Deuteronomy 26
Биринши зүрәәт ҳәм оннан бирин ажыратыў
1«Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елге кирип, ол жерди ийелеп, жайласып алғаныңызда, 2сол елдиң жерлеринен жыйнап алатуғын барлық зүрәәтлериңиздиң биринши өнимлеринен алып, себетке салыңлар. Кейин оларды Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жерине алып барыңлар. 3Сол ўақытта хызмет етип атырған руўханийдиң алдына барып, оған былай деп айтыңлар: „Жаратқан Ийениң бизлерге беремен деп, ата-бабаларымызға ант ишкен елине келдим. Бүгин мен усыны Қудайың Жаратқан Ийениң алдында тән аламан“. 4Руўханий қолыңыздан себетти алып, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнының алдына қойсын. 5Соннан кейин, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында былай деп айтыңлар: „Ата-бабам көшпели арамлы еди. Ол азғантай адамы менен Мысырға барып, сол жерде келгинди болып жасай баслады. Бирақ ол уллы, күшли ҳәм сансыз халыққа айланды. 6Мысырлылар бизлерге жаман қатнаста болып, зулымлық етти ҳәм аўыр жумыс ислеўге мәжбүрледи. 7Сонда бизлер ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынып, дад салдық. Жаратқан Ийе дадымызды еситти ҳәм бизлердиң азап шегип атырғанымызды, ислеп атырған аўыр мийнетимизди, мысырлылардың бизлерге ислеп атырған езиўшилигин көрди. 8Соннан кейин, Ол қүдирети ҳәм созылған күшли қолы, уллы ҳәм қорқынышлы ислери ҳәм кәраматлы белгилери менен бизлерди Мысырдан алып шықты. 9Ол бизлерди усы жерге алып келди, сүт ҳәм пал ағып турған усы жерди бизлерге берди. 10Енди, Жаратқан Ийе, бизлерге берген жериңниң биринши зүрәәтин Саған алып келдик“. Кейин себетти Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдына қойып, Оған сыйыныңлар. 11Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге ҳәм шаңарақларыңызға берген барлық ийгиликли затлары ушын қуўанып, шадланыңлар. Лебийлилер ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер де сизлер менен бирге байрамласын. 12Сизлер үшинши жылы, оннан бирин беретуғын жылы, барлық зүрәәтиңизден оннан бир бөлегин айырып қойыңлар. Сол оннан бириңизди лебийлилерге, келгиндилерге, жетим-жесирлерге бериңлер. Солай етип, олар да қалаларыңызда ишип-жеп тойсын. 13Соннан кейин, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге былай деп айтыңлар: „Үйимнен мухаддес оннан бирлерди толығы менен шығарып, Өзиң буйырғаныңдай, буларды лебийлилерге, келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге бердим. Сениң ҳеш бир буйрықларыңды бузбадым, олардың ҳеш бирин де умытпадым. 14Аза тутқан ўақтымда, мухаддес оннан биринен жемедим, ҳарам болған ўақтымда да, оларға тиймедим ҳәм өлилердиң әрўақларына усынбадым. Қудайым Жаратқан Ийе, Сениң сөзиңе қулақ салдым ҳәм маған буйырғанларыңның ҳәммесин орынладым. 15Енди аспандағы мухаддес мәканыңнан бизлерге нәзериңди түсир! Ата-бабаларымызға ишкен антың бойынша бизлерге берген сүт ҳәм пал ағып турған жерге ҳәм Израил халқыңа берекет бер“».Қудайдың халқы
16«Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийе усы қағыйдаларға ҳәм нызамларға әмел қылыўыңызды буйырып атыр. Буларды шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен муқыятлы түрде орынлаңлар. 17Бүгин сизлер: „Жаратқан Ийе бизлердиң Қудайымыз, Оның жолларынан жүремиз, Оның қағыйдаларына, буйрықларына ҳәм нызамларына әмел қыламыз, Оған бойсынамыз“, – деп ашық тән алдыңыз. 18Жаратқан Ийе берген ўәдеси бойынша, бүгин сизлерди Өз ғәзийнеси сыпатында жәриялайды. Оның барлық буйрықларына әмел қылыңлар. 19Ол сизлерди Өзи жаратқан барлық халықлардан жоқары қылады. Сизлер алғыс-мақтаўға ҳәм ҳүрметке ерисесиз. Оның берген ўәдеси бойынша, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқы боласыз».
Copyright information for
KaaIBT22C