‏ Deuteronomy 25

1«Еки адамның арасында жәнжел шықса, олар қазылардың алдына барсын. Қазылар сол еки адамның арасындағы даўды қарап шықсын ҳәм айыпсызды ақлап, ал айыплы адамды жазаға тартсын. 2Егер де айыплы адам сабаўға ылайықлы болса, қазы оны жерге жатқарсын ҳәм өзиниң көз алдында айыбына жараса сабатсын. 3Айыплы адам қырықтан артық сабалмасын. Егер қырықтан асып кетсе, онда туўысқаныңыз сизлердиң көз алдыңызда хорланып қалады.

4Түйек айдап атырған өгиздиң аўзын байлап қоймаңлар.

Марҳум туўысқан алдындағы ўазыйпа

5Егер бирге жасап атырған ағалы-инилилердиң бири перзентсиз қайтыс болса, марҳумның ҳаялы жат адамға турмысқа шықпасын. Марҳумның туўысқаны жесир қалған ҳаялға үйленсин ҳәм өзиниң қәйинлик ямаса қайнағалық ўазыйпасын орынласын. 6Сол ҳаял туўған туңғыш ул марҳумның атын даўам етсин. Солай етип, марҳумның аты Израил халқынан өшип кетпейди. 7Бирақ сол адам марҳум ағасының ямаса инисиниң жесир қалған ҳаялына үйлениўден бас тартса, жесир ҳаял қала дәрўазасына барып, ақсақалларға былай деп айтсын: „Марҳум күйеўимниң туўысқаны оның атын Израил халқының арасында даўам еттириўди қәлемей, өз ўазыйпасын орынлаўдан бас тартып атыр“. 8Сонда қаланың ақсақаллары сол адамды шақырып алып, оның менен сөйлессин. Егер ол адам: „Оған үйлениўди қәлемеймен“, – деп турып алса, 9жесир ҳаял марҳум күйеўиниң туўысқанының қасына келсин. Ҳаял қала ақсақалларының көз алдында оның бир аяқ кийимин шешип алып, жүзине түкирип: „Туўысқанының әўладын тиклеўди қәлемеген адамға усындай исленеди“, – деп айтсын. 10Усыдан кейин, сол адамның әўлады Израилда „Аяқ кийими шешилген“, деп аталатуғын болады».

Басқа нызамлар

11«Еки адам бир-бири менен төбелесип атырғанда, биреўиниң ҳаялы келип, урып атырған адамнан күйеўин айырып алыў ушын, сол адамның жынысый ағзасынан усласа, 12онда ҳаялдың қолын шаўып таслаңлар. Оны аяп отырмаңлар.

13Дорбаңызда биреўи аўыр, екиншиси жеңил еки түрли тәрези таслар болмасын. 14Үйиңизде биреўи үлкен, екиншиси кишкене сыйымлылық өлшейтуғын ыдыслар болмасын. 15Тәрези тасларыңыз да, сыйымлылық өлшейтуғын ыдысларыңыз да ҳадал ҳәм дурыс болсын. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған жеринде өмириңиз узақ болады. 16Қудайыңыз Жаратқан Ийе сондай наҳақлық қылатуғынлардан жеркенеди.

Амалек халқын өлтириў ҳаққындағы буйрық

17Сизлер Мысырдан шыққаннан кейин амалек халқының сизлерге не ислегенин умытпаңлар. 18Сизлер жолдан шаршап, ҳәлсизленип қалғаныңызда, олар Қудайдан қорқпай сизлерге ҳүжим қылып, артыңызда қалған барлық ҳәлсирегенлерди өлтирген еди. 19Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде әтирапыңыздағы барлық душпанларыңызды жеңип, тынышлыққа ерискениңизде, амалек халқын жоқ қылып, олардың атын жер жүзинен өширип таслаңлар. Буны умытпаңлар!»
Copyright information for KaaIBT22C