‏ Deuteronomy 17

1«Ҳәр қандай кемшилиги бар ири мал ямаса майда малды Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық қылмаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийе буннан жеркенеди.

2Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған қалаларының биринде Оның нәзеринде жаўыз болған исти қылып, келисимине қыянет ететуғын бир еркек ямаса ҳаял шықса 3ҳәм буйрықларыма қарамастан, басқа қудайларға хызмет етсе, сол қудайларға, қуяшқа ҳәм айға ямаса басқа да аспан денелерине табынса, 4кейин бул ҳаққында сизлерге хабар жетсе, еситкенлериңизди жақсылап тексериңлер. Егер де Израил халқының арасында шынында да сондай жеркенишли ис исленгени дәлилленсе, 5онда сол еркекти ямаса ҳаялды қала дәрўазасының сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтириңлер. 6Деген менен, өлимге ҳүким етилген адам еки ямаса үш адамның гүўалығы менен өлтирилиўи тийис, бирақ бир адамның гүўалығына тийкарланып өлтирилмесин. 7Сол гүна ислеген адамға биринши болып гүўалар тас ылақтырсын, соннан кейин пүткил халық тас боран қылсын. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.

8Егер қалаңызда абайсыздан ямаса қастан адам өлтириўшилик, ҳуқық таласыў ҳәм бир-биреўге зорлық қылыў туўрысындағы даўларды шешиўиңиз қыйын болса, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине барыңлар. 9Сол жерде сизлер лебийли руўханийлер ҳәм сол ўақытта хызмет етип атырған қазылар менен мәсләҳәтлесиңлер. Олар ҳүким шығарып, өз қарарын сизлерге мәлим қылады. 10Жаратқан Ийениң таңлаған жеринен олардың сизлерге айтатуғын қарарын муқыятлы түрде орынлаңлар. 11Олар түсиндирип берген нызамды ҳәм шығарған ҳүкимди толығы менен орынлаўыңыз тийис. Олар жәриялаған қарардан оңға да, солға да шығып кетпеңлер. 12Ким де ким өзбасымшылық қылып, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында хызмет етип атырған руўханийге ҳәм қазыға қулақ салмаса, ол адам өлтирилсин. Усылай етип, Израилдан жаўызлықты жоқ қылыңлар. 13Пүткил халық бул ўақыяны еситип қорқады ҳәм және өзбасымшылық қылмайтуғын болады».

Патша ҳаққында қағыйдалар

14«Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын елге барып, ол жерди мүлик етип, жайласып алғаннан кейин: „Әтирапымыздағы халықлар сыяқлы бизлер де өзлеримизге патша сайлайық“, – деп айтасыз. 15Сонда сизлер сайлайтуғын патша Қудайыңыз Жаратқан Ийе тәрепинен таңланатуғын адам болыўы тийис. Сайлайтуғын патшаңыз Израил халқынан болсын. Өз халқыңыздан болмаған жат жерли адамды патша қылып қоймаңлар. 16Патшаның көп аты болмасын, және де ат сатып алыў ушын адамларды Мысырға жибермесин. Өйткени Жаратқан Ийе сизлерге: „Ол жерге қайтып бармаңлар“, – деген еди. 17Сайлайтуғын патшаңыз көп ҳаял алмасын, болмаса, ол Жаратқан Ийеден жүз бурып кетеди. Және де, ол өзи ушын көп муғдарда гүмис ҳәм алтын жыйнамасын.

18Ол патшалық тахтқа отырғанда, лебийли руўханийлер сақлап қойған усы Нызамнан бир көширмени өзи ушын жаздырып алсын. 19Сол Нызамның көширмеси ҳәмме ўақытта патшаның қасында болсын. Патша оны ҳәр күни өмири даўамында оқысын. Солай етип, ол Қудайы Жаратқан Ийеден қорқып, усы Нызамның барлық сөзлерине ҳәм қағыйдаларына әмел қылыўды үйренсин. 20Ол өзин туўысқанларынан жоқары санамасын ҳәм Жаратқан Ийениң буйрықларынан оңға да, солға да бурылмасын. Сонда өзи де, урпағы да Израилдың үстинен узақ жыллар даўамында патшалық етеди».
Copyright information for KaaIBT22C