Deuteronomy 14
Аза тутыў ҳаққында
1«Сизлер – Қудайыңыз Жаратқан Ийениң балаларысыз. Марҳумға аза тутқаныңызда, денелериңизди тилип, шашыңыздың алдын қыйдырмаңлар. 2Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқысыз. Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық халықлардың арасынан сизлерди Өз ғәзийнеси сыпатында таңлап алды».Ҳадал ҳәм ҳарам ҳайўанлар
(Леб 11:1-47)
3«Сизлер жеркенишли саналатуғын ҳайўанлардың гөшин жемеңлер. 4Мына ҳайўанлардың гөшин жеўиңизге болады: сыйыр, қой, ешки, 5суўын, жейран, қызыл антилопа, таў ешкиси, жабайы өгиз, ақ антилопа ҳәм таў қошқары. 6Туяқлары терең етип екиге айырылған аша туяқлы ҳәм гүйис қайтаратуғын ҳайўанлардың ҳәммесин жеўиңизге болады. 7Бирақ бул ҳайўанлардан тек мыналардың гөшин жеўиңизге болмайды: түйе, қоян ҳәм даман ▼▼ Даман – сурокқа уқсайтуғын ҳайўан.
. Булар гүйис қайтарады, бирақ аша туяғы жоқ. Сонлықтан олар сизлер ушын ҳарам болады. 8Шошқа аша туяқлы болғаны менен, ол гүйис қайтармайды. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. Усы ҳайўанлардың гөшин жемеңлер ҳәм олардың өлигине де қол тийгизбеңлер. 9Суўда жасайтуғын қалашлы ҳәм қабыршақлы жаныўардың гөшин жеўиңизге болады. 10Бирақ қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳеш бирин жемеңлер. Булар сизлер ушын ҳарам саналады. 11Ҳадал саналатуғын барлық қусларды жеўиңизге болады. 12Гөшин жеўге болмайтуғын қуслар мыналар: бүркит, күшеген, қара қус, 13шайқус, лашын ҳәм оның түрлери, 14ғарғаның барлық түрлери, 15үки, батпақ байыўлысы, шағала ҳәм қаршығаның түрлери, 16үй байыўлысы, қулақлы жапалақ, ақ қуў, 17узақша, сипа, қарабай, 18ләйлек ҳәм қутанның түрлери, өпепек ҳәм жарғанат. 19Қанатлы шыбын-ширкейлер сизлер ушын ҳарам саналады. Олардың ҳеш бирин жемеңлер. 20Бирақ қанатлы шыбын-ширкейлердиң базылары ҳадал болып, оларды жеўиңизге болады. 21Ҳарам өлип қалған ҳайўанның гөшин жемеңлер. Ондай өли ҳайўанды жеўи ушын қалаңызда жасап атырған келгинди биреўге бериўиңизге ямаса басқа бир жат жерли адамға сатыўыңызға болады. Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқысыз. Ылақты өз анасының сүтине писирмеңлер». Оннан бири ҳаққында нызам
22«Ҳәр жылы атызларыңызда жетистирилетуғын барлық өнимлердиң оннан бирин айырып қойыңлар. 23Дәниңиздиң, таза шарабыңыздың, зәйтүн майыңыздың оннан бирин, ири ҳәм майда малларыңыздың биринши туўылған төллерин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде, Оның алдында жеңлер. Солай ислеп, ҳәмме ўақытта Оннан қорқыўды үйренесиз. 24Ал егер де, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орнатыў ушын таңлайтуғын жери узақ болып, Қудайыңыз Жаратқан Ийе берекетлеп берген өниминен оннан бирин сол жерге алып барыўға мүмкиншилигиңиз болмаса, 25онда сол затларды гүмиске алмастырыңлар. Гүмисти Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине алып барыңлар. 26Сол гүмиске қәлеген нәрсени: ири ямаса майда мал, шарап, өткир ишимлик ямаса кеўлиңиз күсеген басқа бир нәрсе сатып алып, өз шаңарағыңыз бенен бирге Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында ишип-жеп, шадланыңлар. 27Қалаларыңызда жасап атырған лебийлилерди умытып қалдырмаңлар. Себеби олардың өзлерине тийисли үлес жери жоқ. 28Ҳәр үшинши жылдың ақырында, сол жылы алған өнимиңиздиң барлық оннан бир бөлегин алып, өз қалаңызға жыйнап, сақлап қойыңлар. 29Солай етип, үлес жери болмаған лебийлилер, және де, қалаларыңызда жасап атырған келгиндилер, жетим ҳәм жесирлер келип, соннан ишип-жеп тойсын. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди».
Copyright information for
KaaIBT22C