Daniel 8
Қошқар ҳәм теке ҳаққындағы аян
1Биринши аяннан кейин, патша Белшассардың ҳүкимдарлығының үшинши жылында Даниелге, яғный маған және бир аян көринди. 2Бул аянда мен Элам ўәлаятының Суза қорған қаласында, Улай каналының бойында турған екенмен. 3Мен канал бойында бир қошқардың турғанын көрдим. Оның узын еки мүйизи бар еди. Оның мүйизиниң бири узынырақ, сол узын мүйизи екинши болып шыққан еди. 4Қошқар батыс, арқа ҳәм қубла тәреплерге өзин урып атырғанын көрдим. Ҳеш бир ҳайўан оған қарсы шыға алмайтуғын еди ҳәм оның қолынан ҳеш нәрсени қутқара алмайтуғын еди. Қошқар қәлегенин ислеп, өзин айбатлы қылып көрсетти. 5Буны тамаша қылып турғанымда, батыс тәрептен бир текениң пүткил жер жүзин аралап, туяқлары жерге тийместен киятырғанын көрдим. Оның көзлериниң ортасында бир үлкен мүйизи бар еди. 6Ол бар күши ҳәм ғәзеби менен мен көрген каналдың бойында турған еки мүйизли қошқарға қарай тасланды. 7Ғәзеп пенен қошқарды сүзип, оның мүйизлерин сындырғанын көрдим. Қошқардың текеге қарсы шығатуғын күши жоқ еди. Теке оны жерге қулатып, басқылап таслады, қошқарды оның қолынан қутқаратуғын ҳеш ким болмады. 8Теке қатты күшейип кетти, бирақ күш-қүдиретке толған ўақытта, оның үлкен мүйизи сынып түсти ҳәм оның орнына төрт тәрепке қайырылып, басқа үлкен төрт мүйиз өсип шықты. 9Сол мүйизлердиң биринен және бир кишкене мүйиз өсип шықты. Кейин ол үлкейип, қублаға, шығысқа ҳәм гөззал үлкеге қарай жайыла берди. 10Қүдирети көкке жеткен бул мүйиз аспан ләшкерлерине ҳүжим қылды. Аспан ләшкерлери болған жулдызлардың базыларын жерге түсирип, оларды басқылап таслады. 11Ҳәттеки, аспан ләшкерлериниң сәркәрдасын менсинбей, оған берилетуғын күнделикли қурбанлықларды тоқтатты. Мухаддес мәканды болса ўайран қылды. 12Жаўызлық себепли аспан ләшкерлери күнделикли қурбанлықлар менен бирге оған тапсырылды. Ҳақыйқатты аяқ асты қылған сол мүйиз ҳәр бир исинде табысқа ерисер еди. 13Кейин бир периштениң сөйлесип атырғанын еситип қалдым. Басқа бир периште оннан былай деп сорады: – Аяндағы бул жаўызлық күнделикли қурбанлықлардың орнын қашанға дейин ийелейди? Қашанға дейин Мухаддес орын ҳәм аспан ләшкерлери аяқ асты болады? 14Екинши периште маған былай деди: – Бундай аўҳал еки мың үш жүз күн ҳәм түн даўам етеди. Соннан кейин, Мухаддес орын пәкленип, алдынғы ҳалына қайтарылады.Периште Жабрайылдың аянды түсиндирип бериўи
15Мен, Даниел көрген аянның мәнисин түсиниў ушын, басымды қатырып турғанымда, күтилмегенде, алдымда адам сүлдериндеги биреў пайда болды. 16Сол ўақытта мен Улай каналынан: «Ҳәй, Жабрайыл, бул адамға аянның мәнисин түсиндирип бер», – деп айтқан адам даўысын еситтим. 17Жабрайыл мен турған жерге жақынласқанда, қорққанымнан ет бетимнен жерге жығылдым. Бирақ ол маған: – Ҳәй, инсан улы, бул ақырзаман ҳаққындағы аян екенин түсин, – деди. 18Ол сөйлеп атырғанда естен аўып, жерде созылып жатырған едим. Деген менен, ол қолын созып, мени аяққа турғызып қойды да, 19маған былай деди: – Қулақ сал, Қудай Өз ғәзебин жер жүзине шашыўды белгилеген ўақтында, нелер болатуғынын саған билдиремен. Себеби бул аян белгиленген ақырзаманға байланыслы. 20Сен көрген еки мүйизли қошқар – бул Мидия ҳәм Персия патшалары. 21Жүнли теке болса – Грек патшасы. Еки көзиниң ортасындағы үлкен мүйиз – Грек тахтына отыратуғын биринши патша. 22Сынып түскен мүйиздиң орнына шыққан төрт мүйиз – сол халықтан шығатуғын төрт патшалықты билдиреди. Тахтқа отырған төрт патша алдынғы патшаға қарағанда ҳәлсиз болады. 23Сол төрт патшаның ҳүкимдарлығының ақыры жақынлап, гүналары толып тасқанда, ҳийлекерликке шебер, айбат жүзли бир патша бас көтерип шығады. 24Ол жүдә күшейип кетеди, бирақ өз күши менен буған ериспейди. Ол ҳәмме нәрсени ўайран қылып, барлық ислеринде табысқа ериседи. Күшли басшыларды ҳәм мухаддес халықты қырып таслайды. 25Ол сумлығы менен ҳийлекерлиги арқалы табысқа ерисип, тәкаббирленип кетеди. Көп адамларды ескертип отырмай өлтиреди, ҳәттеки, ең уллы патшалардың Патшасына қарсы бас көтереди. Бирақ ол инсан қолы тиймей-ақ жоқ қылынады. 26Саған айтылған азанға ҳәм кешке байланыслы аян ҳақыйқат. Сен аянды сыр тут, өйткени бул узақ келешекке байланыслы. 27Усы ўақыядан соң, Даниелдиң, яғный мениң мәнисим қашып, бир неше күн аўырып жаттым. Соңынан орнымнан турып, патшаның хызметине қайттым. Деген менен, бул аян мени пүткиллей ҳаўлықтырып таслаған еди. Мен оның мәнисин түсинбеген едим.
Copyright information for
KaaIBT22C