‏ Deuteronomy 2

Израиллылардың шөлде өткерген жыллары

1«Кейин, Жаратқан Ийениң маған буйырғанындай, бизлер кейнимизге қайтып, Қызыл теңизге баратуғын жол менен шөлге кеттик. Сеир таўларының әтирапында узақ ўақыт жүрдик.

2Ақырында Жаратқан Ийе маған былай деди: 3„Усы таўлы үлкениң дөгерегинде жүргениңиз жетер. Енди арқа тәрепке қарай жүриңлер“. 4Соннан кейин, халыққа мына буйрықларды бериўимди айтты: „Сеир жеринде жасайтуғын туўысқанларыңыз болған Эсаўдың урпақларының жеринен өтесизлер. Олар сизлерден қорқады. Деген менен, өзлериңиз де абайлы болыңлар. 5Оларға қарсы урыс ашпаңлар. Сизлерге олардың жеринен бир қарыс та жер бермеймен. Өйткени таўлы Сеир жерин Эсаўға мүлик етип бердим. 6Олардан жейтуғын аўқатыңызды ҳәм ишетуғын суўыңызды гүмиске сатып алыңлар. 7Қудайыңыз Жаратқан Ийе, яғный Мен сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизди жарылқадым. Усы ушы-қыйыры жоқ шөлде айланып жүргениңизде, сизлерди қорғадым. Мен қырық жыл даўамында сизлер менен бирге болдым ҳәм сизлердиң ҳеш қандай мүтәжлигиңиз болмады“.

8Солай етип, бизлер Сеирде жасап атырған туўысқанларымыз Эсаў урпақларының жанынан өттик. Элат ҳәм Эсион-Геберден Иордан тегислигине баратуғын жолдан жүрдик, кейин жолымызды Моаб шөлине қарай бурдық.

9Сонда Жаратқан Ийе маған: „Моаблыларға ҳүжим қылып, урыс ашпаңлар. Олардың жеринен сизлерге мүлик бермеймен. Өйткени Ар қаласын Луттың урпағына мүлик етип бердим“, – деди».

10Бурын ол жерде анақлар сыяқлы узын бойлы, күшли ҳәм көп санлы эм халқы жасайтуғын еди. 11Анақлар сыяқлы, эм халқы да рефа халқы деп есапланатуғын еди. Бирақ моаблылар оларды эм халқы деп атаған еди. 12Сеирде бурын хор халқы жасайтуғын еди. Эсаўдың урпақлары ол жерди олардан тартып алған еди. Израил халқы Жаратқан Ийениң мүлик етип берген жеринде халықларды жоқ қылғанындай, Эсаўдың әўладлары да хор халқын жоқ етип, жерлерине жайласып алған еди.

13«Жаратқан Ийе: „Қәнекей, жолға шығыңлар, Зеред дәрьясынан өтиңлер“, – деди. Бизлер Зеред дәрьясынан өттик. 14Қадеш-Барниядан жолға шығып, Зеред дәрьясынан өтемен дегенше, отыз сегиз жыл жол жүрдик. Жаратқан Ийениң ант ишип айтқанындай, усы ўақытқа келип, Израил халқынан буннан алдынғы әўладтың барлық урысқа жарамлылары жоқ болған еди. 15Ҳәттеки, Жаратқан Ийе оларды ордадан жоқ қылыў ушын, оларға қарсы қол көтерди.

16Сол урысқа жарамлылардың барлығы өлип, халық арасынан жоқ болғаннан кейин, 17Жаратқан Ийе маған былай деди: 18„Бүгин Ар қаласының жолынан, Моаб жерлеринен өтесизлер. 19Аммон халқына жақынласқаныңызда, оларға ҳүжим қылып, урыс ашпаңлар. Себеби аммонлардың жеринен сизлерге мүлик бермеймен. Мен ол жерди мүлик етип Луттың урпағына бердим“».

20Бурын бул жер де рефа халқының ели деп есапланатуғын еди. Рефа халқы олардан алдын сол жерде жасаған еди. Аммон халқы оларды замзумлар деп атайтуғын еди. 21Замзумлар анақ халқындай узын бойлы, күшли ҳәм көп еди. Бирақ Жаратқан Ийе оларды аммон халқының алдында қыйратты. Аммонлар замзумлардың жерлерин басып алып, сол жерге жайласып алған еди. 22Жаратқан Ийе Сеирде жасайтуғын Эсаў урпағы ушын да солай ислеп, хор халқын олардың алдында қыйратты. Эсаў әўладлары хорлардың жерлерин басып алып, сол жерге жайласқан еди. Олар бүгин де сол жерде жасайды. 23Кафтордан келген кафторлылар да Газаға дейин созылған аўылларда жасайтуғын аў халқын жоқ етип, олардың жерлерине жайласып алған еди.

24«Бизлер Моаб жеринен өткенимизден кейин, Жаратқан Ийе бизлерге: „Енди жолға шығыңлар! Арнон дәрьясынан өтиңлер! Мине, амор халқының Хешбондағы патшасы Сихонды ҳәм оның елин сизлерге тәслим қыламан. Оған ҳүжим қылып, жерин ийелеп баслаңлар. 25Бүгиннен баслап Мен жер жүзиндеги халықларды сизлерден ҳүрейи ушып, қорқатуғын қыламан. Олар сизлер туўралы еситкенде, қорқыўдан титирейтуғын болады“, – деди».

Израиллылардың Хешбон патшасы Сихонды жеңиўи

26«Соннан кейин, мен Кедемот шөлинен Хешбон патшасы Сихонға елшилер арқалы тынышлық келисимин усынып, мына хабарды жибердим: 27„Елиңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Бизлер оңға да, солға да бурылмай туўры жолдан өтип кетемиз. 28Жейтуғын аўқатымызды да, ишетуғын суўымызды да сизден гүмиске сатып аламыз. Тек ғана жериңизден өтип кетсек болды. 29Сеирде жасайтуғын Эсаў әўладлары менен Арда жасайтуғын моаб халқы өз шегараларынан өтиўимизге рухсат берди. Сиз де жериңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Иордан дәрьясынан өтип, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге беретуғын жерге жетип алайық“.

30Деген менен, Хешбон патшасы Сихон жеринен өтиўимизге рухсат бермеди. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе бүгин көрип турғаныңыздай, Сихонды сизлерге тәслим қылыў ушын, оның жүрегин тас етип, өжет қылып қойған еди.

31Жаратқан Ийе маған: „Мине, Сихонды ҳәм оның елин саған тәслим қылып атырман. Енди оның елин қолға киргизип, ийелеп алыўды басла“, – деди. 32Сихон бизлер менен урысыў ушын, Яҳаста барлық әскерлери менен бизлерге қарсы шықты. 33Қудайымыз Жаратқан Ийе оны бизлерге тәслим қылды. Сихонды, оның улларын ҳәм пүткил халқын қырып тасладық. 34Олардың барлық қалаларын қолға киргизип, ҳәммесин жоқ қылдық. Еркек, ҳаял ҳәм балаларынан ҳеш бирин аман қалдырмадық. 35Тек ғана олардың ҳайўанларын ҳәм қалаларындағы мал-мүликлерин өзлеримизге олжа етип алдық. 36Арнон сайының шетинде жайласқан Ароерден ҳәм сайдың ишиндеги қаладан баслап Гиладқа дейин ҳеш бир қала бизлерден үстем келмеди. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийе ҳәммесин бизлерге тәслим қылған еди. 37Бирақ Қудайымыз Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша аммонлардың елине, Яббоқ дәрьясының бойларындағы ҳәм таўлы үлкедеги қалаларға жақынламадық».
Copyright information for KaaIBT22C