‏ Deuteronomy 24

Ажырасыў ҳәм қайта турмыс қурыў

1«Егер де бир адам үйленип, кейин ала ҳаялынан шерменделик бир нәрсе таўып, оны унатпай қалса, ҳаялына талақ хат жазып берип, оны үйинен шығарып жибериўи мүмкин. 2Ҳаял күйеўиниң үйинен кеткеннен кейин, басқа биреўге турмысқа шықса, 3екинши күйеўи де оны унатпай қалып, ол да оған талақ хат жазып берип, үйинен шығарып жиберсе ямаса сол екинши күйеўи өлип қалса, 4ажырасқан биринши күйеўи ҳаялға қайтадан үйлениўине болмайды. Себеби ҳаял ҳарамланған. Егер үйленсе, буннан Жаратқан Ийе жеркенеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елди гүнаға батырмаңлар.

Ҳәр түрли нызамлар

5Жақында үйленген адам урысқа бармасын, оған ҳәр түрли ўазыйпалар берилмесин. Ол бир жыл даўамында үйинде болып, ҳаялын бахытлы қылсын.

6Ҳеш ким кепиллик сыпатында дигирманды ямаса дигирманның үстиндеги тасты да алмасын. Бундай ис қылыў адамның жанын кепилликке алған менен барабар болады.

7Егер биреўдиң израиллы туўысқанларынан бирин урлап, оған қул сыпатында қарап, зулымлық қылғаны ямаса оны қул қылып сатып жибергени мәлим болса, онда бундай уры адам өлтирилсин. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.

8Жаман тери кеселлиги мәселесинде, лебийли руўханийлердиң сизлерге үйрететуғынларының ҳәммесин муқыятлы түрде орынлаңлар. Мениң лебийлилерге берген буйрықларыма әмел қылыңлар. 9Сизлер Мысырдан шыққаннан кейин, жолда Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Мәриямға не қылғанын есиңизде сақлаңлар.

10Израиллы туўысқаныңыздың биреўине бир нәрсени қарызға бергениңизде, кепилликке зат алыў ушын, оның үйине кирмеңлер. 11Сыртта күтип турыңлар. Ол адам кепилликке беретуғын затын өзи сыртқа алып шықсын. 12Егер ол кәмбағал адам болса, оның кепилликке берген кийимин түн бойы өзиңизде қалдырмаңлар. 13Оннан алған кийимди қуяш батар ўақытта қайтарып бериңлер. Ол өз кийимин кийип уйықлап, сизге ақ пәтия береди. Усылай ислеп, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында дурыс ис қылған боласыз.

14Кәмбағал ҳәм мүтәжликте жасап атырған жалланба жумысшының ис ҳақысын услап қалмаңлар. Ол израиллы болсын, қалаңыздың биринде жасап атырған келгинди адам болсын, ондай қылмаңлар. 15Оның ис ҳақысын ҳәр күни қуяш батпастан алдын бериңлер. Себеби ол кәмбағал болғаны ушын, тиришилиги усыдан ибарат. Болмаса, ол адам сизлерге қарсы Жаратқан Ийеге налыйды ҳәм өзиңизге гүна арттырып аласыз.

16Балаларының гүнасы ушын әкелер, әкелериниң гүнасы ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин.

17Келгинди адамлардың ҳәм жетимлердиң ҳуқықын аяқ асты қылмаңлар. Жесир ҳаялдың кийимин кепилликке алмаңлар. 18Мысырда қул болғаныңызды ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерди сол жерден азат еткенин есиңизде сақлаңлар. Соның ушын да, мен сизлерге усы буйрықты берип атырман.

19Атызыңыздағы егинди орғаныңызда, орылған бир баўды умытып қалдырған болсаңыз, оны алыў ушын кейниңизге қайтпаңлар. Оны келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди. 20Зәйтүн ағашларыңыздың мийўелерин қағып алғаныңыздан кейин, шақаларда қалып қойғанларды және терип алыў ушын бармаңлар. Оларды келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар. 21Және де, жүзимзарыңыздың мийўелерин тергениңизде де, шақаларында қалып кеткен жүзимлерди қайтадан терип алмаңлар. Буларды келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар. 22Мысырда қул болғаныңызды есиңизде сақлаңлар. Соның ушын да, мен сизлерге усы буйрықты берип атырман».
Copyright information for KaaIBT22C