айтылып,
Шынында, ақыры ашшы қайғылы күн болады».
11Қудай Ийе былай дейди:
«Мынадай күнлер келеди,
Жер жүзине ашлық жиберемен.
Нан ҳәм суў қыткершилигинен емес,
Жаратқан Ийениң, Мениң сөзлеримди еситпегенликтен, аш қалады.
12Жаратқан Ийениң, Мениң сөзлеримди излеп,
Адамлар теңизден теңизге өтип,
Арқадан шығысқа барады.
Ол жақтан бул жаққа барып, сарсаң болады,
Бирақ оны таба алмайды.
13Сол күни гөззал қызлар ҳәм жас жигитлер,
Шөллеп ҳалдан таяды.
14Самарияның Ашима деген буты ҳақы ант ишип:
„Ҳәй, Дан, сениң қудайыңның тирилиги ҳақы,
Беер-Шебаға алып баратуғын зыярат жолы ҳақы“, – дейтуғынлар,
Жерге қулап, қайтып тура алмайды».
Copyright information for
KaaIBT22C