‏ Deuteronomy 10

Муўсаның буйрықларды қайтадан алыўы

(Шығ 34:1-10)

1«Сол ўақытта, Жаратқан Ийе маған былай деди: „Бурынғы тасқа уқсаған еки тас жонып алып, Мениң алдыма, таўға шық. Және, ағаштан бир сандық исле. 2Мен усы тасларға алдын өзиң сындырып таслаған таслардағы буйрықларды жазаман. Кейин сен тасларды сандыққа салып қоясаң“.

3Солай етип, мен акация ағашынан бир сандық иследим. Бурынғы таслардай етип, еки тас жонып алдым. Соннан кейин, еки тасты алып, таўға шықтым. 4Таўда жыйналған күниңизде, Жаратқан Ийе от ишинен сизлерге айтқан он буйрықты алдынғыдай етип, сол еки тасқа және жазды да, оны маған берди. 5Мен таўдан төмен түсип, Жаратқан Ийе буйырғанындай, тасларды сандықтың ишине салып қойдым. Таслар ҳәзир де сол сандықтың ишинде турыпты».

6Израиллылар Беерот-Бене-Яақаннан шығып, Мосераға жүрип кетти. Харон сол жерде өлип, жерленди. Оның орнына баласы Элазар бас руўханий болды. 7Израиллылар ол жерден Гудгодаға, кейин болса, ағын суўлар үлкеси болған Иотбатаға барды. 8Сол ўақытта Жаратқан Ийе Келисим сандығын көтерип жүрсин ҳәм дәргайымда хызмет етип, Мениң атым менен адамларға ақ пәтия берсин, деп Лебий урыўын таңлап алған еди. Олар бүгин де усы хызметти орынлап киятыр. 9Соның ушын, лебийлилер туўысқанлары болған басқа урыўлар сыяқлы жерден үлес алмады. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң оларға берген ўәдеси бойынша Жаратқан Ийениң Өзи олардың ырысқы-несийбесин береди.

10«Мен алдынғыдай, таўда және қырық күн, қырық түн қалдым. Сонда Жаратқан Ийе және бир мәрте мениң жалбарыныўымды еситип, сизлерди өлтирмейтуғын болды. 11Соннан кейин, Ол: „Қәне, тур, бул халықты баслап бар. Оларды Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерге алып бар. Олар сол жерге барып, оны мүлик етип, ийелеп алсын“, – деди».

Қудайдың талаплары

12«Енди, ҳәй, Израил халқы, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерден бир нәрсени ғана талап қылады: Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқып, Оның жоллары менен жүриңлер, Оны сүйиңлер, шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен Оған хызмет етиңлер. 13Мен бүгин сизлерге берип атырған Жаратқан Ийениң буйрықларына ҳәм қағыйдаларына әмел қылыңлар, сонда абадан турмыс кеширесиз. 14Көклер де, көклердиң көклери де, жер жүзи ҳәм оның ишиндеги барлық та Қудайыңыз Жаратқан Ийеге тийислидур. 15Деген менен, Жаратқан Ийе сизлердиң ата-бабаларыңызды сүйди. Мине, Ол бүгин көрип турғаныңыздай, олардың урпағы болған сизлерди барлық халықлардың арасынан таңлап алды. 16Жүреклериңизди сүннет етиңлер, буннан былай қайсар болмаңлар. 17Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе, қудайлардың Қудайы, ийелердиң Ийесидур. Ол ҳеш кимге еки жүзлилик қылмайтуғын, ҳеш қандай пара алмайтуғын уллы, қүдиретли ҳәм айбатлы Қудайдур. 18Ол жетим-жесирлердиң ҳуқықын қорғайды, келгиндилерди сүйип, оларға аўқат ҳәм кийим береди. 19Сизлер де келгиндилерди сүйиўиңиз керек, өйткени өзлериңиз де Мысырда келгинди болған едиңиз. 20Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқып, тек ғана Оған хызмет етиңлер. Оған садық қалып, Оның аты менен ант ишиңлер. 21Ол сизлердиң даңқыңыздур. Өз көзиңиз бенен көрген сол уллы ҳәм таң қаларлық ислерди сизлер ушын ислеген Қудайыңыздур. 22Сизлердиң ата-бабаларыңыз Мысырға барғанда, олар бары-жоғы жетпис адам еди. Ал ҳәзир болса, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди аспандағы жулдызлар сыяқлы сансыз етип көбейтти».
Copyright information for KaaIBT22C