Daniel 7
Даниелдиң төрт мақлуқ ҳаққында көрген аяны
1Бабилония патшасы Белшассардың патшалығының биринши жылында Даниел төсегинде жатып, түсинде аянлар көрди. Сонда ол түсин жазып, 2былай деп баян қылды: Түнде көрген аянда аспанның төрт тәрепинен ескен күшли самал уллы теңизди толқынландырып атырған екен. 3Сол теңизден бир-бирине уқсамайтуғын үлкен төрт жыртқыш мақлуқ шықты. 4Бириншиси арысланға уқсайтуғын еди. Онда бүркиттиң қанатлары бар еди. Қандай да бир күштиң оның қанатларын жулып таслағанын ҳәм жерден көтерип, адамға уқсатып еки аяққа турғызып қойғанын көрдим. Сол мақлуққа адамның жүреги берилди. 5Екинши мақлуқ артқы аяқлары менен турған айыўға уқсайтуғын еди. Ол аўзына үш қабырға сүйекти тислеп алған еди. Оған: «Қәне, тойғаныңша гөш же», – деп айтылды. 6Соңынан қапланға уқсаған басқа бир мақлуқты көрдим. Оның арқасында қустың төрт қанаты бар еди ҳәм ол төрт баслы еди. Оған ҳүкимдарлық етиў ҳуқықы берилген еди. 7Соннан кейин, түр-түси қорқынышлы, айбатлы ҳәм жүдә күшли төртинши мақлуқты көрдим. Ол темир тислери менен барлығын шайнап, майдалап таслады. Ал қалдықларын болса, аяқлары менен басып езди. Ол алдынғы мақлуқларға уқсамайтуғын еди, оның он мүйизи бар еди. 8Мен усы мақлуқтың мүйизлерин тамаша қылып турғанымда, олардың арасынан өсип шығып атырған және бир кишкене мүйиз көрдим. Оған орын босатыў ушын, алдынғы он мүйизден үшеўи түби менен қопарылып түсти. Жаңа өсип шыққан мүйизде адамның көзине уқсаған көзлери ҳәм менменлик пенен сөйлейтуғын аўзы бар еди.Қудайдың ҳүкими
9Мен тахтлардың орын-орынларына қойылып, Әзелден Бар Болғанның өз орнына отырғанын көрдим. Оның кийими аппақ қардай, шашлары болса тап-таза мамықтай еди. Оның тахты жанып турған жалын, тахттың дөңгелеклери лаўлап турған от сыяқлы еди. 10Оның алдынан отлы бир дәрья ағып шықты. Мың-мыңлағанлар Оған хызмет етип, он мың – он мыңлағаны Оның алдында турды. Ҳүким басланды, китаплар ашылды. 11Менменлик пенен сөйлеп атырған сол кишкене мүйизге қарап турғанымда, сол төртинши мақлуқ көз алдымда өлтирилди ҳәм оның өлиги отқа тасланып, жоқ қылынды. 12Басқа мақлуқлардан болса ҳүкимдарлық тартып алынды, бирақ белгили бир ўақытқа дейин жасаўына рухсат берилди. 13Түнде көрген сол аянымда мен аспан бултларында киятырған адам улына уқсаған биреўди көрдим. Ол Әзелден Бар Болғанның алдына апарылды. 14Оған ҳүкимдарлық, уллылық ҳәм патшалық берилди. Барлық халықлар, миллетлер ҳәм ҳәр бир тилдеги адамлар оған хызмет етти. Оның бийлиги таўысылмайтуғын, мәңги ҳүкимдарлық, патшалығы ҳеш қашан қуламайтуғын патшалықдур.Аянның мәниси
15Даниел, яғный мен ишимнен руўхый қатты тынышсызландым ҳәм көрген аяным мени қәўетерге салды. 16Мен сол жерде турғанлардың бирине жақынлап, булардың ҳәммесиниң ҳақыйқый мәнисин айтып бериўин сорадым. Ол маған аянның мәнисин ашып, былай деп түсиндирип берди: 17– Бул төрт үлкен мақлуқ – жер жүзинде пайда болатуғын төрт патша. 18Бирақ Қудай Тааланың мухаддеслери патшалықты қолға алып, олар шексиз, мәңги ҳүкимдарлық қылады. 19Сонда төртинши мақлуқ туўралы шын мәнисин билиўди қәлеген едим, өйткени ол басқа мақлуқлардан айрықша ҳәм қатты қорқынышлы еди. Темир тислери ҳәм қола тырнақлары бар бул мақлуқ барлығын шайнап майдалап, қалғанларын болса басып езетуғын еди. 20Оның басындағы он мүйиздиң ҳәм жаңа өсип шыққан мүйиздиң мәнисин билиўди қәледим. Сол мүйиз өсип шығып атырғанда, орнындағы үш мүйизди түсирип жиберген еди. Көзлери ҳәм менменлик пенен сөйлейтуғын аўзы бар бул мүйиз басқа мүйизлерге қарағанда көбирек күшке ийе болып көринетуғын еди. 21Мен тамаша қылып турғанымда, сол мүйиз мухаддес адамлар менен саўаш жүргизип, оларды жеңип атырған еди. 22Сонда Әзелден Бар Болған келип, Өзиниң мухаддеслери ушын әдил ҳүким шығарды. Қудайдың мухаддеслериниң патшалықты қолға алатуғын ўақты келген еди. 23Сәўбетлесим даўам етип былай деп түсиндирип берди: – Төртинши мақлуқ – бул жер жүзинде ҳүкимдарлық қылатуғын төртинши патшалықтың тымсалы. Бул патшалық басқа патшалықлардан айрықша болады. Ол пүткил дүньяны шайнап, езип майдалап таслайды. 24Мақлуқтың он мүйизи – патшалықты басқаратуғын он патша. Кейинирек жаңадан бир патша пайда болады. Бул патша алдынғы он патшадан айрықша болады ҳәм олардың арасынан үш патшаны тахттан түсирип таслайды. 25Ол Қудай Таалаға қарсы сөзлерди айтып, Оның мухаддеслерин езеди. Мухаддес байрамлар ҳәм нызамларды өзгертиўге ҳәрекет етеди. Қудайдың мухаддеслери бир мүддет, еки мүддет ҳәм ярым мүддет даўамында сол патшаның зулымлығы астында болады. 26Усы мүддетлер тамамланғанда, аспанда ҳүким жыйналысы басланады. Залым патша тахттан түсирилип, пүткиллей жоқ қылынады. 27Қудай Тааланың мухаддеслерине болса патшалық, ҳүкимдарлық ҳәм аспан астындағы барлық патшалықлардың уллылығы бериледи. Олардың патшалығы мәңги патшалық болады. Барлық ҳүкимдарлық оларға бойсынып, хызмет етеди. 28Көрген, еситкенлерим усылардан ибарат еди. Мен, Даниел бул түсимнен сондай қатты қәўетерленип, жүзим солғын тартып кеткен еди. Деген менен, булардың ҳәммесин ишимде сақладым.
Copyright information for
KaaIBT22C