‏ Daniel 10

Даниелдиң Тигр дәрьясының бойында көрген аяны

1Персия патшасы Кирдиң патшалығының үшинши жылында, Белтешассар деп аталған Даниелге бир аян келди. Келешекте жүз беретуғын күшли саўашқа байланыслы болған бул хабар ҳақыйқат. Даниел бул хабарды аян арқалы түсинди.

2Сол күнлери мен, Даниел үш ҳәпте аза тутып жүрдим. 3Үш ҳәпте даўамында ҳеш қандай тойымлы аўқат жемедим, гөш пенен шарапты аўзыма да алмадым ҳәм май сүртпедим. 4Биринши айдың жигирма төртинши күни мен уллы дәрьяның, яғный Тигр дәрьясының бойында турған едим. 5Сонда мен үстинде зығырдан тоқылған ақ кийими, белинде таза алтыннан исленген белбеўи бар биреўди көрдим. 6Оның денеси сары яқыт сыяқлы жарқырап, жүзи шақмақ жалынындай, көзлери шомдай болып жанып турған еди. Оның аяқ-қоллары жылтыр қоладай жылтырап, даўысы аламан халықтың даўысындай жаңғырып туратуғын еди.

7Аянды жалғыз мен көрдим. Жанымдағылар аянды көрмесе де, олардың зәррелери ушқаны соншелли, олар қашып, жасырынып алды. 8Сонда мен бир өзим қалдым. Сол уллы аянды көрип атырғанымда, ҳәлсизленип, жүзим қуўарып, диңкем де қалмаған еди. 9Сонда периштениң даўысын еситтим. Даўысты еситкенимде есимнен аўып, ет бетимнен жерге жығылдым. 10Сонда бир қол маған тийип, мени көтерип, қол ҳәм дизелериме турғызып қойды.

11Сол периште маған:

– Ҳәй, Даниел, сен Қудайдың сүйикли бендесисең. Қәне, тур! Саған айтатуғын сөзлериме жақсылап қулақ сал, өйткени ҳәзир мен сениң алдыңа жиберилгенмен.

Ол маған усы сөзлерди айтып атырғанда, мен қалтырап орнымнан турдым.

12Ол сөзин даўам етип, былай деди:

– Қорқпа, Даниел! Сен бул хабар ҳаққында түсиник алыўды нийет етип, Қудайыңның алдында өзиңди кишипейил тутқан күниңнен-ақ сениң дуўаң қабыл етилди. Дуўаларыңа жуўап бериў ушын алдыңа келдим.
13Бирақ Персия патшалығының ҳүкимдары жигирма бир күн даўамында маған қарсы турды. Мен Персия патшаларының ишинде жалғыз қалғанымда, бас периштелердиң бири Михаил маған жәрдемге келди. 14Мен саған келешекте халқыңның басына түсетуғын нәрселерди түсиндириў ушын келдим. Бул аян сол күнлер ҳаққында.

15Ол усы сөзлерди айтып атырғанда, мен басымды ийип, үнсиз турған едим. 16Соннан соң адам баласына уқсаған биреў еринлериме қолын тийгизди. Сонда мен де аўзымды ашып, алдымда турғанға былай дедим:

– Мырзам, бул аян мени қатты қыйнап жиберди, диңкем қурыды.
17Мендей бир қулың қалайынша мырзам менен сөйлесе алады? Ҳалым қалмаған, демим тығылып, зорға дем алып атырман.

18Сонда адам улына уқсаған сол биреў және бир мәрте қолын тийгизип, маған күш бағышлап, 19былай деди:

– Ҳәй, Қудайдың сүйикли бендеси, қорқпа! Саған тынышлық болсын! Күшли бол, аўа, күшли бол!

Ол маған сөйлеп атырғанда, маған күш-қуўат енип:

– Мырзам, сиз маған күш-қуўат бердиңиз, енди айта бериң, – дедим.

20Ол маған:

– Сениң алдыңа не ушын келгенимди билесең бе? Енди мен Персия патшалығының ҳүкимдары менен урысыўға қайтып бараман. Бирақ мен кеткеннен кейин, Грек патшалығының ҳүкимдары келеди.
21Бирақ дәслеп Ҳақыйқат китабында не жазылғанын саған айтып беремен. Оларға қарсы гүресте маған сизлердиң ҳүкимдарыңыз Михаил периштеден басқа ҳеш ким жәрдем бермейди, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C