Colossians 3
1Солай етип, Масийх пенен бирге тирилген болсаңыз, онда аспандағы нәрселерди излеңлер. Масийх сол жерде, Қудайдың оң жағында отырыпты ▼. 2Жердеги емес, ал аспандағы нәрселерди ойлаңлар. 3Себеби сизлер бул дүнья ушын өлгенсизлер ҳәм жаңа өмириңиз Масийх пенен бирге Қудайда жасырылған. 4Өмириңиз болған Масийх келгенде, сизлер де Оның менен бирге салтанат пенен көринесиз. 5Сонлықтан өзлериңиздеги жерге тийисли болған жаман әдетлерди: бузықшылықты, ҳарамылықты, нәпсиқумарлықты, жаман қәлеўлерди ҳәм нәпсиқаўлық болған бутпаразлықты жоқ қылыңлар. 6Булар себепли, сөзге қулақ аспайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди. 7Бурын сизлер де усындай адамлардың арасында жасағаныңызда, сондай ис-ҳәрекетлерди иследиңлер. 8Бирақ енди ҳәммесин: ашыў, ғәзеп ҳәм жек көриўшиликти қойыңлар. Аўзыңыздан ҳеш қандай өсек ҳәм сөгис сөз шықпасын. 9Бир-бириңизге өтирик сөйлемеңлер. Өйткени сизлер ески тәбиятыңызды оның жаман ислери менен таслап, 10жаңа тәбиятқа бөлендиңлер. Бул жаңа тәбиятқа ийе адам Қудайды толық билиў ушын, өз Жаратыўшысына уқсап барады. 11Солай етип, жаңа тәбиятқа ийе адамлар арасында грек ҳәм яҳудий, сүннетли ҳәм сүннетсиз, варвар ▼▼ Варвар – сол заманларда грек тилин билмейтуғын адамлар усылай деп аталған. Бул сөздиң мәниси «жат адам» дегенди аңлатады.
ҳәм скиф ▼▼ Скиф – әййемде Қара теңиздиң арқа-шығысында жасаған көшпели халық. Бул халық сол заманларда саўатсыз ҳәм жабайы халық болып саналған.
, қул ҳәм азат адам болып бөлиниў жоқ. Ал ең әҳмийетлиси, ҳәмме исениўшилерде жасайтуғын тек Масийх ғана бар. 12Қудайдың таңлап алған мухаддес ҳәм сүйикли адамлары сыпатында реҳимлилик, жақсылық, кишипейиллик, мүләйимлилик ҳәм сабырлылық пенен жасаңлар. 13Бир-бириңизге шыдамлы ҳәм кеширимли болыңлар. Егер ким де ким биреўден өкпели болса, Ийемиздиң сизлерди кеширгени сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер. 14Булардың ҳәммесине қосымша сүйиспеншилик пенен жасаңлар. Ол минсиз бирликке еристиреди. 15Жүреклериңизде Масийхтың тынышлығы ҳүкимдарлық етсин. Сизлер бир денениң мүшелери болып, усы тынышлыққа шақырылдыңыз. Және де, шүкирлик билдириңлер. 16Масийхтың сөзи пүткил байлығы менен ишиңизде жасасын. Бир-бириңизге толық даналық пенен тәлим берип, ақыл-нәсият етиңлер. Қудайға шүкирлик билдирип, Оған Забур жырларын, алғыс-мақтаў қосықларын ҳәм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықларды шын жүректен айтыңлар. 17Сөзиңиз ямаса исиңиз бенен қылған ҳәр бир нәрсени Ийемиз Ийсаның аты ушын, Ол арқалы Әкемиз Қудайға шүкирлик етип ислеңлер. Хожалықтағы қатнасықлар ҳаққында
18Ҳәй ҳаяллар, күйеўлериңизге бойсыныңлар. Бул Ийемизге тийисли болған ҳаялларға минәсип. 19Ҳәй күйеўлер, ҳаялларыңызды сүйиңлер. Оларға қопал қатнаста болмаңлар. 20Ҳәй балалар, ҳәмме нәрседе ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби бул Ийемизге унайды. 21Ҳәй әкелер, руўхы түспеўи ушын, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. 22Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңызға ҳәмме нәрседе бойсыныңлар. Буны тек оларға жағыныў ушын көзабаға емес, ал Ийемизден қорқып, шын жүректен ислеңлер. 23– 24Ийемизден сыйлық ретинде мийрас алатуғыныңызды билип, не ислесеңиз де адамлар ушын емес, ал Ийемиз ушын ислеп атырғандай болып, шын жүректен ислеңлер. Өйткени сизлер Ийемиз Масийхқа хызмет етип атырсызлар. 25Наҳақ ис ислеген адамға наҳақлығына ылайық қайтарылады. Қудай ҳеш кимди айырмайды.
Copyright information for
KaaIBT22C