Daniel 6
Даниелдиң арысланлар турған шуқырға тасланыўы
1Патша Дарий пүткил патшалықтағы жерлерди 120 ўәлаятқа бөлип, ҳәр бир ўәлаят үстинен найып тайынлаўды шешти. 2Патшаға қыйын болмаўы ушын, найыплардан есап алып отыратуғын үш ўәзир тайынланды, олардың ишинде Даниел де бар еди. 3Даниел басқа ўәзирлер ҳәм найыпларға қарағанда өз исин жоқары дәрежеде алып баратуғын еди. Соның ушын, патша пүткил патшалыққа басқарыўшы етип, Даниелди тайынлаўды жобаластырып қойған еди. 4Сонда буны көре алмаған басқа ўәзирлер ҳәм найыплар Даниелди айыплаўға урынып, оның басқарыў ислеринен кемшилик табыўға ҳәрекет қылды. Бирақ оннан бирде бир қәте яки кемшилик таба алмады. Себеби Даниел садық еди. Оннан ҳеш қандай гүна да, айып та табылмады. 5Ақырында олар бир-бирине былай деди: «Оның Қудайының нызамына байланыслы бир нәрселер таппасақ, Даниелге қарсы басқа айып таба алмаймыз». 6Сонда ўәзирлер ҳәм найыплар патшаның алдына барып былай деди: – Патша Дарий, өмириңиз узақ болсын! 7Патшалықтағы барлық ўәзирлер, ҳүкимдарлар, найыплар, кеңесгөйлер ҳәм ҳәкимлер кеңесип, патшамыз, сизиң мынадай қатаң пәрман шығарыўыңызды мақул таптық: Отыз күн ишинде ким де ким сизден басқа адамға ямаса қудайға сыйынса, ямаса дуўа етсе, ол арысланлар турған шуқырға таслансын. 8Патша, пәрман шығарып, оны тастыйықлаң. Бул пәрман Мидия ҳәм Персия нызамларына муўапық өзгертилмейтуғын ҳәм бийкар етилмейтуғын болсын. 9Солай етип, патша Дарий пәрманды тастыйықлады. 10Даниел пәрманның тастыйықланғанын билсе де, үйине барып, терезелери Ерусалим тәрепке қарап ашылған жоқарғы бөлмесине шықты да, әдеттегидей күнине үш мәрте дизерлеп, Қудайға дуўа етти ҳәм Оны алғыслады. 11Оған қарсы тил бириктирген адамлар бир топар болып, үйине барды ҳәм Даниелдиң өз Қудайына дуўа етип, мийрим-шәпәәт сорап атырғанының үстинен шықты. 12Сонда олар патшаның алдына барып, шығарылған пәрман ҳаққында былай деп айта баслады: – Тақсыр! Сиз пәрман шығарып, ким де ким отыз күн ишинде сизден басқа бир қудайға ямаса адамға дуўа етсе, ол арысланлар турған шуқырға тасланады, деп тастыйықлаған жоқ па едиңиз? Патша: – Аўа, мен шығарған бул пәрман Мидия ҳәм Персия патшалығының нызамларына муўапық қатаң, өзгермейди, – деп жуўап берди. 13Олар патшаға былай деди: – Тақсыр Яҳуда тутқынларынан болған Даниел сизди де, сиз шығарған пәрманды да менсинбей, ол күнине үш мәрте өз Қудайына дуўа етип атыр, – деди. 14Патша буны еситип, қатты қәўетерге түсти. Ол Даниелди қутқарып қалыўды жүрегинде нийет етти. Ҳәттеки, күн батқанша қолынан келгенше оны қутқарыўға ҳәрекет қылды. 15Деген менен, Даниелге қарсы тил бириктиргенлер патшаның алдына келип: – Тақсыр, Мидия ҳәм Персия нызамларына муўапық, патша шығарған ҳәр бир буйрық ҳәм пәрман өзгертилмейтуғынын билесиз, – деди. 16Сонда патша Даниелди алып келип, арысланлар турған шуқырға таслаўды буйырды. Даниелдиң өзине болса: – Ҳәмме ўақытта өзиң хызмет етип келген сол Қудайың сени қутқарсын! – деди. 17Бир тас әкелинип шуқырдың аўзы жаўып қойылды. Даниелге байланыслы жағдай өзгертилмесин, деп патша өзиниң ҳәм ақсүйеклериниң мөр жүзиклери менен тасты мөрлеп қойды. 18Кейин патша өз сарайына қайтты. Оған кеўил көтеретуғын ҳеш нәрсе әкелинбеди ҳәм түнди ҳеш нәрсе жемей өткерди. Түни менен уйықламай шықты. 19Таң атыўдан патша орнынан турып, асығып-үсигип, арысланлар турған шуқырға қарай жүрип кетти. 20Ол шуқырға жақынлап барғаннан, муңлы даўыс пенен: – Ҳәй, тири Қудайдың қулы Даниел! Сен ҳәмме ўақытта хызмет етип жүрген Қудайың сени арысланлардан қутқара алды ма? – деди. 21Даниел: – Тақсыр, өмириңиз узақ болсын! 22Мениң Қудайым периштесин жиберип, арысланлардың аўзын жаўып қойды ҳәм арысланлар маған ҳеш қандай зыян тийгизбеди. Өйткени Қудайымның алдында гүнасыз болдым ҳәм сизиң алдыңызда да мен ҳеш қандай айып ис қылмадым, – деп жуўап берди. 23Сонда патшаның қуўанышы ишине сыймай, оны шуқырдан шығарыўды буйырды. Даниелди шуқырдан шығарған адамлар, оған ҳеш қандай зыян тиймегенин көрди, себеби Даниел өз Қудайына исенген еди. 24Патшаның буйрығы бойынша, Даниелди наҳақ қаралаған адамлар алып келинип, ҳаяллары ҳәм балалары менен бирге арысланлар турған шуқырға тасланды. Олар шуқырдың түбине жетпей атырып-ақ, арысланлар оларға тасланып, сүйеклерин сындырып, майдалап таслады. 25Соннан кейин, патша Дарий жер жүзиндеги барлық халықлар, миллетлер ҳәм ҳәр бир тилдеги адамларға былай деп хат жоллады: «Сизлерге тынышлық ҳәм берекет болсын! 26Мен мынадай пәрман шығараман: патшалығымдағы барлық адамлар Даниелдиң Қудайынан қорқып, қалтырасын, өйткени:Ол мәңги бар болған тири Қудайдур,Оның патшалығы ҳасла қуламас,
Ҳүкимдарлығы ҳеш қашан таўысылмас.
27Ол азат қылады ҳәм қутқарады,
Аспан менен жерде белги ҳәм кәраматлар көрсетеди,
Ол қутқарды Даниелди арысланлардың пәнжесинен».
28Солай етип, патша Дарий ҳәм Персия патшасы Кир ҳүкимдарлық жүргизген дәўирлерде Даниел табысқа еристи.
Copyright information for
KaaIBT22C