‏ Deuteronomy 27

Эбал таўындағы қурбанлық орын

1Муўса менен Израилдың ақсақаллары халыққа былай деп буйырды: «Бүгин мен сизлерге берген буйрықларға әмел қылыңлар. 2Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елге кириў ушын Иордан дәрьясынан кесип өткениңизден кейин, үлкен тасларды орналастырып, оларды ҳәклеп шығыңлар. 3Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге берген ўәдеси бойынша, Ол сизлерге беретуғын сүт ҳәм пал ағып турған жерге киргениңизде, бул нызамдағы барлық сөзлерди сол тасларға жазыңлар. 4Иордан дәрьясынан кесип өткеннен кейин, бүгин сизлерге буйырғанымдай, тасларды Эбал таўына орнатып, оларды ҳәклеп шығыңлар. 5Ол жерде Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап басқа таслардан бир қурбанлық орын қурыңлар. Қурбанлық орын соғылатуғын тасларға темир әсбап тийгизбеңлер. 6Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сол қурбанлық орнын жонылмаған таслардан қурыңлар. Қурбанлық орынның үстинде Қудайыңыз Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар усыныңлар. 7Татыўлық қурбанлықларын да сол жерде шалып, жеңлер ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында шадланыңлар. 8Сол орнатылған тасларға нызамның барлық сөзлерин түсиникли етип жазып шығыңлар».

9Соннан кейин, Муўса менен лебийли руўханийлер пүткил израиллыларға: «Ҳәй, Израил, үнсизлик сақлап, қулақ салыңлар! Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң халқы болдыңыз. 10Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салыңлар, бүгин мен сизлерге берип атырған Оның буйрықларына ҳәм қағыйдаларына әмел қылыңлар», – деди.

Бойсынбаўшылық себепли келетуғын нәлетлер

11Сол күни Муўса халыққа былай деп буйырды: 12«Иордан дәрьясынан өткениңизден кейин, халыққа айтылатуғын жарылқаўды тастыйықлаў ушын, Гериззим таўында мына урыўлар турсын: Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар, Юсуп ҳәм Бенямин. 13Ал айтылатуғын нәлетлерди тастыйықлаў ушын, мына урыўлар Эбал таўында турсын: Рубен, Гад, Ашер, Зебулон, Дан ҳәм Нафталий. 14Лебийлилер пүткил Израил халқына бәлент даўыс пенен былай деп айтсын:

15„Жаратқан Ийеге жеркенишли болған ойма ямаса қуйма бутты өнерментке ислетип, оны жасырын түрде орнатқан адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

16„Ата-анасына ҳүрметсизлик қылған нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

17„Өз қоңсысының жер шегарасын жылыстырған адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

18„Соқыр адамды жолдан адастырған адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

19„Келгинди ҳәм жетим-жесирлер ҳүким етилгенде, олардың ҳуқықын аяқ асты қылған адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

20„Әкесин шерменде қылып, оның ҳаялы менен жатқан адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

21„Қандай да бир ҳайўан менен жынысый қатнас ислеген адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

22„Анасынан ямаса әкесинен туўылған әжапасы яки қарындасы менен жатқан адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

23„Қәйин енеси менен жатқан адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

24„Биреўди жасырын түрде өлтирген адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

25„Айыпсыз биреўди өлтириў ушын, пара алған адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын.

26„Усы нызамға әмел қылмай, буларды орынламаған адам нәлетий болсын!“

Пүткил халық: „Аўмийин!“– деп айтсын».
Copyright information for KaaIBT22C