Deuteronomy 1
Израиллылардың Хореб таўынан жолға шығыўы
1Муўса Иордан дәрьясының шығыс жағасындағы шөлде израиллыларға төмендеги сөзлерди айтты. Бул шөл Суфтың қарама-қарсысындағы Иордан тегислигиниң бир бөлегинде, Паран менен Тофел, Лабан, Хасерот ҳәм Дий-Заҳаб арасында жайласқан еди. 2Хоребтен таўлы Сеир жерине алып баратуғын жол менен жүргенде, Қадеш-Барнияға дейин он бир күнлик жол еди. 3Израил халқы Мысырдан шыққаннан кейин, қырқыншы жылдың он биринши айының биринши күни Муўса оларға Жаратқан Ийениң буйырған сөзлерин жәриялады. 4Буннан алдын Муўса Хешбонда ҳүкимдарлық қылған амор халқының патшасы Сихонды, Аштаротта ҳәм Эдрейде ҳүкимдарлық қылған Башан патшасы Огты жеңилиске ушыратқан еди. 5Муўса Иордан дәрьясының шығыс жағасындағы Моаб жеринде Жаратқан Ийениң нызамын былай деп түсиндире баслады: 6«Қудайымыз Жаратқан Ийе Хоребте бизлерге былай деди: „Бул таўда узақ ўақыт турып қалдыңыз. 7Қәнекей, жолға шығыңлар. Амор халқының таўлы жерине ҳәм сол жерге қоңсылас болған барлық еллерге: Иордан тегислигине, таўлы үлкеге, батыстағы таў етеклерине, Негебке ҳәм Жер Орта теңизиниң бойларына кирип барыңлар. Яғный, пүткил Қанан ели менен Лебанонға, және де, уллы Евфрат дәрьясына дейин барыңлар. 8Сол жерлерди сизлерге берип атырман. Барыңлар, ата-бабаларыңызға – Ибрайымға, Ысаққа, Яқыпқа ҳәм олардың әўладларына беремен деп ант ишкен жерлерди мүлик етип алыңлар“».Муўсаның қазыларды тайынлаўы
9«Сол ўақытта сизлерге былай деп айттым: „Сизлерди бир өзим жетелеп алып жүре алмайман, себеби сизлер мен ушын аўыр жүк боласызлар. 10Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди көбейтти. Мине, бүгинликте аспандағы жулдызлар сыяқлы сансыз болып, көбейдиңиз. 11Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе ўәде бергениндей, сизлерди еле де мың есе көбейтсин ҳәм жарылқасын! 12Бирақ сизлердиң аўыр жүклериңиз бенен даўларыңызды бир өзим қалайынша көтеремен? 13Енди ҳәр бир урыўдан дана, ақыллы ҳәм тәжирийбели адамларды таңлап алыңлар. Оларды сизлерге басшы етип тайынлайман“. 14Сизлер де буны жақсы деп мақулладыңыз. 15Сонда урыўларыңыздан дана ҳәм тәжирийбели болған адамларды сизлерге мыңбасы, жүзбасы, елиўбасы, онбасы ҳәм базыларын жәмийеттиң қадағалаўшылары етип тайынладым. 16Сол ўақытта тайынланған қазыларға былай деп буйырған едим: „Туўысқанларыңыздың арасындағы даўларға қулақ салың. Бир адамның израиллы туўысқаны менен ямаса келгинди бир адам менен болған даўларын әдиллик пенен шешиң. 17Ҳүким ўақтында бир тәреплилик қылмаң, бай адамға да, жарлы адамға да қулақ салың. Ҳеш кимнен қорқпаң, өйткени ҳүким Қудайдандур. Өзлериңиз шеше алмаған бир мәселе болса, маған алып келиң, оны өзим шешемен“. 18Сол ўақытта сизлерге ислеўиңиз керек болған ҳәр бир исти тапсырған едим».Халықтың жансызларды жибериўи
19«Соннан кейин, Қудайымыз Жаратқан Ийениң бизлерге буйырғанындай, бизлер Хореб таўынан шығып, амор халқының таўлы жерине баратуғын жолдан жүрип, өзлериңиз көрген кең ҳәм қорқынышлы шөл арқалы Қадеш-Барнияға бардық. 20Сол жерде мен сизлерге: „Мине, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге берип атырған амор халқының таўлы жерине жетип келдик. 21Қараңлар, Қудайыңыз Жаратқан Ийе усы жерлерди сизлерге берди. Қәне, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге айтқанындай, барып ол жерди мүлик етип алыңлар. Қорқпаңлар, қәўетерге түспеңлер“, – дедим. 22Ал сизлер ҳәммеңиз маған келип, былай дедиңлер: „Елди аралап, көзден өткерип шығыў ушын, алдымыздан жансызларды жиберейик. Олар қайсы жолдан баратуғынымызды ҳәм баратуғын сол қалалар ҳаққында хабар алып келсин“. 23Бул пикир маған да мақул болды. Солай етип, араңыздан он еки адамды, ҳәр бир урыўдан бир адамнан таңлап алдым. 24Олар таўлы үлкеге көтерилди ҳәм Эшкол сайына барып, елди аралап шықты. 25Қайтып киятырып, сол жердиң жетистирген мийўелеринен алып келди. Олар: „Қудайымыз Жаратқан Ийениң бизлерге берип атырған жери жақсы екен“, – деди. 26Деген менен, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрығына қарсы шығып, ол жерге барыўды қәлемедиңиз. 27Сонда өз шатырларыңызда тоңқылдап, былай дедиңиз: „Жаратқан Ийе бизлерди жек көреди. Ол бизлерди аморларға тәслим қылып, жоқ етиў ушын Мысырдан алып шықты. 28Ол жерге не ушын баратырмыз? Туўысқанларымыз ол жердеги халықтың бизлерден гөре жүдә күшли ҳәм бойлары да бәлент екенин айтып, руўхымызды түсирип жиберди. Олардың үлкен қалалары аспанға тийер дийўаллар менен қоршалған, ҳәттеки, ол жерде Анақ әўладынан шыққан дәў адамларды да көрген екен“. 29Сонда мен сизлерге былай дедим: „Олардан қорқпаңлар, қәўетерге де түспеңлер. 30Алдыңызда баратырған Қудайыңыз Жаратқан Ийе Мысырда урысқандай, сизлер ушын урысады. 31Қудайыңыз Жаратқан Ийе шөлде сизлерге ғамхорлық қылып келди. Ол әкениң өз баласын алып жүргениндей, сизлерди усы жерге дейин жол бойы көтерип келди. 32Сонда да сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге исенбей атырсыз. 33Ал Ол болса, шатырларыңызды қурыўға жер излеў ушын, жүретуғын жолыңызды көрсетип түнде от, күндиз булт ишинде алдыңызда жүрип келди“».Жаратқан Ийениң Израил халқын жазалаўы
34«Жаратқан Ийе сизлердиң сөзлериңизди еситип, ғәзепленди ҳәм ант ишип былай деди: 35„Ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен сол жақсы жерди усы жаман әўладтың ҳеш бири көрмейди. 36Сол жерди тек ғана Ефунне улы Калеб көреди. Аяқ басқан жерлерин оған ҳәм оның әўладына беремен. Өйткени ол пүткил жүреги менен Жаратқан Ийеге, яғный Маған садық қалды“. 37Жаратқан Ийе сизлер себепли маған да ғәзепленип, былай деди: „Сен де сол жерге кирмейсең. 38Бирақ жәрдемшиң Нун улы Ешуа ол жерге киреди. Оны жигерлендир. Израиллыларға жерди мүлик етип, алып беретуғын адам Ешуа болады. 39Сонда сизлер балаларымыз тутқын болады деп, айтқан едиңиз. Бүгинликте сол ақ пенен қараны айыра алмайтуғын балаларыңыз сол елге киреди. Елди оларға беремен, сол жерди олар мүлик етип, ийелейди. 40Ал сизлер артыңызға қайтыңлар, Қызыл теңизге баратуғын жолдан шөлге кетиңлер“. 41Сонда сизлер маған: „Бизлер Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследик. Қудайымыз Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша барып урысамыз“, – дедиңиз. Сизлер сол таўлы үлкени басып алыў аңсат болады, деп ойлап, ҳәр бириңиз қуралларыңызды алдыңыз. 42Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: „Оларға айт, урысыўға шықпасын. Себеби Мен сизлер менен бирге емеспен. Душпаныңыздан жеңилип қаласыз“. 43Сизлерди ескерткен едим, бирақ қулақ салмадыңыз. Жаратқан Ийениң буйрығына қарсы шықтыңыз. Сизлер менменликке берилип, урысыў ушын таўлы үлкеге шықтыңыз. 44Таўлы үлкеде жасайтуғын аморлар сизлерге қарсы шығып, олар пал ҳәррелердей болып, изиңизден қуўып, Сеирден Хорма қаласына дейин сизлерди тас-талқан қылды. 45Аман қалғанларыңыз қайтып келип, Жаратқан Ийениң алдында жыладыңыз. Бирақ Жаратқан Ийе дадыңызға қулақ салмады, сизлерге итибар да бермеди. 46Солай етип, узақ ўақытқа дейин Қадеште қалдыңыз».
Copyright information for
KaaIBT22C