Deuteronomy 23
Жаратқан Ийениң жәмийетиниң арасына кирмейтуғынлар
1«Туқым бези езилген ямаса жынысый ағзасы кесилген адам Жаратқан Ийениң жәмийетине кирмейди. 2Тыйым салынған некеден туўылған бала Жаратқан Ийениң жәмийетине кирмейди, ҳәттеки, оның кейинги оныншы әўладына дейин Жаратқан Ийениң жәмийетине кире алмайды. 3Аммон ямаса моаб халқынан болған адам Жаратқан Ийениң жәмийетине кирмейди. Ҳәттеки, олардың оныншы әўладына дейин Жаратқан Ийениң жәмийетине ҳасла кире алмайды. 4Өйткени Мысырдан шығып киятырғаныңызда, олар жолда сизлерди нан ҳәм суў менен күтип алмады. Және де, Арам-Наҳарайымдағы Петор қаласынан болған Беор улы Биламды сизлерди нәлетлеў ушын жаллаған еди. 5Деген менен, Қудайыңыз Жаратқан Ийе Биламға қулақ салыўды қәлемеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди сүйгени ушын, нәлетти жарылқаўға айландырды. 6Өмириңиз даўамында олардың тынышлығы ҳәм ийгилиги ушын ҳәрекет етпеңлер. 7Эдомлылардан болса, жеркенбеңлер, олар сизлердиң туўысқаныңыздур. Мысырлылардан да жеркенбеңлер. Өйткени олардың жеринде сизлер келгинди болып жасаған едиңлер. 8Олардан туўылған үшинши әўлад Жаратқан Ийениң жәмийетине кире алады».Орданы пәк тутыў
9«Душпанларыңыз бенен урысыў ушын орда қурғаныңызда, ҳәр қандай ҳарамылықтан сақ болыңлар. 10Егер араңызда бир адамның түнде урығы ағып, ҳарам болса, ол ордадан шығып кетсин ҳәм сол жерде қалсын. 11Ол кешке қарай жуўынып алсын, күн батқаннан кейин ордаға қайтыўына болады. 12Орданың сыртында дәретке шығатуғын жериңиз болсын. 13Қурал-жарағыңыздың арасында жер қазыў ушын бир белше болсын. Дәретке шығарда, шуқыр қазып, кейин оны көмип таслаң. 14Ордаңызды пәк сақлаңлар, себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди қутқарып, душпанларыңызды сизлерге тәслим қылыў ушын, ордада сизлер менен бирге жүреди. Егер де Жаратқан Ийе араңызда қандай да бир әдепсиз ислерди көрсе, Ол сизлерден жүз бурады».Ҳәр түрли қағыйдалар
15«Хожайынынан қашып, Израилдан пана излеп келген қулды хожайынына қайтарып берип жибермеңлер. 16Ол сизлердиң араңызда, өзи унатқан жерде, қәлеген қалалардың биринде жасасын. Оған жаўызлық қылмаңлар. 17Бутханаларда бузықлық пенен шуғылланатуғын израиллы ҳеш қандай ҳаял ямаса еркек болмасын. 18Қудайыңыз Жаратқан Ийе бузықлық пенен шуғылланатуғын ҳаял ҳәм еркеклерден жеркенеди. Олардың ис ҳақысын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Үйине ўәде бойынша берилетуғын сый етип алып келмеңлер. 19Израиллы туўысқаныңызға пулды, нанды ямаса басқа да затларыңызды қарызға бергениңизде, оннан үстеме талап қылмаңлар. 20Басқа жат жерли адамнан үстеме алыўыңызға болады, бирақ израиллы туўысқаныңыздан алмаңлар. Сонда сизлер мүлик етип алыў ушын баратырған елде, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди. 21Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қандай да бир ўәде берсеңиз, оны кешиктирмей орынлаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерден ўәдеңизди орынлаўыңызды талап қылады. Егер ўәдеңизди орынламасаңыз, өзлериңизге гүна арттырып аласыз. 22Егер ўәде бермеген болсаңыз, гүналы болмайсыз. 23Ал аўзыңыздан шыққан ўәдеңизди сөзсиз орынлаңлар. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийеге өз қәлеўиңиз бенен ўәде бердиңиз. 24Туўысқаныңыздың жүзимзарына киргениңизде, жүзимнен тойғаныңызша жеўиңизге болады, бирақ оннан ыдысыңызға терип алмаңлар. 25Туўысқаныңыздың егислигине киргениңизде, қолыңыз бенен масағын үзип алыўыңызға болады, бирақ оның егинлерин орып алмаңлар».
Copyright information for
KaaIBT22C