Deuteronomy 21
Кимниң өлтиргени биймәлим өлилер ҳаққында
1«Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде далада жатырған бир өли дене табылса ҳәм оны кимниң өлтиргени белгисиз болса, 2ақсақалларыңыз ҳәм қазыларыңыз барып, сол өлиниң дөгерегиндеги жақын қалалардың аралығын өлшеп шықсын. 3Өлиге жақын болған қаланың ақсақаллары еле жумысқа қосылмаған, мойынтырық тағылмаған бир қашарды алсын. 4Қала ақсақаллары қашарды жери сүрилмеген, ғәлле егилмеген ҳәм ишинде ҳәмме ўақытта суў ағып туратуғын бир сайға алып барсын. Сол сайда қашардың мойнын сындырсын. 5Лебийли руўханийлер де сол жерге барсын. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе Маған хызмет етсин ҳәм Мениң атым менен халықты жарылқасын деп, Лебий урыўын таңлап алды. Ҳәр түрли жәнжеллерди ҳәм бир-биреўге зорлық қылыў мәселелерин олар шешеди. 6Өли дене табылған жерге ең жақын болған қаланың ақсақаллары сайда мойны сындырылған қашардың үстине қолларын жуўып, 7былай деп айтсын: „Бул адамның қанын төккен бизлердиң қолларымыз емес, буны кимниң қылғанын да көрмедик. 8Жаратқан Ийе, Өзиң Мысырдан азат еткен халқың израиллыларды кешире гөр. Халқың Израилды айыпсыз төгилген қанға жуўапкер қылма“. Соннан кейин, олар төгилген қанның жуўапкершилигинен азат болады. 9Сонда Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры ислерди қылған боласыз, араңыздағы айыпсыз қанды төгиў гүнасынан өзлериңизди тазалайсыз».Тутқынға түскен қызға үйлениў ҳаққында
10«Қудайыңыз Жаратқан Ийе саўашта душпанларыңызды сизлерге тәслим қылғанда ҳәм сизлер оларды тутқын қылғаныңызда, 11олардың арасынан сулыў бир қызды көрип, унатып қалсаңыз, онда оған үйлениўиңизге болады. 12Сол қызды үйиңизге әкелиң. Қыз шашын қырқып, тырнақларын алып тасласын. 13Ол үстиндеги тутқынлық кийимин алмастырсын ҳәм бир ай даўамында әке-шешесин жоқлап, үйиңизде жасасын. Кейин жигит қызға жақынлап, оған күйеў, қыз оның ҳаялы болады. 14Егер кейинирек қыз жигитке унамай қалса, оны азат қылып жиберсин. Сол қызды ҳаял болыўға мәжбүрлегени ушын, оны пулға сатпасын ҳәм оған қул сыпатында қатнас жасамасын».Туңғыш улдың мийраслық ҳуқықы
15«Егер бир адамның еки ҳаялы болса, ол биреўин сүйип, екиншисин жақсы көрмесе, екеўи де оған бир улдан туўып берсе, туңғыш улы жақсы көрмейтуғын ҳаялының баласы болса, 16онда ол адам мал-мүлкин улларына мийрас етип бөлистирген күни жақсы көрген ҳаялының баласын үстин қойып, оған туңғышлық ҳуқықын бермесин. 17Жақсы көрмейтуғын ҳаялының баласын туңғыш ул деп тән алсын ҳәм оған барлық мал-мүлкинен еки есе етип мийрас берсин. Өйткени сол ул әкесиниң белиндеги күштиң биринши жемиси болады. Туңғышлық ҳуқық оған тийисли».Бойсынбайтуғын ул
18«Егер де бир адамның тентек, қайсар, ата-анасына бойсынбайтуғын, оны қанша жазаласа да, тыңламайтуғын бир улы болса, 19онда ата-анасы оны услап, қала дәрўазасында мәселе шешетуғын қала ақсақалларының алдына алып келсин. 20Баланың ата-анасы оларға былай деп айтсын: „Улымыз тентек ҳәм бойсынбайды. Бизлердиң сөзлеримизге қулақ салмайды. Ол тамақсаў ҳәм мәскүнем“. 21Соннан кейин, қаланың барлық адамлары сол баланы тас боран қылып өлтирсин. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар. Пүткил Израил халқы бул ҳаққында еситип, қорқатуғын болады».Ҳәр түрли нызамлар
22«Егер бир адам өлим жазасына тартылатуғын гүна ислесе, сизлер оны өлтирип, ағашқа асып қойсаңыз, 23өли денени түн бойы ағашта асыўлы қалдырмаң. Оны сол күни жерлеңлер. Өйткени ағашқа асылған адам Қудай тәрепинен нәлетленгендур. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елди ҳарамламаңлар».
Copyright information for
KaaIBT22C