Deuteronomy 11
Жаратқан Ийениң уллылығы
1«Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиңлер. Оның тапсырмаларына, қағыйдаларына, нызамларына ҳәм буйрықларына ҳәмме ўақытта әмел қылыңлар. 2Бүгин мынаны есиңизде тутыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийениң тәрбиясын алып жасаған балаларыңыз емес, ал сизлер боласыз. Сизлер Оның уллылығын, күшли қолын созғанын, қүдиретин, 3Мысырда фараон ҳәм оның пүткил елине ислеген кәраматларын ҳәм белгилерин, 4Мысыр ләшкерлерине, атларына, саўаш арбаларына нелер ислегенин, мысырлылар сизлердиң изиңизден қуўғанда, оларды Қызыл теңиздиң астына қалай мантықтырып, оларды қалайынша толығы менен жоқ қылғанын көрдиңиз ▼. 5Усы жерге жетип келемен дегенше, Жаратқан Ийе сизлер ушын шөлде не ислегенин, 6Рубен урыўынан Элиабтың уллары Датан менен Абирамға не ислегенин билесиз. Пүткил Израил халқының көз алдында жер ашылып, оларды, шаңарақларын, шатырларын ҳәм оларға тийисли болғанлар менен барлық жаныўарларын жутып жиберди. 7Жаратқан Ийениң ислеген барлық уллы ислерин өз көзиңиз бенен көрдиңиз».Ўәде етилген елдиң берекетлери
8«Сонлықтан бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықлардың ҳәммесине әмел қылыңлар. Сонда сизлер күшли боласыз ҳәм Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етип алатуғын елди қолға киргизесиз. 9Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңызға ҳәм олардың урпақлары болған сизлерге беремен деп ант ишкен сүт ҳәм пал ағып турған жерде узақ өмир сүресиз. 10Сизлер мүлик етип, ийелеў ушын баратырған ел, өзлериңиз шығып келген Мысыр елиндей емес. Палыз атызын тәрбиялағандай, Мысырда туқым егип, аўыр мийнет пенен егинлериңизди суўғарар едиңлер. 11Бирақ сизлер мүлик етип, ийелеў ушын баратырған ел таў ҳәм ойпатлықлардан ибарат болып, оның жери жаўын менен суўғарылады. 12Бул жерге Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи ғамхорлық қылып, жыл басынан ақырына дейин ол жерди Өзи гүзетип турады. 13Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйип, шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен Оған хызмет етиў ушын, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларға жақсылап қулақ салсаңыз, 14Жаратқан Ийе жериңизге гүз ҳәм бәҳәр жаўынларын өз ўақтында жаўдырады. Солай етип, дәниңизди, таза шарабыңызды ҳәм зәйтүн майыңызды жыйнап аласыз. 15Жаратқан Ийе атызларыңызда малларыңыз ушын от-шөп өсиреди, сизлердиң наныңыз мол болады. 16Бирақ абайлы болыңлар! Және, азғырылып жолдан адаспаңлар. Басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынбаңлар. 17Болмаса, Жаратқан Ийе сизлерге ғәзепленип, аспанды жаўып таслайды ҳәм жаўын жаўмай, жер өз өнимин бермей қалады. Нәтийжеде, Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған жақсы елде тез қырылып, жоқ болып кетесиз. 18Мениң усы сөзлеримди ақыл-ойыңыз бенен жүрегиңизде сақлаңлар ҳәм қолыңызға белги қылып байлап, маңлайыңызға нышан қылып тағып қойыңлар. 19Буларды балаларыңызға үйретиң. Үйде отырғанда да, жолда жүргенде де, жатқанда да, турғанда да усылар туўралы айтып бериң. 20Үйиңиздеги есиктиң жақлаўларына, қалаларыңыздың дәрўазаларына жазып қойың. 21Солай етип, Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңызға беремен, деп ант ишкен елде сизлердиң де, балаларыңыздың да өмири узақ болсын ҳәм жердиң үстинде аспан қанша турса, сол жерде сонша жасаңлар. 22Мен бүгин сизлерге жеткерип атырған бул буйрықлардың ҳәммесин муқыятлы түрде орынласаңыз, Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйип, Оның жолларынан жүрсеңиз ҳәм Оған садық болсаңыз, 23Жаратқан Ийе бул халықлардың барлығын сизлердиң алдыңыздан қуўып жибереди. Сизлер өзлериңизден гөре, көбирек ҳәм күшлирек болған халықлардың жерлерин мүлик етип, ийелеп аласыз. 24Аяғыңыз тийген ҳәр бир жер сизлердики болады. Сизлердиң жер шегараларыңыз қубладағы шөлден арқадағы Лебанон таўларына, шығыстағы Евфрат дәрьясынан батыстағы теңизге дейин созылады. 25Сизлерге ҳеш ким қарсы тура алмайды. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге ўәде бергениндей, аяғыңызды басқан ҳәр бир жердеги адамларды сизлерден қорқып, титирейтуғын қылады. 26Мине, бүгин мен сизлерге таңлаўыңыз ушын, жарылқаў менен нәлетти усынып атырман. 27Егер де бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынсаңыз, онда жарылқаў аласыз. 28Бирақ егер де Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына қулақ салмай, өзлериңиз танымайтуғын басқа қудайлардың изинен кетип, сизлерге бүгин буйырған жолдан азғырылсаңыз, онда нәлетке ушырайсыз. 29Қудайыңыз Жаратқан Ийе мүлик етип берип атырған елге сизлерди алып киргеннен кейин, Гериззим таўында жарылқаўларды, Эбал таўында нәлетлерди жәриялаңлар. 30Бул еки таў Иордан дәрьясының батыс тәрепинде, усы дәрьяның тегислигинде жасайтуғын қананлылардың жеринде жайласқан. Олар Гилгалға жақын Морениң теребинф тереклиги қасында. 31Сизлер тез арада Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын елди мүлик етип, ийелеў ушын, Иордан дәрьясынан өтесиз. Ол жерди қолға киргизип, жайласып алғаннан кейин, 32мен бүгин сизлерге жеткерип атырған қағыйдалардың ҳәм нызамлардың биреўин де қалдырмай орынлаңлар».
Copyright information for
KaaIBT22C