Deuteronomy 29
Моаб елиндеги дүзилген келисимниң шәртлери
1Жаратқан Ийе израиллылар менен Хореб таўында дүзген келисиминен тысқары, Моабта израиллылар менен келисим дүзиўди Муўсаға буйырды. Бул келисим төмендегиден ибарат: 2Муўса пүткил Израил халқын бир жерге жыйнап, оларға былай деди: «Жаратқан Ийениң Мысырда көз алдыңызда фараонға, оның барлық хызметкерлери менен халқына не ислегенлерин көрдиңиз. 3Оның жиберген уллы апатларын, белгилерин ҳәм қүдиретли кәраматларын өз көзиңиз бенен көрдиңиз. 4Деген менен, Жаратқан Ийе усы күнге дейин сизлерге түсинетуғын жүрек, көретуғын көз ҳәм еситетуғын қулақ бермеди. 5Ол сизлерди қырық жыл шөлде алып жүрди. Сонда сизлердиң үст кийимиңиз де, аяқ кийимиңиз де тозбады. 6Жегениңиз нан емес, ишкениңиз шарап ямаса басқа да өткир ишимлик емес еди. Булардың барлығын Оның Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенин түсиниўиңиз ушын қылды. 7Усы жерге келгенимизде, Хешбон патшасы Сихон менен Башан патшасы Ог бизлерге қарсы урыс ашты. Бирақ оларды жеңилиске ушыраттық. 8Олардың жерлерин ийелеп, Рубен, Гад урыўларына ҳәм Менашше урыўының ярымына мүлик етип бердик. 9Енди ҳәр бир исиңизде табыслы болыўыңыз ушын, усы келисим шәртлерин муқыятлы түрде орынлаңлар. 10– 11Бүгин ҳәммеңиз – урыў басшыларыңыз, ақсақалларыңыз, қадағалаўшыларыңыз, пүткил Израил еркеклери, балаларыңыз, ҳаялларыңыз ҳәм араңызда жасап атырған отыныңызды шабатуғын ҳәм суўыңызды тасыйтуғын келгиндилер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында турыпсыз. 12Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзетуғын келисиминиң күшке миниўи ушын, оны ант ишип тастыйықлаў ушын усы жерде турыпсыз. 13Солай етип, Ол ата-бабаларыңыз Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа ант ишип, сизлерге ўәде бергениндей, бүгиннен баслап, Ол сизлерди Өз халқы етип белгилесин ҳәм сизлердиң Қудайыңыз болсын. 14– 15Мине, Жаратқан Ийе ант пенен дүзетуғын келисимин усы жерде бизлер менен бирге Оның алдында турған тек ғана сизлер менен емес, ал еле дүньяға келмеген әўладларыңыз бенен де дүзип атыр. 16Мысырда қалай жасағанымызды, басқа халықлардың жерлеринен қалай өтип келгенимизди өзлериңиз де билесиз. 17Олардың ағаштан, тастан, гүмистен ҳәм алтыннан исленген жеркенишли бутларын көрдиңиз. 18Абайлы болыңлар, сизлердиң араңызда сол халықлардың қудайларына табыныў ушын, Қудайымыз Жаратқан Ийеден жүз буратуғын еркек ямаса ҳаял, тийре ямаса урыў болмасын. Араңызда бундай зәҳәр ҳәм ашшы мийўе беретуғын тамыр болмасын. 19Араңызда ҳеш бир адам усы келисимдеги нәлетлерди еситип турып, кеўлинде: „Өз қәлеўим бойынша жасасам да, бахытлы боламан“, – деп ойламасын. Бундай пикир ҳәммеңиздиң басыңызға апат алып келеди. 20Жаратқан Ийе бундай адамды кеширмейди. Жаратқан Ийениң ғәзеби ҳәм қызғанышы ол адамға қарсы лаўлап жанады. Усы китапта жазылған барлық нәлетлер оның басына жаўып, Жаратқан Ийе оның атын жер жүзинен өширип таслайды. 21Усы Нызам китабында жазылған келисимдеги барлық нәлетлер бойынша, Жаратқан Ийе оны Израил урыўларының арасынан жазалаў ушын айырып алады. 22Келешек әўладлар, балаларыңыз ҳәм узақ елден келген жат жерли адамлар Жаратқан Ийениң усы елге жиберген апатларын ҳәм кеселликлерди көреди. 23Пүткил елди отлы күкирт ҳәм дуз күйдирип таслайды. Жерге ҳеш нәрсе егип те болмайды, ҳеш нәрсе өсип те шықпайды, ҳеш қандай шөп те көгермейди. Елиңиз Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзебинен жер менен жексен болған Содом, Гомора, Адма ҳәм Себойым сыяқлы болып қалады. 24Пүткил халықлар: „Жаратқан Ийе бул елге не ушын бундай қылды? Бундай ғәзептиң төгилиўиниң себеби неде екен?“– дейди. 25Сонда оларға мынадай жуўап болады: „Бул халық ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң келисиминен бас тартты. Жаратқан Ийе оларды Мысырдан алып шыққанда, олар менен усы келисимди дүзген еди. 26Олар өзлери танымаған, Жаратқан Ийе өзлерине үлес қылып бермеген басқа қудайларға хызмет етип, табынып кетти. 27Сол себепли Жаратқан Ийениң ғәзеби қайнап, усы китапта жазылған барлық нәлетлерди усы елге жаўдырды. 28Ол қатты ашыўланып, күшли ғәзеби менен оларды өз елинен суўырып алып, бүгин көрип турғаныңыздай, басқа елге ылақтырып жиберди. Олар бүгинге дейин сол еллерде жасап атыр“. 29Жасырын қылмыслар Қудайымыз Жаратқан Ийеге тийисли. Бирақ ашылған қылмысларды усы нызамның шәртлери бойынша жазалаў мәңгиге бизлерге ҳәм урпақларымызға тапсырылған».
Copyright information for
KaaIBT22C