Colossians 2
1Мен сизлер ушын, сондай-ақ, Лаодикиядағылар ҳәм мени жүзбе-жүз көрмегенлердиң ҳәммеси ушын қаншелли ғайрат салып атырғанымды билиўиңизди қәлеймен. 2Мениң усы ғайрат салыўымның мақсети – сизлердиң кеўиллериңиз жубаныш таўып, сүйиспеншилик пенен бирлесиўиңизден ибарат. Солай етип, сизлер минсиз түсиниктен пайда болатуғын кәмил исеним менен, Қудайдың сыры болған Масийхты билип аласызлар. 3Масийхта ақыл-даналықтың пүткил ғәзийнеси жасырылған. 4Буны мен ҳеш кимниң сизлерди майлы тил менен алдап кетпеўи ушын айтып атырман. 5Себеби мениң өзим араңызда жоқ болсам да, руўхым сизлер менен бирге болып, араңыздағы тәртипти ҳәм Масийхқа деген исенимиңиздиң беккемлигин көрип, қуўанып атырман.Масийх пенен қатнаста болып жасаў
6Сонлықтан Масийх Ийсаны Ийемиз деп қабыл еткен болсаңыз, Оның менен тығыз қатнаста болып жасаңлар. 7Онда тамыр жайып ҳәм тикленип, өзлериңиз үйренгендей, исенимде беккемленип барыңлар ҳәм Қудайға сансыз шүкирлик билдириңлер. 8Сақ болыңлар! Масийхқа емес, ал адамлардың үрп-әдетлерине ҳәм бул дүньядағы мәниссиз қағыйдаларға тийкарланған философия, бос ҳәм өтирик сөзлер менен ҳеш ким сизлерди олжа етпесин. 9Өйткени қудайлық тәбияттың пүткил толылығы Масийхтың денесинде жасайды. 10Сизлер де ҳәр қандай ҳәкимшилик ҳәм бийликтиң басы Масийх пенен қатнаста болып, усы толылыққа еристиңиз. 11Сизлер Масийх пенен қатнаста болып, сүннет етилдиңиз. Бул сүннет адамның қолы менен қылынатуғын сүннет емес, ал Масийх тәрепинен исленген сүннет болып, усы арқалы гүнакар тәбиятыңыз кесип тасланады. 12Суўға шомылдырылғаныңызда Масийх пенен бирге көмилдиңлер ҳәм Оны өлимнен тирилткен Қудайдың күшине исенип, сол ўақытта Оның менен бирге тирилдиңлер. 13Сизлер гүналарыңыз ҳәм гүнакар тәбиятыңыздың сүннетсизлиги себепли өли едиңлер, бирақ Қудай сизлерди Масийх пенен бирге тирилтти. Ол барлық гүналарымызды кеширди. 14Мухаддес Нызам талаплары бойынша бизлерге қарсы айып тағып, ҳүким белгилейтуғын ҳүжжетти Қудай өширди ҳәм оны атанақ ағашқа шегелеп, жоқ қылды. 15Ол руўхый ҳәкимлер менен бийлеўшилерди қуралсызландырды. Оларды Масийхтың атанақ ағаштағы өлими арқалы жеңип, көпшиликтиң көз алдында масқара етти. 16Солай етип, жейтуғын ҳәм ишетуғын нәрселерге, байрамға, жаңа айға ямаса Шаббат күнине байланыслы ҳеш ким сизлерди ҳүким етпесин. 17Булар тек келиўи тийис нәрсениң көлеңкеси, ал ҳақыйқатлық болса Масийхта. 18Жалған кишипейилликтен ҳәм периштелерге сыйыныўдан ләззет алатуғын ҳеш ким сизлерди сыйыңыздан айырмасын. Олар тек өзлери көрген аянларға ғана берилип, өз гүнакар тәбиятының ақылы менен себепсиз көкирек көтереди. 19Бундайлар исениўшилер жәмәәтиниң басы болған Масийх пенен байланысты үзген. Әне усы бастан пүткил дене буўын ҳәм сиңирдиң жәрдеми менен күш алып ҳәм бирлесип, Қудайдың қәлеген жолы менен өсип барады.Масийх пенен болған жаңа өмир
20– 21Егер сизлер Масийх пенен бирге өлип, бул дүньяның мәниссиз қағыйдаларынан қутылған болсаңлар, онда неге бул дүньяға тийисли адамлар сыяқлы: «Услама», «Жеме» ҳәм «Қол тийгизбе» деген қағыйдаларға қулақ асасыз? 22Бундай қағыйдалардың ҳәммеси қолланыў арқалы жоқ болатуғын нәрселерге байланыслы болып, адамлардың буйрық ҳәм тәлиматларына тийкарланған. 23Аўа, бул қағыйдалар жалған диндарлық, жалған кишипейиллик ҳәм денени қыйнаў бойынша ақыллыдай болып көринеди. Бирақ гүнакар тәбияттың қәлеўлерин жүўенлеўде олардың ҳеш қандай пайдасы жоқ.
Copyright information for
KaaIBT22C