‏ Colossians 1

Сәлемнама

1Қудайдың қәлеўи менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, 2Колоса қаласындағы мухаддеслерге
Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
, яғный Масийхқа садық болған туўысқанларымызға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!

Павелдиң Қудайға шүкирлик билдириўи ҳәм дуўа етиўи

3Сизлер ушын дуўа еткенимизде, Ийемиз Ийса Масийхтың Әкеси – Қудайға бәрқулла шүкирлик билдиремиз. 4Себеби сизлердиң Масийх Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил мухаддеслерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситтик. 5Сизлердиң бул исенимиңиз ҳәм сүйиспеншилигиңиз аспанда сизлер ушын сақлаўлы турған үмитке негизленген. Сизлер усы үмит ҳаққында ең дәслеп ҳақыйқат сөзлерин, яғный Хош Хабарды еситкен ўақытта еситкенсизлер. 6Сизлерге жетип келген бул Хош Хабар пүткил дүнья бойлап адамларды жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. Сол сыяқлы, сизлер Қудайдың мийрими ҳаққында еситип, Оның ҳақыйқатын билип алған күниңизден баслап, Хош Хабар сизлерди де жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта.

7Сизлер Хош Хабар ҳаққында бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Эпафрастан тәлим алдыңлар. Усы Эпафрас – сизлер ушын мийнет етип атырған Масийхтың садық хызметшиси. 8Сизлердиң Мухаддес Руўхтан алған сүйиспеншилигиңиз ҳаққында да бизлерге ол билдирди.

Масийхтың Өзлиги ҳәм Оның хызмети

9Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Қудайдың қәлеўин пүткил руўхый даналық ҳәм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз. 10Бизлер және сизлердиң Ийемизге ылайықлы болып жасаўыңыз, Оны ҳәр тәреплеме ырза қылып, ҳәр бир жақсы исте жемис бериўиңиз ҳәм Қудайды билиўде өсип барыўыңыз ушын да дуўа етип атырмыз. 11 12Оның уллылығының қүдиретинен толық күш-қуўат алып, ҳәмме нәрсеге сабырлылық пенен шыдай алыўыңыз ушын ҳәм Қудай Әкемизге қуўаныш пенен шүкирлик ете алыўыңыз ушын да бизлер дуўа етип атырмыз. Қудай Әкемиз бизлерди нурдағы мухаддеслердиң мийрасына шерик болыўға миясар қылды. 13Қудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына көширди. 14Бизлер Қудайдың Улының қаны арқалы қутқарылдық, яғный гүналарымызға кеширим алдық.

15Қудайдың Улы болған Масийх көзге көринбейтуғын Қудайдың қандай екенин көрсетеди ҳәм Ол жаратылған ҳәмме нәрседен бурын бар болған. 16Өйткени аспандағы ҳәм жердеги көзге көринетуғын ҳәм көзге көринбейтуғын нәрселердиң ҳәммеси Масийх тәрепинен жаратылған: тахтлар, ҳүкимдарлықлар, ҳәкимшилик ҳәм бийликлер, ҳәмме нәрсе Ол арқалы ҳәм Ол ушын жаратылды. 17Масийх ҳәмме нәрседен бурын бар болған ҳәм ҳәмме нәрсе Ол себепли бар болып турыпты. 18Масийх – исениўшилер жәмәәтиниң, яғный Өз денесиниң басы ҳәм жәмәәттиң тийкары. Ол ҳәмме нәрседен жоқары болыў ушын, өлилер ишинен биринши болып тирилди. 19Себеби Қудай Өзиниң пүткил толылығының Онда болыўын мақул көрди. 20Масийхтың атанақ ағаштағы қаны арқалы тынышлық орнатып, Қудай Ол арқалы жер ҳәм аспандағылардың барлығын Өзи менен жарастырыўды қәледи.

21Сизлер бир ўақытлары жаман ис-ҳәрекетлериңиз себепли, кеўиллериңиз бенен Қудайға жат ҳәм душпан едиңлер. 22Енди болса, Қудай сизлерди Өзиниң алдында мухаддес, минсиз ҳәм айыпсыз қылып қойыў ушын, Масийхтың денесиниң өлими арқалы сизлерди Өзи менен жарастырды. 23Тек ғана исенимде бәрқулла турақлы ҳәм беккем болып, өзлериңиз еситкен Хош Хабардың үмитинен таймасаңыз болғаны. Мен, Павел, аспан астындағы пүткил адамзатқа жәрияланған усы Хош Хабардың хызметшиси болдым.

Павелдиң исениўшилер жәмәәтине қылған хызмети

24Ҳәзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Өйткени Масийхтың көрген қыйыншылықларының жетпеген мөлшерин Оның денеси болған исениўшилер жәмәәти ушын мен өз денем менен азап шегип толтырып атырман. 25Қудайдың маған берген тапсырмасы бойынша Оның сөзин сизлерге толық жеткизиў ушын, мен исениўшилер жәмәәтиниң хызметшиси болдым. 26Қудайдың Хош Хабары өткен әсирлер менен әўладларда жасырын тутылды. Бирақ енди усы сыр Оның мухаддеслерине аян болды. 27Бул сырдың басқа миллетлер ушын да қаншелли уллы ҳәм бай екенин Қудай Өз мухаддеслерине билдириўди уйғарды. Усы сыр – уллылыққа ерисиўге үмит беретуғын ишиңизде жасаўшы Масийх. 28Бизлер усы Масийх ҳаққында ҳәммеге жәриялап атырмыз. Масийх пенен қатнаста болған ҳәр бир адамды Қудайға жетилискен қылып усыныў ушын, бизлер ҳәр бир адамды ескертип, толық даналық пенен тәлим бермектемиз. 29Масийхтың қүдирети менен менде ҳәрекет етиўши күш бойынша, мен де бул мақсет ушын бар күшимди салып мийнет етпектемен.
Copyright information for KaaIBT22C