‏ Daniel 11

1– Мидиялы Дарийдиң ҳүкимдарлығының биринши жылында, мен оған жәрдем берип, қорғаў ушын оның қасында турған едим.

Қубла ҳәм арқа патшалықлары

2– Енди мен саған ҳақыйқатты айтаман. Персия патшалығында және үш патша ҳүкимдарлық қылады. Бирақ төртинши патша басқаларына қарағанда байлығы айтарлықтай көп болып, байлығы арқалы күш арттырады ҳәм ҳәммени Грек патшалығына қарсы қозғайды.

3Кейин тахтқа күшли бир патша отырады, ол уллы ҳүкимдарлық пенен басқарып, қәлеген исин қылады. 4Деген менен, ол күш-қүдиретке толып тасқанда, патшалығы ыдырап, төртке бөлинип кетеди. Тахт оның зүрядына берилмейди ҳәм патшалықтың алдынғы күш-қүдирети оларда болмайды. Себеби оның патшалығы түп-тамыры менен жулып тасланып, оның зүрядынан болмаған басқа биреўлерге бериледи.

5Сол арада қубла патшасы күшейип кетеди, бирақ патшаның сәркәрдарларынан бири күшейип, патшаның салтанатынан гөре үлкенирек бир патшалыққа ҳүкимдарлық қылады. 6Бир неше жыл өткеннен соң, қубла патшасы арқа патшасы менен тынышлық келисимин дүзеди. Усы келисимди беккемлеў ушын, қубла патшасының қызы арқа патшасына барады. Деген менен, қубла патшасының қызы өз күшин жойтады ҳәм күшин сақлай алмайды. Қыз, оның менен бирге келген нөкерлери, баласы ҳәм оны қоллап қуўатлаған қолға тапсырылады.

7Бирақ қубла патшалығының тахтына қыздың ағайинлеринен бири отырады. Ол арқа патшалығының ләшкерлерине ҳүжим қылып, қорғанларын қолға алады ҳәм олардың үстинен жеңиске ериседи. 8Олардың мүсин қудайларын, қуйма бутларын, гүмис ҳәм алтыннан исленген қымбатбаҳа ыдысларын олжа қылып, Мысырға алып кетеди. Кейин бир неше жыл даўамында арқа патшасының тынышын бузбайды. 9Соңынан арқа патшасы қубла патшасына бастырып барады, бирақ артқа шегиниўге мәжбүр болып, өз елине қайтып кетеди.

10Кейин арқа патшалығының балалары урысқа таярланып, жүдә көп ләшкер жыйнайды. Ләшкерлер топан суўдай ағып, қубла патшалығының қорғанына ҳүжим қылады. 11Ғәзепке минген қубла патшасы арқа патшасы менен саўашқа түседи. Арқа патшасының сансыз ләшкерлери душпан қолына тәслим қылынады. 12Сансыз ләшкердиң үстинен жеңиске ерискен қубла патшасы тәкаббирленип кетеди ҳәм мың-мыңлаған әскерди өлтирсе де, оның жеңиси узаққа созылмайды. 13Себеби бир неше жылдан кейин арқа патшасы алдынғысынан да көп ҳәм жақсы қуралланған ләшкерлери менен қубла патшалығына және бастырып барады.

14Сол ўақытта көп адамлар қубла патшасына қарсы бас көтереди. Аян әмелге ассын, деп халқыңның арасындағы базы қозғалаңшылар да бас көтереди, бирақ табысқа ерисе алмайды. 15Сонда арқа патшасы келип, қорған қаланы қамал қылады, ишине кириў ушын дийўалға топырақ үйип, оны қолға алады. Қубла патшалығының ләшкерлери арқа патшалығының күшине қарсы тура алмайды, ҳәттеки, қубла патшалығының сайланды ләшкерлери де жаўдың ләшкерлериниң күшли ҳүжимин қайтара алмайды. 16Арқа патшасы қәлегенин ислейди, ҳеш бир адам оған қарсылық қылыўға жүрексинбейди. Ол гөззал Израил үлкесин қолға киргизип, оны ўайран етиў мүмкиншилигине ийе болады. 17Алдын арқа патшасы өз патшалығының бар күши менен қубла патшалығын басып алмақшы болады. Ол қубла патшалығын жер менен жексен қылыў мақсетинде оның патшасы менен келисим дүзип, оған қызын узатады. Бирақ арқа патшасының бул жобалары пуш болып, табысқа ерисе алмайды. 18Соннан соң арқа патшасы бурылып, теңиз бойындағы қалаларға ҳүжим қылып, көбисин қолға алады. Деген менен, бир сәркәрда бул тәкаббир патшаны тоқтатып, оның қылмысларына жараса жазасын береди. 19Сонда арқа патшасы шегинип, өз елиндеги қорғанларға қайтады ҳәм жолда жеңилиске ушырап, изсиз жоқ болады.

20Оның орнына арқа тахтына басқа бир патша отырады. Ғәзийнесин толтырмақшы болған бул патша салықшысын жиберип, адамларға көп салық салады. Бирақ қысқа ўақыт ишинде ол өледи. Оның өлими саўаштың ямаса биреўдиң қастыяншылығы нәтийжесинде жүз бермейди.

21Оның орнына тахтқа отырған патша оңбаған бир адам болады. Патша зүрядынан болмаған бул адам күтилмегенде ҳийлекерлик пенен арқа патшалығының тахтына отырып алады. 22Ол өзине қарсылық көрсеткен жүдә күшли әскерий орданы жоқ қылады. Ҳәттеки, келисим дүзген ҳүкимдарды да усы аўҳалға салады. 23Ол басқа халықлар менен келисим дүзип, ҳийлекерлик пенен ис тутады. Оған ергенлердиң саны аз болыўына қарамастан, оның күши барған сайын артып барады. 24Ол бай ўәлаятларға күтилмегенде бастырып барып, ата-бабалары ҳеш қашан қылмаған ислерге қол урады. Қолға киргизген олжа ҳәм мал-мүликлерди өзиниң изине ергенлерге бөлистирип береди. Қорғанларды қолға алыў жобаларын дүзеди, бирақ бул жағдай узаққа созылмайды.

25Ол күш-қүдиретин жыйнап, қубла патшасына үлкен бир ләшкер тартып барады. Қубла патшасы да оғада қүдиретли ҳәм күшли ләшкерлери менен урысқа шығады. Бирақ оған қарсы дүзилген ҳийлекерлик себепли артық қарсы тура алмайды. 26Қубла патшасының өз табақласлары оған сатқынлық қылады. Оның ордасы жеңилиске ушырап, көбиси қырылып қалады. 27Сол еки патшаның жүрегинде жаман нийет болады. Олар бир дастурханда отырып, бир-бирине өтирик сөйлейди. Бирақ буннан нәтийже шықпайды. Себеби белгиленген ўақыт еле келмеген еди. 28Арқа патшасы көп байлық пенен өз елине қайтып кетеди. Бирақ оның жүреги мухаддес келисимге қарсы болады. Жолда ол нийетин әмелге асырып, кейин өз елине қайтады.

29Белгиленген ўақытта арқа патшасы қубла патшалыққа және жүрис қылады, бирақ бул рет алдынғыдай болмайды. 30Батыстан келген кемелери оған қарсылық көрсетеди, руўхы түскен патша артқа шегинеди. Бирақ қайтып келгенде, ол ашыўын мухаддес келисим дүзген халықтан алады, мухаддес келисимнен бас тартқанларға болса жақсылық қылады. 31Оның ләшкерлери Мухаддес мәканның қорғанына бастырып кирип, Мухаддес орынды ҳарамлайды. Күнделикли қурбанлықларды тоқтатып, ўайран қылатуғын жеркенишли бир затты орнатады. 32Сол патша ҳийле менен келисимнен бас тартқанлардың кеўлин таўып, оларды өз тәрепине аўдырып алады. Ал Қудайға садық қалғанлар болса, бар күши менен оған қарсылық көрсетеди. 33Халықтың арасындағы дана жолбасшылар адамларға ақыллы нәсиятлар береди. Деген менен, бир қанша ўақытқа дейин олардың базылары қылыштан өледи, отта жандырылады, базылары зинданға тасланады, талан-тараж болады. 34Қуўғын ўақтында олар азғантай жәрдем алады. Көплер жағымпазлық пенен оларға қосылады. 35Қуўғын ўақтында бир неше дана адамлар азап шегеди. Усы арқалы ақырғы ўақытқа дейин олар усылайынша пәкленип, тазаланады. Себеби белгиленген ўақыт еле келмеген.

36Арқа патшасы кеўли қәлеген исти қылады. Ол өзин көкке көтерип, қудайлардан жоқары қояды. Қудайлардың Қудайына қарсы сөйлеп, тил тийгизеди. Қудайдың белгилеп қойған ғәзеп ўақты таўысылғанға дейин, ол табыслы болады. Деген менен, Қудай өз жобасын сөзсиз әмелге асырады. 37Ол ата-бабалары сыйынған қудайларды ҳәм ҳаяллар жақсы көрген қудайды менсинбейди. Ол өзин олардың ҳәммесинен жоқары қойып, бирде бир қудайды өз нәзерине илмейди. 38Булардың орнына қорғанларды қорғаўшы, деп аталған қудайды уллылайды. Ата-бабалары табынбаған бул қудайға алтын, гүмис, қымбат баҳалы таслар ҳәм қымбат сыйларды садақа қылып, ҳүрмет көрсетеди. 39Ол жат қудайдың жәрдеми менен қорғанларын қорғайды. Оны ҳақыйқый ҳүкимдар деп тән алғанларға ҳүрмет-иззет көрсетип, оларды көп адамлардың үстинен басшы етип қояды ҳәм оларға жерлерди саўға сыпатында бөлип береди.

40Заманның ақырында қубла патшасы оған ҳүжим қылады. Бирақ арқа патшасы саўаш арбалары, атлылары ҳәм көп кемелери менен оған қуйындай бастырып барып, жерлерди суў тасқыны сыяқлы жайпап өтеди. 41Ол гөззал Израил үлкесин де қолға алып, көплеген еллердиң басына жетеди. Деген менен, эдом, моаб ҳәм аммон халқының басшылары оның қолынан қашып қутылады. 42Ол басқа еллерге де қол салады, Мысыр да оннан қашып қутыла алмайды. 43Ол Мысырдың алтын, гүмис қазналарына ҳәм барлық байлықларына ийелик қылады. Ливиялылар менен хабашстанлылар да оған бағынышлы болады. 44Деген менен, шығыс ҳәм арқа тәрептен келген хабарлар оны таң қалдырады. Бул хабардан ғәзепленген патша жолға атланып, көп адамларды қырып таслайды. 45Кейин теңиз ҳәм гөззал мухаддес таў арасындағы жерлерге барып, сол жерге патшалық шатырларын тигеди. Бирақ ол сол жерде өледи, оған жәрдем беретуғын ҳеш ким болмайды.
Copyright information for KaaIBT22C