Daniel 4
1Мен, Набуходоносор өз үйимде – сарайымда тыныш, рәҳәтленип жасап атырған едим. 2Бирақ бир күни түнде қорқынышлы түс көрдим. Төсегимде жатқанымда, бул түс ҳәм аянлар мени қатты қорқынышқа салды. 3Түсимди маған жорып бериўи ушын Бабилонның барлық данышпанларын алдыма алып келиўди буйырдым. 4Алдыма келген палкерлерге, порханларға, данышпанларға ҳәм болжаўшыларға түсимди айтып бердим, бирақ олар оны жорый алмады. 5Ақырында аты мениң қудайымның аты менен аталған Белтешассар деген мухаддес қудайлардың руўхы менен толған Даниел алдыма келди. Мен оған түсимди айтып берип, былай дедим: 6– Ҳәй, Белтешассар, данышпанлардың басшысы, сенде мухаддес қудайлардың руўхы бар екенин ҳәм ҳәр бир сырды аша алатуғыныңды билемен. Көрген түсимди тыңлап, маған жорып бер. 7Төсегимде жатып, көрген аянларда дүньяның ортасында өсип турған жүдә үлкен бир теректи көрдим. 8Терек өсип барып, күшке толды ҳәм оның ушы аспанға жетти. Бул теректи дүньяның төрт тәрепинен көриўге болатуғын еди. 9Оның жапырақлары сулыў ҳәм пүткил дүньяны тәмийинлейтуғын мол мийўеси бар еди. Жабайы ҳайўанлар оның саясында пана таўып, көктеги қуслар шақаларына уя салып, жер жүзиндеги барлық тири жанлар оннан азықланатуғын еди. 10Төсегимде жатып, көрип атырған аянда, аспаннан мухаддес бир гүзетши түсип келди. 11Ол бәлент даўыс пенен былай деди: «Теректи кесип, шақаларын шаўып таслаңлар, жапырақларын үзип, мийўелерин шашып таслаңлар. Саясындағы ҳайўанларды қуўыңлар, шақаларындағы қусларды ушырып жибериңлер. 12Бирақ теректиң түбири менен тамырларына тиймеңлер, оны темир ҳәм қола менен шынжырлап, жабайы шөплердиң арасында қалдырыңлар. Ол аспаннан түскен шыққа шомылсын, жабайы ҳайўанлар менен жасап, несийбесин дала шөплеринен терип жесин. 13Оннан адамзат жүреги алып тасланып, ҳайўан жүреги берилсин. Ол жети мүддет ҳайўандай болып жасасын. 14Бул ҳүкимди гүзетшилер, қарарды мухаддеслер шығарды. Солай етип, ҳәр бир тири жан Қудай Тааланың адамзат патшалығының Ҳүкимдары екенин билсин. Ол патшалықты қәлеген адамына берер, ҳәттеки, қарапайым адамды тахтқа отырғызар». 15Мен, патша Набуходоносор усындай түс көрдим. Енди сен, Белтешассар маған оны жорып бер, себеби патшалығымдағы данышпанлардың ҳеш бири түсимди жорып бере алмады. Ал бул сениң қолыңнан келеди, өйткени сенде мухаддес қудайлардың руўхы бар.Даниелдиң түсти жорыўы
16Кейин Даниел, яғный Белтешассар бир неше ўақыт өзине келе алмай турды, ойлары оны қорқынышқа салған еди. Сонда патша оған: – Белтешассар, түсим де, оның жорылыўы да сени қорқынышқа салмасын, – деди. Сонда Белтешассар былай деп жуўап берди: – Мырзам, бул түс сизди жек көретуғынлардың, оның жорылыўы душпанларыңыздың басына түссин! 17Сиз уша басы аспанға тийип турған бийик ҳәм күшли бир теректи көрдиңиз. Бул терек соншелли үлкен болғанлықтан, оны дүньяның төрт тәрепинен көриўге болатуғын еди. 18Оның жапырақлары жүдә сулыў, пүткил дүньяны тәмийинлейтуғын мол мийўелери бар еди. Оның саясында жабайы ҳайўанлар жасап, көктеги қуслар шақаларына уя салған еди. 19Патшам, бул терек сиз боласыз. Сиз уллы ҳәм күшли болдыңыз. Уллылығыңыз көклерге жетип, ҳүкимдарлығыңыз пүткил жер жүзине жайылды. 20Сиз аспаннан түсип киятырған мухаддес гүзетшини де көрдиңиз. Ол: «Теректи кесип, жоқ қылыңлар. Бирақ оның түбири ҳәм тамырларына тиймеңлер, оларды темир ҳәм қола менен шынжырлап, жабайы шөплердиң арасына қалдырыңлар. Жети мүддет даўамында ол аспаннан түскен шыққа шомылып, жабайы ҳайўанлар менен бирге жасасын», – деди. 21Патшамыз, түстиң жорылыўы ҳәм Қудай Тааланың тақсырым болған сизге шығарған қарары мынадай: 22сиз адамлар жәмийетинен шығарылып, жабайы ҳайўанлардың арасында жасайсыз. Қудай Тааланың адамзат патшалығының жалғыз Ҳүкимдары екенин ҳәм Ол тахтты қәлеген адамына беретуғынын түсингениңизше жети мүддет даўамында малға уқсап от жеп, аспаннан түскен шыққа шомыласыз. 23Деген менен, теректиң түбири ҳәм тамырлары қалдырылсын! – деген буйрық мынаны аңлатады: Барлық ҳүкимдарлықтың аспандағы Қудайға тийисли екенин түсингениңизден кейин, патшалығыңыз қайта тикленеди. 24Сонлықтан тақсыр, сизден өтинемен, мәсләҳәтимди алыңыз: гүналарыңыздан бас тартып, туўры ислерди ислең, айып ислериңизден бас кешип, жарлыларға реҳим қылың. Сонда сизиң табыслы өмириңиз даўам етеди.Набуходоносордың түсиниң оңынан келиўи
25Булардың ҳәммеси патша Набуходоносордың басына түсти. 26Арадан он еки ай өткеннен соң, ол Бабилондағы сарайының там басына шығып жүрди. 27Сонда ол қалаға қарап: – Өзим қурдырған патша қаласы болған уллы Бабилонға қараңлар! Мен буны уллы салтанатым ушын өз қүдиретим менен қурдым, – деди. 28Ол бул сөзлерди айтып үлгерместен-ақ аспаннан бир даўыс келди: – Ҳәй, патша Набуходоносор, сөзиме қулақ сал! Ҳәзирден баслап, сен тахтыңнан түсирилдиң. 29Сен адамлар жәмийетинен айдалып, жабайы ҳайўанлар менен жасайсаң. Қудай Таала – адамзат патшалығының жалғыз Ҳүкимдары екенин ҳәм Ол тахтты қәлеген адамына беретуғынын түсинип жетпегениңше, жети мүддет даўамында малға уқсап от жеп жүресең. 30Набуходоносорға айтылған бул сөзлер сол ўақытта орынланды. Ол адамлар жәмийетинен айдалды ҳәм мал сыяқлы от жеп, аспаннан түскен шыққа шомылды. Шашлары бүркиттиң қанатларының узынлығындай, тырнақлары болса қустың тырнақларындай болып өсип кетти. 31Белгиленген мүддет тамамланғанда, мен, Набуходоносор көзлеримди көкке тиктим ҳәм сол ўақытта өзиме келдим. Қудай Таалаға алғыс-мақтаўлар айттым, мәңги өмир сүриўшини алғыслап, уллыладым:Оның ҳүкимдарлығы – мәңги ҳүкимдарлық,Оның патшалығы әўладтан-әўладқа даўам етер.
32Дүньяда жасап атырғанлар Оның алдында ҳеш нәрсе емес,
Ол аспандағы күшлердиң ҳәм дүньяда жасап атырғанлардың үстинен,
Өзиниң қәлеген ҳүкимин шығарар.
Ҳеш ким Оны тоқтата алмас,
Оған «Не қылып атырсаң?» – деп ҳеш ким айта алмас.
33Ес-ақылым қайтып келген ўақыттың өзинде, мениң патшалық мәртебем, абырайым ҳәм салтанатым қайта тикленди. Кеңесгөйлерим ҳәм ақсүйеклерим мени излеп келди. Мен қайтадан тахтқа отырдым, уллылығым болса, алдынғысынан да асып кетти. 34Енди мен, Набуходоносор Аспанның Патшасына алғыс-мақтаў айтаман, Оны алғыслап, уллылайман. Өйткени Оның барлық ислери ҳақыйқат ҳәм жоллары әдил. Тәкаббирлердиң көкирегин басыўға Оның күши жетеди.
Copyright information for
KaaIBT22C