Deuteronomy 15
Жетинши жыл
1«Ҳәр жетинши жылдың ақырында сизлерге қарыздар болғанларды қарызларынан кешип жибериңлер. 2Қарызларды кешип жибериў ушын былай ислеңлер: израиллы бир туўысқанына қарыз берген ҳәр бир адам қарызын кешип жиберсин ҳәм оннан қайтып талап қылмасын. Себеби Жаратқан Ийениң Өзи қарызларды кешип жиберилиўди жәриялады. 3Жат жерли адамнан қарызыңызды сорасаңыз болады. Бирақ израиллы туўысқаныңа берген қарызыңнан кешип жибериўиң тийис. 4Сизлердиң араңызда ҳеш қандай жарлы адам болмасын. Қудайыңыз Жаратқан Ийе мүлик етип берип атырған елде сизлерге берекет береди. 5Тек ғана Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салып, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған усы буйрықларды муқыятлы түрде орынлаўыңыз керек. 6Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өзи ўәде бергениндей сизлерге берекет береди. Сонда сизлер көп халықларға қарыз беретуғын боласыз, ал өзлериңиз қарыз алмайсыз. Көп халықлардың үстинен ҳүкимдарлық қыласыз, бирақ олар сизлерге ҳүкимдарлық етпейди. 7Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын елдеги қалалардың биринде израиллы туўысқаныңыздың бири жарлы болса, жүреклериңизди тас қылмай, жәрдем қолыңызды аямаңлар. 8Керисинше, сизлер ашық қол болыңлар ҳәм оған мүтәжлигине қарап, қарыз бериңлер. 9Сақ болыңлар, қарызларды кешип жиберетуғын жетинши жыл жақынлап қалғаны ушын, жарлы туўысқаныңызға жәрдем бериўден бас тартпаңлар. Кеўлиңизде усындай жаман ойға жол қоймаңлар. Егер де сондай туўысқаныңызға жәрдем бериўден бас тартсаңыз, онда ол Жаратқан Ийеге налыйды ҳәм өзлериңизге гүна арттырып аласыз. 10Оған қыйналмастан ашық кеўлиңиз бенен қарыз бериңлер. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди. 11Елиңизде ҳәмме ўақытта жарлы адамлар болады. Соның ушын, елиңиздеги жәрдемге мүтәж жарлы туўысқанларыңызға ҳәмме ўақытта жәрдем қолыңыз ашық болыўын буйыраман».Қул ҳәм шорылар ҳаққында
12«Егер еврей туўысқаныңыздан бир еркек ямаса ҳаял сизге өзин хызметке сатса, ол алты жыл саған хызмет етсин, ал жетинши жылы оны азат қылыўың тийис. 13Оны азат қылғаныңызда, қолын бос жибермең. 14Оған сүриўиңиздеги малыңыздан, дәниңизден ҳәм шарабыңыздан мол-мол етип бериң. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген берекетинен, оған да бериң. 15Мысырда қул болғаныңызды ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол жерден сизлерди азат еткенин есте тутыңлар. Соның ушын да, бүгин мен сизлерге усы буйрықты берип атырман. 16Егер қулыңыз сизди ҳәм шаңарағыңызды жақсы көрип, сизлер менен бирге қалыўды қәлесе ҳәм „Сизиң қасыңыздан кетиўди қәлемеймен“, деп айтса, 17онда оны есигиңиздиң қасына алып барың. Кейин оның қулағын есикке қойып, биз бенен тесиң. Сонда ол өмири бойы қулыңыз болып қалады. Шорыңызға да солай ислеўиңиз керек. 18Қулыңызды азат қылғаныңызда өкинбең. Себеби сизге хызмет еткен сол алты жыл даўамында, ол жалланба хызметшиден гөре еки есе көп жумыс иследи. Оны азат қылсаңыз, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди».Ири ҳәм майда маллардың биринши туўылған төллери ҳаққында
19«Ири ҳәм майда малларыңыздың биринши туўылған ҳәр бир еркек төлин Қудайыңыз Жаратқан Ийеге бағышлаңлар. Малыңыздың биринши туўылған буғасын жумысқа қоспаң, биринши туўылған майда малыңыздың жүнин қырқып алмаң. 20Булардың гөшин шаңарағыңыз бенен бирге ҳәр жылы Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында, Оның таңлап алатуғын жеринде жеңлер. 21Егер де сол мал ақсақ ямаса соқыр болса ямаса оның басқа бир кемшилиги болса, оны Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қурбанлыққа бермең. 22Бундай малларды өз қалаңызда жесеңиз болады. Пәк адам болса да, напәк адам болса да, жейран ямаса суўынның гөшиндей етип сондай малдың гөшинен жеўине болады. 23Бирақ оның гөшин қаны менен бирге жемеңлер. Оның қанын суў сыяқлы топыраққа ағызып жибериңлер».
Copyright information for
KaaIBT22C