Deuteronomy 18
Руўханийлердиң үлеси
1«Лебийли руўханийлер пүткил Лебий урыўы менен бирге басқа израиллылар сыяқлы үлес те, мүлик те алмайды. Оларға тийисетуғын үлес Жаратқан Ийеге берилетуғын сыйлар болып, олар солардан жейди. 2Туўысқанлары арасында олардың мүлки болмайды. Жаратқан Ийениң лебийлилерге ўәде бергениндей, Оның Өзи олардың ырысқы-несийбесин береди. 3Мал ямаса қой қурбанлық етилгенде, руўханийлерге тийисли пай мыналардан ибарат: малдың алдынғы сан жилиги, жағы ҳәм асқазаны. 4Дәниңиздиң, таза шарабыңыздың, зәйтүн майыңыздың биринши өнимин ҳәм қойларыңыздың биринши қырқылған жүнлерин руўханийге бериң. 5Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе Лебий урыўы Өзиниң алдында турып, Жаратқан Ийениң аты менен мәңги хызмет етиўи ушын, оларды пүткил урыўларыңыздың ишинен таңлап алды. 6Егер бир лебийли Израилдағы өзи жасап атырған қаладан Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине өз қәлеўи менен барса, 7сол жерде Жаратқан Ийениң алдында хызмет етип атырған лебийли туўысқанлары сыяқлы ол да Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен хызмет етиўине болады. 8Ол ата-бабаларының мийрасынан қалған затты сатып, өз пайдасына алған болса да, басқа лебийлилер менен бирдей өзине тийисли үлесин алыўы керек».Басқа халықлардың жеркенишли үрп-әдетлеринен сақланыў
9«Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған жерине киргениңизде, ол жердеги халықлардың жеркенишли ислерин үйренбеңлер. 10Сизлердиң араңызда өз улын ямаса қызын отта қурбанлық қылатуғын, пал ашатуғын, адамның келешегин болжайтуғын, белгилерди жорыйтуғын, сыйқыршылық қылатуғын, 11зикир салатуғын, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғын ямаса өлилер менен тиллесип, мәсләҳәт алатуғын бирде бир адам болмасын. 12Себеби Жаратқан Ийе сондай ислейтуғынлардан жеркенеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе усындай жеркенишли ислери себепли сол халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарып атыр. 13Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында минсиз болыңлар».Пайғамбар жибериў ҳаққында
14«Сизлер елин алып атырған сол халықлар болжаўшылар менен палкерлердиң үгит-нәсиятына қулақ салады. Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң булай ислеўиңизге рухсат бермейди. 15Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер ушын араңыздан, өз туўысқанларыңыздан мен сыяқлы бир пайғамбар шығарады. Оған қулақ салыңлар. 16Сизлер Хореб таўында жыйналған күни Қудайыңыз Жаратқан Ийеден өзлериңиз мынадай деп тилеген едиңиз: „Қудайымыз Жаратқан Ийениң даўысын екинши мәрте еситпейик, сол уллы отты да басқа көрмейик, болмаса өлип қаламыз“. 17Сонда Жаратқан Ийе маған былай деди: „Олардың айтқанлары дурыс. 18Олар ушын өзлериниң арасынан сен сыяқлы бир пайғамбар шығараман. Мен оның аўзына Өз сөзлеримди саламан ҳәм ол Мен айт деп буйырғанларымның ҳәммесин оларға жеткереди. 19Ол Мениң атымнан сөйлейди, оған қулақ салмаған адамды Мен Өзим жуўапкершиликке тартаман. 20Бирақ бир пайғамбар Мен буйырмаған сөзди Мениң атымнан сөйлеўге жүрексинсе ямаса басқа қудайлардың атынан сөйлесе, ол өлиўи тийис“. 21Сизлер: „Жаратқан Ийениң айтқанын ямаса айтпағанын қаяқтан билемиз?“– деп ойлаўыңыз мүмкин. 22Егер де бир пайғамбар Жаратқан Ийениң атынан сөйлесе, бирақ айтқан сөзлери орынланбаса ямаса әмелге аспаса, онда сол сөзди Жаратқан Ийе айтпаған болады. Пайғамбар өз атынан сөйлеген, оннан қорқпаңлар».
Copyright information for
KaaIBT22C