‏ Deuteronomy 3

Израиллылардың Башан патшасы Огты жеңиўи

1«Соннан кейин, бизлер Башанға қарай жол алдық. Башан патшасы Ог бизлерге қарсы урысыў ушын барлық ләшкерлери менен Эдрейде бизлердиң алдымыздан шықты. 2Жаратқан Ийе маған: „Оннан қорқпа! Өйткени оның өзин, ләшкерлерин ҳәм пүткил елин саған тәслим қыламан. Амор халқының Хешбонда жасаған патшасы Сихонға не ислеген болсаң, оған да соны ислейсең“, – деди.

3Солай етип, Қудайымыз Жаратқан Ийе Башан патшасы Огты ҳәм оның ләшкерлерин бизлерге тәслим қылды. Олардың ҳеш бирин аман қалдырмай, ҳәммесин қырып тасладық. 4Қолға киргизбеген бирде бир қала қалдырмай, Огтың барлық алпыс қаласын, Башандағы оның патшалығына кирген барлық Аргоб үлкесин қолға киргиздик. 5Бул қалалардың ҳәммеси бийик дийўаллар, дәрўазалар ҳәм дәрўазаларды қулыплап қоятуғын тәмбилер менен беккемленген еди. Булардан басқа дийўаллар менен қоршалмаған көп аўыллар да бар еди. 6Хешбон патшасы Сихонға ислегенимиздей, олардың ҳәммесин жоқ қылдық. Ҳәр бир қаланы еркек, ҳаял ҳәм балалары менен бирге пүткиллей жоқ қылдық. 7Олардың барлық ҳайўанларын ҳәм мал-мүликлерин өзлеримизге олжа етип алдық.

8Солай етип, сол ўақытта бизлер Арнон сайынан Хермон таўына дейин созылған Иордан дәрьясының күншығыс жағасындағы жерлерди амор халқының еки патшасының қолынан тартып алдық. 9Хермон таўын сидонлылар Сирйон таўы, ал амор халқы Сенир таўы деп атайды. 10Сол тегисликтеги барлық қалаларды, пүткил Гиладты, Огтың патшалығына тийисли Салка менен Эдрей қалаларына дейин созылған барлық Башанды қолға киргиздик».

11Рефа халқынан тек ғана Башан патшасы Ог тири қалған еди. Огтың Рабба қаласындағы жататуғын орны темирден еди, әпиўайы өлшемде бул орынның узынлығы тоғыз, ени төрт шығанақ еди.

Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде жайласқан урыўлар

12«Сонда бизлер қолға киргизген сол жерлерден Арнон сайының шетинде жайласқан Ароер қаласының арқа тәрепин, Гилад таўлы үлкесиниң жартысын ҳәм ол жердеги қалаларды Рубен ҳәм Гад урыўларына бердим. 13Менашше урыўының жартысына болса, Гиладтың қалған бөлегин ҳәм Огтың патшалығына тийисли Башанды бердим. Башандағы Аргоб үлкеси рефа халқының ели деп есапланатуғын еди. 14Менашше урыўынан болған Яир пүткил Аргоб үлкесин ийелеп алды. Бул үлке гешурлылар менен маахалылардың шегараларына дейин созылған еди. Яир Башан деп аталған бул үлкени өзиниң аты менен атады ҳәм ол жерлер бүгинге дейин Яирге тийисли қалалар деп аталады. 15Менашше урыўынан болған Махирдиң урпағына Гиладты бердим. 16Рубен ҳәм Гад урыўларына Гиладтан Арнон сайына дейин созылған жерлерди бердим. Арнон сайының ортасы олардың қубла шегарасы, бир бөлеги аммонлардың шегарасы болған Яббоқ дәрьясы арқа шегарасы болды. 17Олардың батыстағы шегарасы болса, Иордан тегислигиндеги Иордан дәрьясы бойлап, арқадағы Киннерет көлинен қубладағы Өли теңизге дейин ҳәм оның шығысындағы Писга таўының жанбаўырларына дейин созылған еди.

18Сонда мен сизлерге былай деп буйрық бердим: „Қудайыңыз Жаратқан Ийе усы Иордан дәрьясының шығыс тәрепиндеги жерди сизлерге мүлик етип берди. Енди сизлердиң барлық урысқа жарамлы адамларыңыз қуралланып, дәрьядан кесип өтсин. Олар израиллы туўысқанларының алдында жүрсин. 19Ал ҳаялларыңыз бенен балаларыңыз мен сизлерге берген қалаларда қалсын. Малларыңыз көп екенин билемен, олар да қалаларыңызда қала берсин. 20Жаратқан Ийе сизлерге рәҳәт бергениндей, туўысқанларыңыз да рәҳәтке ериссин ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийе берип атырған Иордан дәрьясының арғы тәрепиндеги жерди ийелеп алыўына жәрдем бериң. Соннан кейин, ҳәр бириңиз өзлериңизге берилген усы жерге қайтып келиўиңизге болады“.

21Сол ўақытта мен Ешуаға: „Қудайың Жаратқан Ийениң бул еки патшаға не ислегенин өз көзиң менен көрдиң. Жаратқан Ийе сен басып өтетуғын сол барлық патшалықларды да сондай аўҳалға салады. 22Олардан қорқпа! Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер ушын урысады“, – дедим».

Жаратқан Ийениң Қанан елине Муўсаның кириўин қадаған етиўи

23«Кейин мен Жаратқан Ийеге былай деп жалбарындым: 24„Қудай Ийе, уллылығыңды ҳәм қүдиретли қолыңды Өз қулыңа көрсетип басладың. Аспанда да, жерде де Сениң әжайып ҳәм уллы ислериңди ислей алатуғын басқа ҳеш қандай қудай жоқ! 25Маған рухсат бер, мен Иордан дәрьясынан өтип, арғы жағадағы әжайып елди, сол сулыў таўлы үлкени ҳәм Лебанон таўларын көрейин“.

26Бирақ Жаратқан Ийе сизлер себепли маған ғәзепленип, жалбарыныўыма қулақ салмады. Ол маған былай деди: „Жетер, болды! Маған бул ҳаққында артық сөз айтпа. 27Писга таўына шық. Батысқа, арқаға, қублаға ҳәм шығысқа көз таслап, жақсылап өз көзиң менен көрип ал. Себеби сен Иордан дәрьясының арғы жағасына өтпейсең. 28Ешуаға хызметти тапсыр. Оны жигерлендирип, руўхландыр. Өйткени бул халық Иордан дәрьясының арғы жағасына Ешуаның басшылығы астында өтеди. Сен көретуғын жерлерди халыққа ол мүлик етип, алып береди“. 29Солай етип, бизлер Бейт-Пеордың қарсы алдындағы ойпатлықта тоқтадық».
Copyright information for KaaIBT22C