‏ Deuteronomy 22

1«Егер де бир израиллы туўысқаныңыздың адасқан сыйырын ямаса қойын көрсеңиз, өзиңизди көрмегенге салмаңлар. Оны өз ийесине апарып бериңлер. 2Егер де малдың ийеси сеннен узақта болса ямаса кимниң малы екенин билмесең, оны өзиңниң үйиңе алып бар. Малдың ийеси малын излеп келген ўақытта, оған қайтарып бересең. 3Туўысқаныңның ешегин, кийимин ямаса басқа да жойтқан нәрселерин таўып алғаныңызда да анық солай ислеңлер. Өзиңизди көрмегенге салмаңлар.

4Және де, израиллы бир туўысқаныңыздың ешеги ямаса сыйыры жолда қулап жатырғанын көрип қалсаңыз, оны көрмегенге салмаңлар. Оларды аяққа турғызыў ушын туўысқаныңызға жәрдем бериңлер.

5Ҳаяллар еркектиң кийимин, еркеклер ҳаял адамның кийимин киймесин. Қудайыңыз Жаратқан Ийе бундай қылғанлардан жеркенеди.

6Жол-жөнекей теректе ямаса жерде бир қустың уясына дус келип қалсаңыз, қус мәйек басып атырған ямаса палапанлары менен отырған болса, қусты палапанлары менен бирге қосып алмаңлар. 7Өзиңизге тек ғана палапанларын алыўыңызға болады, бирақ анасын босатып жибериңлер. Сонда сизлер абадан турмысқа ерисип, өмириңиз узақ болады.

8Таза үй салғаныңызда, төбесин жийеклеп, қоршаў ислеп шығыңлар. Сонда үйиңиздиң төбесинен биреў жерге қулап, өлип қалса, шаңарағыңыз буған жуўапкер болмайды.

9Жүзимзарыңызға жүзимнен басқа егин екпеңлер. Болмаса, еккен туқымыңыз да, жүзимзарыңыз да ҳарам болып, өзлериңиз қоллана алмайсыз.

10Жерди сүриў ушын ешек пенен өгизди бир гүндеге қоспаң.

11Жүн ҳәм зығырдан араластырып тоқылған кийим киймең.

12Кийимиңиздиң етеклериниң төрт мүйешине шашақ ислетип, тиктирип қойыңлар».

Неке ҳадаллығына байланыслы қағыйдалар

13«Егер биреў үйленип, қыз бенен жатқаннан кейин, оны унатпай қалса 14ҳәм оны айыплап: „Бул қызға үйлендим, бирақ оның менен жатқанымда, ол қыз болмай шықты“, – деп жаман атлы қылса, 15қыздың ата-анасы қызының пәклигин дәлиллейтуғын төсектеги қызлық белгини алып, ақсақалларға көрсетиў ушын қала дәрўазасына алып барсын. 16Қыздың әкеси ақсақалларға былай десин: „Қызымды мына жигитке узатқан едим. Ал кейин ол қызымды унатпай қалыпты. 17Енди болса, қызыңыз қыз болып шықпады, деп жалған айыплап атыр. Бирақ мынаў қызымның пәклигин дәлиллейтуғын қызлық белгиси!“Кейин қыздың ата-анасы қызының қызлық белгиси бар төсекти ақсақаллардың көз алдында жайып, көрсетсин. 18Қала ақсақаллары үйленген жигитти әкелдирип, сабалап жазаласын. 19Және де, ақсақаллар сол жигитке айыбы ушын жүз шекел
Жүз шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмис төлетсин. Жигит израиллы пәк бир қызды жаман атлы қылғаны ушын, гүмисти қыздың әкесине берсин. Қыз сол жигиттиң ҳаялы болып қалсын ҳәм жигит өмири даўамында қыз бенен ажырасыў ҳуқықына ийе емес.

20Ал егер де сол адамның айтқанлары дурыс болып, қыздың пәклигиниң дәлили болмаса, 21қызды әкесиниң үйиниң есигине алып барсын. Қала халқы сол қызды тас боран қылып өлтирсин. Өйткени ол әкесиниң үйинде жасаған ўақтында бузықшылық қылып, Израилда жеркенишли ис қылды. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.

22Егер де бир адам басқа биреўдиң ҳаялы менен жатқан жеринен усланса, онда еркек те, ҳаял да өлтирилсин. Усылай етип, Израилдан жаўызлықты жоқ қылыңлар.

23Егер бир адам қалада басқа биреў менен атастырылып қойылған бир қызды ушыратып қалып, оның менен жатса, 24екеўи де қала дәрўазасының қасына алып барылсын ҳәм тас боран қылып өлтирилсин. Себеби қыз қаланың ишинде болса да жәрдем сорап, даўыслап бақырмады, ал еркек болса, басқа биреўдиң болажақ ҳаялының абырайын төкти. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.

25Егер де бир адам атастырылып қойылған бир қызды далада ушыратып қалып, оны услап алып зорласа, онда тек сол зорлаған адам ғана өлтирилсин. 26Қызға ҳеш нәрсе қылмаңлар. Өйткени қыздың өлимге ылайық ҳеш қандай айыбы жоқ. Бул биймәлел биреўге ҳүжим қылып, оны өлтирген адамның исине уқсайды. 27Себеби ол адам атастырылған қызды ашық далада услап алған, ал қыз болса, жәрдем сорап, бақырған. Деген менен, қутқаратуғын ҳеш ким болмаған.

28Егер де бир адам атастырылмаған бир пәк қызды ушыратып, оны услап алса ҳәм оның менен жатқан жеринен усланса, 29қыз бенен жатқан адам қыздың әкесине елиў шекел гүмис берсин. Ол қызды зорлағаны ушын, оған үйленсин ҳәм өмири даўамында қыз бенен ажырасыў ҳуқықына ийе емес.

30Ҳеш ким әкесиниң ҳаялына үйленбесин, усылай ислеп, әкесин шерменде қылмасын».
Copyright information for KaaIBT22C