Deuteronomy 12
Сыйыныў ушын тек ғана бир орын
1«Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде өмириңиз даўамында усы қағыйда ҳәм нызамларды муқыятлы түрде орынлаңлар. 2Сизлер жерлерин ийелейтуғын халықлардың бийик таўлардағы, төбешиклердеги ҳәм қойыў жапырақлы тереклердиң астындағы өз қудайларына табынатуғын орынларын бузып, пүткиллей жоқ қылыңлар. 3Олардың қурбанлық орынларын бузың, кийели тасларын сындырып таслаң, кийели ағашларын жағып жибериң ҳәм қудайларының мүсинлерин майдалап таслаң. Солай етип, олардың қудайларының атларын ол жерден жоқ қылыңлар. 4Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сол халықлардың табынғанындай етип сыйынбаңлар. 5Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын, урыўларыңыз арасында бир жерди таңлап алады. Сизлер сол жерге барып, Оған сыйыныңлар. 6Сизлер жандырылатуғын қурбанлықларыңызды, басқа қурбанлықларыңызды, оннан бирлериңизди, бағышлаған затларыңызды, ўәде етип атаған ҳәм ықтыярлы садақаларыңызды, ири ҳәм майда малларыңыздың биринши төллерин сол жерге алып барыңлар. 7Ол жерде сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында өз шаңарағыңыз бенен бирге ишип-жеп, Оның барлық ислериңизге берекет бергени ушын шадланыңлар. 8Бүгин бизлер усы жерде ислеп атырған ислеримизди сол жерде ислемеңлер. Бул жерде ҳәр ким өзи қәлегениндей сыйынып атыр. 9Өйткени сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мүлик етип берип атырған, тынышлыққа еристиретуғын жерине еле кирмедиңиз. 10Деген менен, тез арада сизлер Иордан дәрьясынан өтип, Қудайыңыз Жаратқан Ийе мүлик етип, сизлерге беретуғын жерге орналасып аласыз. Жаратқан Ийе сизлерди дөгерегиңиздеги барлық душпанларыңыздан қорғап, тынышлыққа бөлейди. Кейин сизлер қәўип-қәтерсиз өмир сүресиз. 11Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орналастырыў ушын, бир жерди таңлайды. Сонда мен сизлерге буйырған барлық жандырылатуғын қурбанлықларыңызды, басқа қурбанлықларыңызды, оннан бирлериңизди, бағышлаған затларыңызды ҳәм Жаратқан Ийеге ўәде етип атаған ең жақсы садақаларыңызды сол жерге алып барыңлар. 12Сол жерде улларыңыз, қызларыңыз, қулларыңыз ҳәм шорыларыңыз, және де, қалаларыңызда жасайтуғын лебийлилер менен Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында шадланыңлар. Өйткени сизлер сыяқлы, лебийлилердиң өзлерине тийисли жер үлеси жоқ. 13Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды дус келген жерде усыныўдан аўлақ болыңлар. 14Буларды тек Жаратқан Ийе урыўларыңыз арасынан таңлаған орында ғана усыныңлар. Мен сизлерге буйырғанлардың ҳәммесин сол жерде орынлаңлар. 15Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген берекетине жараса, жасап атырған ҳәр бир қалаңызда қәлегениңизше мал сойып, гөшин жеўиңизге болады. Адам ҳарам болсын, пәк болсын, жейран ямаса суўын гөшинен жегендей, бул гөштен жеўине болады. 16Бирақ сизлер малдың гөшин қаны менен бирге жемеңлер, оның қанын суўдай етип, жерге ағызып жибериңлер. 17Және де, дәнлериңиздиң, таза шарабыңыздың, зәйтүн майыңыздың оннан бирлерин, ири ҳәм майда малларыңыздың биринши төллерин, ўәде етип атаған ҳәм ықтыярлы садақаларыңызды ҳәм бағышлаған садақаларыңызды жасап атырған қалаларыңызда жемеңлер. 18Ал сизлер буларды ул-қызларыңыз, қулларыңыз, шорыларыңыз ҳәм қалаларыңызда жасап атырған лебийлилер менен бирге Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында, Оның таңлаған жеринде жеңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң барлық ислериңизге берекет бергенине шадланыўыңыз керек. 19Елиңизде жасаған ўақтыңызда, лебийлилерди умытып кетиўден аўлақ болыңлар. 20Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берген ўәдеси бойынша шегараңызды кеңейткенде, гөш жеўди қәлесеңиз, қәлеген ўақтыңызда гөш жеўиңизге болады. 21Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын таңлаған жер сизлер турған жерден узақ болса, мен буйырғандай, Жаратқан Ийе сизлерге берген ири ҳәм майда малларыңыздан сойып, өз қалаларыңызда қәлегениңизше гөш жеўиңизге болады. 22Ҳарам адам болса да, пәк адам болса да, жейран ямаса суўын гөшиндей, сол гөштен жеўине болады. 23– 24Бирақ оның гөшин қаны менен бирге жемеңлер. Себеби денеге жан беретуғын қандур. Гөш пенен бирге жан жемеңлер, қанды суўдай етип, жерге ағызып жибериңлер. 25Усылай ислесеңиз өзлериңиз де, әўладларыңыз да абадан турмыс кеширесиз. Солай етип, сизлер Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған исти қылған боласыз. 26Ал мухаддес қурбанлықларыңызды ҳәм усыған киретуғын ўәде етип атаған қурбанлықларыңызды болса, Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине алып барыўыңыз тийис. 27Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды, олардың гөшин ҳәм қанын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында усыныңлар. Басқа қурбанлықларыңыздың қаны Қудайыңыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнының қасына төгилсин, ал олардың гөшинен жеўиңизге болады. 28Мен сизлерге берип атырған бул буйрықлардың биреўин де қалдырмай орынлаңлар. Сонда өзлериңиз де, әўладларыңыз да ҳәмме ўақытта абадан турмыс кеширесиз. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң нәзеринде жақсы ҳәм дурыс болған исти ислеген боласыз».Басқа диний дәстүрлерден абайлы болыңлар
29«Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер жерлерин ийелейин деп атырған халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып, қырып таслайды. Кейин сизлер олардың жерлерин ийелеп, сол жерлерде жайласып аласыз. 30Сол халықларды жоқ қылғаныңыздан кейин, олардың диний дәстүрлерин ислеп, дузағына түсиўден абайлы болыңлар. Сизлер: „Бул халықлар қудайларына қалай табынған екен? Бизлер де сондай қылайық“, – деп олардың қудайлары ҳаққында сорастырмаңлар. 31Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге олардың табынғанындай етип, сыйынбаңлар. Себеби олар Жаратқан Ийе жек көретуғын ҳәр түрли жеркенишли ислерди ислейди. Ҳәттеки, ол халықлар қудайларына арнап, ул-қызларын отта жандырады. 32Мен сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин муқыятлы түрде орынлаңлар. Бул буйрықларға ҳеш нәрсе қоспаң да, алып тасламаң да».
Copyright information for
KaaIBT22C