Daniel 1
Даниелдиң Бабилонға алып кетилиўи
1Яҳуда патшасы Еҳоякимниң патшалығының үшинши жылында Бабилония патшасы Набуходоносор Ерусалимге жүрис қылып, қаланы қамал қылды. 2Ийе Набуходоносордың Яҳуда патшасы Еҳоякимди тутқынға алыўына ҳәм Қудайдың Үйиндеги базы ыдысларды алып кетиўине жол қойды. Набуходоносор ыдысларды Бабилонияға алып барып, оларды өз қудайының ибадатханасының ғәзийнеханасына жайластырды. 3Бабилония патшасы сарайының бас хызметшиси Ашпеназға Израил халқынан алып келинген тутқынлардың ишинен патшаға ҳәм ақсүйеклердиң шаңарағына тийисли болған жас жигитлерди алып келиўди буйырды. 4Булар минсиз, келбетли, ҳәр тәреплеме ақыл-парасатлы, билимли, жақсы түсиникке ийе ҳәм патша сарайында хызмет етиўге ылайықлы болыўы керек еди. Және де Ашпеназ оларға калдейлердиң тилин ҳәм әдебиятын үйретиўи тийис еди. 5Патша олар ушын өз дастурханынан аўқат ҳәм шарап ажыратып қойды. Сол жас жигитлер үш жыл даўамында тәлим алғаннан кейин, патшаның алдында хызметке тайын болыўы керек еди. 6Таңланған жаслардың арасында Яҳуда урыўынан болған Даниел, Ханания, Мишаел ҳәм Азария бар еди. 7Сарайдың бас хызметшиси олардың атларын өзгертип, Даниелди Белтешассар, Хананияны Шадрах, Мишаелди Мешах, Азарияны болса Абед-Него деп атады. 8Даниел өзин ҳарамламаўды шешти ҳәм ол сарай бас хызметшисинен патша дастурханынан берилетуғын аўқат ҳәм шараптан әкелмеўди өтиниш қылды. 9Қудай Даниелдиң сарай бас хызметшисиниң кеўлинен шығыўына ҳәм реҳимине миясар болыўына жол қойды. 10Сарайдың бас хызметшиси Даниелге былай деди: – Яқ, сизлерге берилетуғын аўқат пенен ишимликлерди уллы мәртебели патшамыздың өзи белгилеп берди. Оның буйрықларынан бас тартыўдан қорқаман. Егер ол жүзиңиздиң көриниси басқа жас жигитлердиң жүзинен гөре солғын екенин көрсе, онда жанымды қәўип астына қойған боласыз. 11Даниел усы мәселе бойынша сарай бас хызметшиси тайынлаған сақшы менен сөйлести, себеби бул сақшы Даниел, Ханания, Мишаел ҳәм Азария ушын жуўапкер адам еди. Ол сақшыға былай деди: 12– Илтимас, қулларыңызға он күн даўамында жеўге палыз өнимлерин ҳәм ишиўге суў берип, сынап көриң. 13Кейин бизлердиң көринисимизди патша дастурханынан аўқат жеген жигитлердиң көриниси менен салыстырып көриң, усыдан кейин өз билгениңизди қылың. 14Солай етип, сақшы буған ыразы болып, оларды он күн даўамында сынап көрди. 15Он күн өткеннен кейин, олардың қәдди-қәўметлери толысып, патша дастурханынан берилген аўқатларды жеген жигитлерден әдеўир келбетли ҳәм толығырақ болып көринди. 16Солай етип, сол күннен баслап сақшы патша дастурханынан олар ушын алып келинген аўқатлар менен шарапларды былай қойып, оларға тек ғана палыз өнимлерин беретуғын болды. 17Қудай бул төрт жигитке ҳәр тәреплеме билим ҳәм әдебият пенен даналықты үйрениўде уқып берген еди. Оннан қала берсе, Даниел ҳәр түрли аян ҳәм түслерди жорыў қәбилетине ийе еди. 18Патша белгилеген мүддет тамам болғанда, сарай бас хызметшиси барлық жигитлерди Набуходоносордың алдына алып барды. 19Патша олар менен сөйлести ҳәм олардың арасынан Даниел, Ханания, Мишаел ҳәм Азарияға тең келетуғыны табылмады. Соның ушын, олар патшаның хызметине тайынланды. 20Патша қандай сораў бермесин, олардың даналығы, түсиниги пүткил патшалықтағы палкерлерден ҳәм порханлардан он есе үстин болып шықты. 21Патша Кирдиң патшалығының биринши жылына дейин Даниел сарайда хызмет етти.
Copyright information for
KaaIBT22C