Deuteronomy 20
Саўаш ҳаққында
1«Сизлер душпанларыңызға қарсы саўашқа шығыў ушын барғаныңызда, олардың атлары, саўаш арбалары ҳәм сизлерден гөре көп әскерлери бар екенин көрсеңиз, олардан қорқпаңлар. Өйткени сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге яр болады. 2Саўаш басламасыңыздан алдын руўханий келип, әскерлердиң алдына шығып, сөз сөйлеп, 3оларға былай деп айтсын: „Ҳәй, израиллылар, қулақ салыңлар! Бүгин сизлер душпанларыңызға қарсы саўашқа баратырсыз. Руўхыңыз түспесин, қорқпаңлар. Қәўетерге түсип, олардан сескенбеңлер. 4Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи сизлер менен бирге урысқа барады! Ол сизлер ушын душпанларыңызға қарсы урысып, сизлерге жеңис береди!“ 5Қадағалаўшылар әскерлерге былай деп айтсын: „Араңызда таза үй қурған ҳәм оған көшип барып, қолланыўға үлгермеген адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, оның үйине басқа биреў көшип барып, жасайды. 6Жүзимзар егип, оның мийўесинен татпаған адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, оның жүзимин басқа биреў терип алады. 7Бир қыз бенен атастырылып болып, үйленбеген адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, сол қызға басқа биреў үйленип кетеди“. 8Қадағалаўшылар және былай деп айтсын: „Араңызда қорқып, руўхы түскен адам бар ма? Бар болса, үйине қайтсын. Болмаса, туўысқанлары да оған уқсап қорқысып қалады“. 9Қадағалаўшылар әскерлерге усы сөзлерди айтып болғаннан соң, әскербасылар әскерлердиң үстинен басшылық етсин. 10Бир қалаға қарсы ҳүжим етиў ушын, оған жақынласқаныңызда, қала халқына тынышлық жолы менен тәслим болыўын усыныңлар. 11Егер де олар усы тынышлық усынысыңызды қабыллап, дәрўазаларын сизлерге ашып берсе, онда қалада жасайтуғынлардың ҳәммеси ерксиз хызметшиге айланып, сизлер ушын жумыс ислейди. 12Бирақ тынышлық усынысыңызды қала халқы қабылламай, сизлер менен урысыўды қәлесе, онда қаланы қоршап алыңлар. 13Қудайыңыз Жаратқан Ийе қаланы сизлерге тәслим қылғанда, ол жерде жасап атырған барлық еркеклерди қылыш жүзинен өткизиңлер. 14Ҳаялларды, балаларды, ҳайўанларды ҳәм қаладағы ҳәр бир нәрсени өзлериңизге олжа етип алыңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген душпаныңыздың мал-мүликлерин қолланыўыңызға болады. 15Сизлер ийелеп алатуғын елиңизден узақта жайласқан қалаларға усылай ислеңлер. 16Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған жердеги қалаларда ҳеш бир тири жан қалдырмаңлар. 17Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге буйырғанындай, хет, амор, қанан, периз, хиў ҳәм ебус халықларын пүткиллей қырып таслаңлар. 18Болмаса, олар өзлериниң қудайларына табынып, ислейтуғын жеркенишли ислерин сизлерге үйретеди ҳәм сизлер де Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислейсиз. 19Егер де бир қаланы қолға алыў ушын, узақ ўақыт қоршап турсаңыз, оның дөгерегиндеги мийўе ағашларды шаўып, жоқ қылмаңлар. Олардың мийўелерин жеўиңизге болады, бирақ шаўып тасламаңлар. Өйткени даладағы мийўе ағашлар қорғанның ишине қашып кететуғындай адам емес-ғо. 20Тек ғана мийўе бермейтуғын тереклерди шаўып, жоқ қылыўыңызға болады. Қаланы қолға аламан дегенше, қамал қылатуғын үскенелер соғыў ушын, сол тереклерден пайдаланыўыңызға болады».
Copyright information for
KaaIBT22C