Deuteronomy 13
Жалған қудайларға табынбаңлар
1«Егер сизлердиң араңыздан бир пайғамбар ямаса түсинде аян көретуғын биреў пайда болып, ол: „Бир нышан ямаса кәрамат көрсетемен“, – деп айтса, 2усы айтқан нышан ҳәм кәраматларды ислеп, кейин ол адам: „Келиңлер, сизлер танымаған басқа қудайлардың изине ерип, оларға хызмет қылайық“, – десе, 3сизлер сол пайғамбардың ямаса түсинде аян көриўшиниң сөзлерине қулақ салмаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өзин шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен сизлердиң сүйетуғыныңыз ямаса сүймейтуғыныңызды билиў ушын, сынап атырған болады. 4Сизлер тек ғана Қудайыңыз Жаратқан Ийениң изинен жүрип, Оннан қорқыңлар. Оның буйрықларына бойсынып, сөзлерине қулақ салыңлар. Жаратқан Ийеге хызмет етип, Оған садық қалыңлар. 5Ал сол пайғамбар ямаса түсинде аян көретуғын адам өлтирилиўи тийис. Себеби ол үгитлеп, Мысыр елинен алып шыққан, Мысырдағы қуллықтан азат еткен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сизлерди қарсы қоймақшы болды. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйырған жолынан шығарып, азғырмақшы болды. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар. 6Ҳәттеки, бир анадан туўылған туўысқаныңыз ямаса ул-қызыңыз, сүйген ҳаялыңыз ямаса ең жақын достыңыз сизлерди өзиңиз де, ата-бабаларыңыз да танымаған басқа қудайларға табыныўға қупыя түрде үгитлеўи мүмкин. 7Олардың бири сизлерди әтирапыңыздағы алыс-жақын жерде жасап атырған, дүньяның бир шетинен екинши шетине дейин жасайтуғын халықлардың қудайларына сыйыныўды үгитлеўи мүмкин. 8Бирақ сизлер буған ыразы болып, оған қулақ салмаңлар. Ондай адамға реҳимлилик көрсетпеңлер, оны қорғамаңлар. 9Ондай адамды сөзсиз өлтирип таслаңлар. Оны өлтириў ушын биринши болып сен қолыңды көтер, кейин пүткил халық қол көтерсин. 10Оны тас боран қылып өлтириңлер. Себеби ол сизлерди Мысыр елиндеги қуллықтан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийеден жүз бурдырып, азғырыўға ҳәрекет етти. 11Сонда пүткил Израил халқы бул ҳаққында еситип, қорқады. Буннан кейин, араңызда ҳеш ким усыған уқсаған жаўыз ис қылмайтуғын болады. 12Егер де Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге жасаўыңыз ушын берип атырған қалалардың биринде, 13жаман адамлар шығып: „Жүриңлер, өзлериңиз танымайтуғын басқа қудайларға табынайық“, – деп қала турғынларын азғырғанын еситсеңиз, 14онда олар ҳаққында сорастырып, жақсылап тексериң. Егер сол жеркенишли ўақыя шынында да жүз берген болса, еситкенлериңиз дәлилленсе, 15сол қаланың пүткил турғынларынан баслап, ҳайўанларына дейин қылыштан өткизиңлер. Сол қаланы ҳәм ондағы барлық затларды пүткиллей жоқ қылыңлар. 16Қаладан алынған олжалардың барлығын қала майданына жыйнаңлар. Қаланы ҳәм сол жердеги барлық олжаны Қудайыңыз Жаратқан Ийеге толығы менен жандырылатуғын қурбанлық етип жағып жибериңлер. Сол қала мәңгиге қарабақанаға айланған ҳалында қалсын, ол ҳеш қашан қайта тикленбесин. 17Жоқ қылынатуғын затлардан ҳеш биреўин де өзлериңизге алмаңлар. Сонда Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби қайтып, Ол ата-бабаларыңызға ант ишкениндей, сизлерге мийрим-шәпәәт, реҳим көрсетип, сизлерди көбейтеди. 18Соның ушын, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салыңлар, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларға бойсынып, Оның нәзеринде дурыс болған ислерди ислеңлер».
Copyright information for
KaaIBT22C