Colossians 4
1Ҳәй хожайынлар, аспанда сизлердиң де Ийеңиз бар екенин билип, қулларыңызға әдиллик ҳәм теңлик пенен қатнас жасаңлар.Ақыл-нәсиятлар
2Бәрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде шүкирлик билдирип, сергек болыңлар. 3Бизлер ушын да дуўа етиңлер: Масийхтың сыры ҳаққында Өз сөзин жәриялай алыўымыз ушын, Қудай бизлерге жол ашсын. Мен усы сыр ушын тутқындаман. 4Бул сырды тийисли түрде, түсиникли етип айта алыўым ушын да дуўа етиңлер. 5Ўақыттан жақсы пайдаланып, жәмәәттиң сыртындағы адамларға ақыллылық пенен қатнас жасаңлар. 6Сөзиңиз ҳәмме ўақытта жағымлы ҳәм дузлы болсын. Сонда сизлер ҳәр бир адамға қалай жуўап бериў кереклигин билип аласызлар.Соңғы сәлемнама
7Ийемизге мениң менен бирге хызмет ететуғын исенимли хызметши болған сүйикли туўысқанымыз Тихик мен туўралы ҳәмме хабарды сизлерге билдиреди. 8Мине, мен усы мақсет пенен оны сизлерге жиберип атырман. Ол ҳал-жағдайымызды билдирип, сизлердиң кеўиллериңизге жубаныш береди. 9Тихик пенен бирге жерлесиңиз, исенимли ҳәм сүйикли туўысқанымыз болған Онисимди де жиберип атырман. Олар сизлерге бул жерде болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында айтып береди. 10Мениң менен бирге қамақта отырған жолдасым Аристарх ҳәм Барнабаның аталас иниси Марк сизлерге сәлем айтып атыр. Сизлер Марк ҳаққында нусқаў алған едиңлер: егер ол сизлерге барса, оны қабыл етиңлер. 11Юстус деп аталатуғын Ешуа да сизлерге сәлем айтып атыр. Яҳудийлер ишинен тек усылар ғана мениң менен бирге Қудайдың Патшалығы ушын хызмет етпекте. Олар маған жубаныш болды. 12Масийх Ийсаның хызметшиси болған жерлесиңиз Эпафрас сизлерге сәлем айтып атыр. Сизлерди Қудайдың ҳәр бир еркине толық исенсин ҳәм минсиз адамлар болсын деп, ол сизлер ушын бар күши менен үзликсиз дуўа етип атыр. 13Сизлер ушын ҳәм Лаодикия менен Ҳиераполда болғанлар ушын, оның көп мийнет еткенине мен гүўаман. 14Сүйикли шыпакер Лука менен Димас та сизлерге сәлем айтып атыр. 15Лаодикиядағы туўысқанларға, Нимфаға ҳәм оның үйиндеги жәмәәтке сәлем айтыңлар. 16Бул хат араңызда оқылғаннан соң, оны Лаодикия жәмәәтинде де оқытың. Сизлер де Лаодикиядан келген хатты оқыңлар. 17Архипке мынаны айтып қойыңлар: «Ийемизден қабыл еткен хызметиңди орынлаўға инталы бол!» 18Мен, Павел, бул сәлемнаманы өз қолым менен жазып атырман. Мениң тутқынлығымды умытпаңлар. Қудайдың мийрими сизлерге яр болсын!
Copyright information for
KaaIBT22C