‏ Deuteronomy 30

Қайта тиклениўдиң ҳәм жарылқаўдың шәртлери

1«Мен сизлерге айтқан усы барлық жарылқаўлар ямаса нәлетлер басыңызға түскенде, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди тарқатып жиберген халықлардың арасында усыларды есиңизге түсиресиз. 2Сол ўақытта бүгин сизлерге буйырғанымдай, сизлер ҳәм урпақларыңыз Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қайтып, шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен Оған қулақ салсаңыз, 3Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге реҳим қылып, бурынғы абаданшылығыңызды тиклейди. Сизлерди арасына тарқатып жиберген халықлардың ишинен қайтадан жыйнап алады. 4Дүньяның басқа шетине сүргин болсаңыз да, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди жыйнап, қайтарып алып келеди. 5Сизлерди ата-бабаларыңыздың мүлик етип алған елине алып келеди. Сол жерди мүлик етип алғаныңызда, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге жақсылық алып келеди ҳәм сизлерди ата-бабаларыңыздан да гөре көбейтеди. 6Сизлердиң ҳәм урпақларыңыздың жүреклерин өзгертеди. Сонда Оны шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен сүйип, өмирге ийе боласыз. 7Қудайыңыз Жаратқан Ийе барлық нәлетлерди сизлерди жек көрип, қуўдалаған душпанларыңыздың үстине жаўдырады. 8Сизлер Жаратқан Ийениң сөзине және қулақ салып, бүгин мен сизлерге берип атырған буйрықлардың ҳәммесине әмел қыласыз. 9Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди қол урған ҳәр бир исиңизде табыслы қылады. Сизлер үбирли-шүбирли боласыз, малларыңыз көбейеди ҳәм жерлериңиздиң өними мол болады. Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңыздан қаншелли кеўли толған болса, сизлерден де соншелли кеўли толады ҳәм сизлерди табысқа еристиреди. 10Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салың, усы Нызам китабында жазылған Оның буйрықларына, қағыйдаларына әмел қылып, шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен Жаратқан Ийеге қайтың.

11Бүгин мен сизлерге берип атырған буйрық сизлер ушын қыйын емес ямаса сизлер жетип бара алмайтуғындай узақта емес. 12Сизлер: „Бизлер буйрықты тыңлап, оны орынлаўымыз ушын, ким аспанға шығып, оны алып келеди?“– деп айтатуғындай, ол аспанда емес. 13Сизлер: „Бизлер буйрықты тыңлап, оны орынлаўымыз ушын, ким теңиздиң арғы жағына барып, оны алып келеди?“– деп айтатуғындай, ол теңиздиң арғы жағында да емес. 14Керисинше, Қудайдың сөзи сизлерге жүдә жақын, орынлаўыңыз ушын, ол сизлердиң аўзыңызда ҳәм жүрегиңизде.

15Мине, бүгин мен сизлердиң алдыңызға өмир менен ийгиликти, өлим менен жаўызлықты қойып атырман. 16Бүгин мен сизлерге Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиўди, Оның жолы менен жүриўди, буйрықларына, қағыйдаларына ҳәм нызамларына әмел қылыўды буйыраман. Сонда сизлер аман жасайсыз, көбейесиз ҳәм мүлик етиў ушын баратырған елде Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди жарылқайды.

17Бирақ, егер де сизлер жүрегиңизди басқа жаққа бурып, буларға қулақ салмай, жолдан азғырылсаңыз ҳәм басқа қудайларға табынып, хызмет етсеңиз, 18онда сизлерге сөзсиз жоқ болатуғыныңызды билдиремен. Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етип алатуғын елде көп жасамайсыз.

19Бүгин мен сизлерге өмир ямаса өлимди, жарылқаў ямаса нәлетти таңлаў мүмкиншилигин бердим. Буған аспан менен жерди сизлерге қарсы гүўа етип қояман. Өмирди таңлаң, сонда сизлер де, балаларыңыз да жасайсыз. 20Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиң, Оның сөзине қулақ салып, Оған садық болың. Өйткени Ол сизлердиң өмириңиздур. Жаратқан Ийе ата-бабаларыңыз Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыпқа беремен, деп ант ишкен елде сизлердиң өмириңиз узақ болады».
Copyright information for KaaIBT22C