Deuteronomy 16
Қутқарылыў байрамы ҳәм Ашытқысыз нан байрамы
1«Абиб айында Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын байрамлаңлар. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе абиб айында, түнде сизлерди Мысырдан алып шықты. 2Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде майда ҳәм ири малларыңыздан Қутқарылыў қурбанлықларын шалыңлар. 3Қурбанлықтың гөши менен бирге ашытқы салынған нан жемеңлер. Жети күн даўамында ашытқысыз нан, яғный қыйын күнлерде жейтуғын нан жеўиңиз керек. Себеби сизлер Мысырдан асығып шығып кеткениңизде, ашытқысыз нан жеген едиңлер. Усы нанды жеп, өмириңиз даўамында Мысырдан шыққан күниңизди еслеп жүресизлер. 4Жети күн даўамында елиңиздиң ҳеш бир жеринде ашытқы болмасын. Байрамның биринши күни кеште қурбанлық қылған малларыңыздың гөшинен азанға дейин қалдырылмасын. 5Қутқарылыў қурбанлықларын Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын қалалардың ҳәммесинде шалмаңлар. 6Ал оны тек ғана Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде шалыңлар. Буны күн бататуғын ўақытта, Мысырдан шыққан мезгилде сойыңлар. 7Оның гөшин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жеринде писирип жеңлер ҳәм таң атқанда өз шатырларыңызға қайтыңлар. 8Алты күн ашытқысыз нан жеңлер. Жетинши күни Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап, салтанатлы жыйналыс қылыңлар. Сол күни ҳеш қандай жумыс ислемеңлер».Ҳәптелер байрамы
9«Егинди орып баслаған ўақыттан баслап, жети ҳәпте санаңлар. 10Кейин Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арналған Ҳәптелер байрамын байрамлаңлар ҳәм сол ўақытта Оның сизлерге берген берекетине жараса, ықтыярлы садақаларыңызды бериңлер. 11Сизлер ул-қызларыңыз, қул ҳәм шорыларыңыз, қалаларыңызда жасайтуғын лебийлилер, араңызда жасайтуғын келгиндилер ҳәм жетим-жесирлер менен бирге Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында шадланыңлар. 12Мысырда қул болғаныңызды умытпаңлар ҳәм усы қағыйдалардың биреўин де қалдырмай орынлаңлар».Қос байрамы
13«Қырманыңыздан дәниңизди жыйнап, жүзимиңизди сығып шарабын алғаннан кейин, жети күн даўамында Қос байрамын байрамлаңлар. 14Сизлер ул-қызларыңыз, қул ҳәм шорыларыңыз, қалаларыңызда жасайтуғын лебийлилер, келгиндилер ҳәм жетим-жесирлер менен бирге усы байрамда шадланыңлар. 15Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жеринде жети күн даўамында Оған арнап байрам өткериңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе зүрәәтиңиздиң барлығын ҳәм қол урған ҳәр бир исиңизди берекетлейди. Сонлықтан, үлкен қуўанышқа бөлениңлер. 16Солай етип, барлық еркеклериңиз жылына үш мәрте: Ашытқысыз нан байрамында, Ҳәптелер байрамында ҳәм Қос байрамында Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында болыўы ушын, Оның таңлайтуғын жерине келсин. Ҳеш ким Жаратқан Ийениң алдына қуры қол келмесин. 17Ҳәр бириңиз Қудайыңыз Жаратқан Ийениң өзлериңизди берекетлегенине жараса сыйлар алып келиңлер».Әдил ҳүким ҳаққында
18«Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын қалаларда ҳәр бир урыў ушын қазылар ҳәм қадағалаўшыларды тайынлаңлар. Олар халықты әдиллик пенен ҳүким етсин. 19Олар ҳүким еткенде, әдилликти бурмаламасын, еки жүзлилик қылмасын ҳәм пара алмасын. Себеби пара дана адамның көзин соқыр қылып қояды ҳәм ҳақты наҳаққа шығарады. 20Өмир сүриўиңиз ушын ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елди мүлик етип алыўыңыз ушын әдилликке, тек ғана әдилликке умтылыңлар. 21Қудайыңыз Жаратқан Ийе ушын қуратуғын қурбанлық орынның қасына кийели ағаш орнатпаңлар! 22Кийели тас та орнатпаңлар! Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе булардан жеркенеди».
Copyright information for
KaaIBT22C