Daniel 5
Патша Белшассардың берген зыяпаты
1Патша Белшассар өзиниң мың ақсүйеги ушын үлкен зыяпат берип, олар менен бирге шарап ишти. 2Шараптан мәс болған Белшассар Ерусалимдеги Ибадатханадан әкеси Набуходоносор алып келген алтын ҳәм гүмис кеселерди алып келиўди буйырды. Патша ақсүйеклери, ҳаяллары ҳәм тоқаллары менен сол кеселерден шарап ишпекши еди. 3Солай етип, Ерусалимдеги Ибадатханадан, яғный Қудайдың Үйинен алып келинген алтын ыдысларды алдырып, патшаның өзи, ақсүйеклери, ҳаяллары ҳәм тоқаллары сол ыдыслардан шарап ишти. 4Олар шараптан ишип, алтын, гүмис, қола, темир, ағаш ҳәм тастан исленген қудайларды алғыслады. 5Күтилмегенде, бир инсан қолы пайда болып, шыра қойғыштың қасындағы патша сарайының ҳәкленген дийўалына жаза баслады. Патша жазып атырған қолды көрди. 6Оны қорқыныш бийлеп алып, жүзи бозарып кетти ҳәм белинде қуўаты қалмай, дизелери қалтырай баслады. 7Патша даўыслап бақырып, порхан, данышпанлар ҳәм болжаўшыларды алып келиўди буйырды. Патша Бабилон данышпанларына: – Ким бул жазыўды оқып, оның мәнисин маған түсиндирип берсе, сол адамның үстине патшалық шапан кийгиземен, мойнына алтын шынжыр тағып, патшалықта үшинши ҳүкимдар етип тайынлайман, – деди. 8Патшаның барлық данышпанлары ишке кирип келди, бирақ олар жазыўды оқый алмады, оның мәнисин де түсиндирип бере алмады. 9Патша Белшассар қатты қорқынышқа түсип, жүзи бозарып кетти, ақсүйеклери болса сасқалақлап қалды. 10Сол ўақытта патша ҳәм ақсүйеклериниң даўысларын еситип, зыяпат болып атырған жерге келген патшаның анасы: – Мырзамыз патшаның өмири узақ болсын! Қорқпа, түриңиз де қуўармасын! 11Сизиң патшалығыңызда мухаддес қудайлардың руўхына толған бир адам бар. Әкеңниң дәўиринде бул адам ақыллы, зейинли ҳәм қудайлар сыяқлы дана деп тән алынған еди. Әкең патша Набуходоносор оны палкер, порхан, данышпан ҳәм болжаўшылардың басшысы етип тайынлаған еди. 12Патша Набуходоносор Белтешассар деп атаған сол Даниел түслерди жорыўда да, жумбақларды түсиндириўде де, машқалаларды шешиўде де ғайры тәбийғый руўхқа, билим ҳәм ақыл-парасатқа ийе. Патшам, Даниелди усы жерге алып келиўди буйыр, ол сизге мына жазыўдың мәнисин түсиндирип берсин, – деди. 13Солай етип, Даниел патшаның алдына алып келинди. Патша Даниелге былай деди: – Патша әкем Яҳудадан алып келген тутқынлар арасындағы Даниел сенбисең? 14Сени қудайлар руўхы менен толған, ақыллы, зейинли ҳәм дана деп еситтим. 15Мен данышпанларды ҳәм порханларды мына жазыўды оқып, мәнисин түсиндирип берсин, деп шақырттым. Деген менен, олардың биреўи де мәнисин айта алмады. 16Сениң жумбақларды шешип, оларды түсиндире алатуғыныңды еситтим. Егер сен ҳәзир бул жазыўды оқып, оның мәнисин түсиндире алсаң, мен сениң үстиңе патшалық шапан кийгиземен, мойныңа алтын шынжыр тағып, патшалықтағы үшинши ҳүкимдар етип тайынлайман. 17Даниел патшаға былай деп жуўап берди: – Саўғаларыңыз өзиңизде қала берсин, яки оларды басқа биреўге бериң. Мен бул жазыўды сонда да оқып, оның мәнисин түсиндирип беремен. 18Тақсыр, Қудай Таала әкеңиз Набуходоносорға патшалық, уллылық, даңқ ҳәм ҳүрмет берди. 19Қудай оған берген уллылығы себепли ҳәмме халықлар, миллетлер ҳәм ҳәр бир тилдеги адамлар әкеңизден қорқып қалтырайтуғын еди. Ол қәлегенин өлтирип, қәлегенин тири қалдыратуғын, қәлегенин мәртебеге көтерип, қәлегенин хор қылатуғын еди. 20Деген менен, ол тәкаббирленип, менмен болып кеткенликтен, патшалық тахттан түсирилип, барлық салтанатынан айырылған еди. 21Ол адамлар жәмийетинен шығарылып, ақылсыз ҳайўандай болып қалған еди. Әкеңиз адамзат патшалығының жалғыз ҳүкимдары Қудай Таала екенин ҳәм Ол тахтты қәлеген адамына беретуғынын түсингенше, жабайы ешеклер менен бирге жасап, мал сыяқлы от пенен азықланды ҳәм аспаннан түскен шыққа шомылды. 22Ал оның зүряды болған сиз, патша Белшассар, булардың ҳәммесинен хабарыңыз болса да, кишипейил болмадыңыз. 23Буның орнына сиз аспанның Ийесине қарсы бас көтердиңиз. Қудайдың Ибадатханасындағы ыдысларды алдырып, ақсүйеклериңиз, ҳаялларыңыз ҳәм тоқалларыңыз бенен шарап иштиңиз. Көрмейтуғын, еситпейтуғын, ҳеш нәрсени билмейтуғын гүмис, алтын, қола, темир, ағаш ҳәм тастан соғылған қудайларды алғысладыңыз. Бирақ өмириңизди ҳәм барлық жолларыңызды қолында услап турған Қудайды уллыламадыңыз. 24Соның ушын, Қудай қол жиберип, усы сөзлерди жаздырды. 25Бунда былай деп жазылған: «МЕНЕ, МЕНЕ, ТЕКЕЛ» ҳәм «ПАРСИН». 26Буның мәниси мынадан ибарат: МЕНЕ – Қудай сизиң ҳүкимдарлық күниңизди есаплап шығып, оның соңын белгиледи. 27ТЕКЕЛ – сиз тәрезиде тартылып, жеңил болып шықтыңыз. 28ПЕРЕС ▼▼ ПЕРЕС – 25-аяттағы ПАРСИН сөзиниң бирлик санда жазылыўы.
– патшалығыңыз бөлинип, Мидия ҳәм Персияға бериледи. 29Сонда Белшассардың берген буйрығы бойынша, Даниелге патшалық шапан кийдирилип, мойнына алтын шынжыр тағылды ҳәм ол патшалықтағы үшинши ҳүкимдар, деп жәрияланды. 30Сол күни түнде Бабилония патшасы Белшассар өлтирилди. 31Оның патшалығын алпыс еки жасар мидиялы Дарий ийеледи.
Copyright information for
KaaIBT22C