Deuteronomy 32
1«Ҳәй, аспан, қулақ сал, мен айтайын,Ҳәй, жер жүзи аўзымнан шыққан сөзлерди тыңла!
2Тәлимим жаўындай жаўсын,
Сөзлерим шық яңлы түссин,
Майса шөплерге түскен жаўын тамшысындай,
От-шөплерге қуятуғын мол жаўындай болсын.
3Жаратқан Ийениң атын жәриялайман,
Мақтаңлар Қудайымыздың уллылығын!
4Ол мениң қорғаўшы жартасымдур, Оның ислери минсиздур,
Барлық жоллары әдилдур.
Наҳақлық қылмайтуғын садық Қудайдур.
Ол әдил ҳәм ҳақыйқатдур.
5Бирақ бул бузық ҳәм турақсыз әўлад,
Оған садық қалмады.
Соның ушын, Оның балалары емесдур.
Бул олардың шерменделигидур.
6Жаратқан Ийениң жақсылығын усылай қайтарасыз ба,
Ҳәй, ақмақ ҳәм ақылсыз халық?
Ол сизлерди жаратып, пишим берген,
Әкеңиз болған Жаратыўшыңыз емес пе?!
7Әййемги заманды еслең,
Өткен урпақларды ойлаң,
Әкеңизден сораң, ол сизлерге айтып берер,
Ғаррылар сизлерге баянлап берер.
8Қудай Таала халықларға үлес жерлерин берип,
Адамзатты миллетлерге бөлип тарқатқанда,
Халықлардың шегаралары,
Иләҳий барлықлардың ▼
▼ Иләҳий барлықлар – Әййемги грекше аўдармадан ҳәм Қумран қолжазбаларынан. Басқа еврейше қолжазбаларда «Израил уллары».
санына қарай белгиленди.9Ал Жаратқан Ийениң үлеси Өз халқыдур,
Яқып урпағы Оның пайына түскен мүлкидур.
10Жаратқан Ийе Израилды шөлден,
Ызғырған қула дүзден таўып алды,
Оны орап алып, ғамхорлық қылды,
Көзиниң қарашығындай етип қорғады.
11Ининдегилерин оятып атырған,
Өз палапанларын дөгереклеп айланған,
Қанатларын жайып, палапанларын көтерген,
Қанатлары үстинде оларды алып жүрген бүркиттей,
12Жаратқан Ийе жалғыз Өзи Израилды алып жүрди,
Жат қудайдың ҳеш қандай жәрдемисиз.
13Израилды жердиң таўлы үлкесине отырғызды,
Атыздың өними менен тойдырды.
Оны жартастан аққан пал менен,
Таслы жерден шыққан зәйтүн майы менен тәмийинледи.
14Сыйырлардың қатығы, ешкилердиң сүти менен,
Семиз қозылар, Башанның ең жақсы қошқар ҳәм текелери менен,
Ең сапалы бийдай менен оны тәмийинледи.
Жүзимнен исленген қызыл қандай шарабынан ишкизди.
15Ешурун ▼
▼ Ешурун – Израил халқына берилген басқа атама болып, «Әдил» деген мәнисти береди.
семирди де, өжетленип тепкиленди,Қарны тойды ҳәм май байлап, жылтырап кетти,
Өзин жаратқан Қудайды таслап кетип,
Қутқарыўшы Жартасын менсинбеди.
16Басқа қудайларға табынып, Қудайдың қызғанышын оятты,
Жеркенишли бутлары менен Оны ғәзепке миндирди.
17Олар қудай болмаған жинлерге,
Өзлери танымаған басқа қудайларға,
Ата-бабалары қорқпаған, кейин пайда болған,
Таза қудайларға қурбанлық берди.
18Сени туўған Жартасты еслемедиң,
Сени дүньяға келтирген Қудайды умытып кеттиң.
19Жаратқан Ийе буларды көрип, олардан жүз бурды,
Өйткени Өз ул-қызлары Оның ғәзебине тийди.
20Ол былай деди: „Бул халықтан жүзимди жасыраман,
Олардың ақыбети не болатуғынын көремен.
Себеби олар турақсыз нәсил, опасыз балалардур.
21Олар қудай болмаған бутлары менен,
Мениң қызғанышымды оятты,
Жарамсыз бутлары менен Мениң ғәзебиме тийди.
Мен де халық болмаған бир халық пенен,
Олардың қызғанышын оятаман.
Ақылсыз бир халық пенен, олардың ғәзебине тийемен.
22Себеби сизлерге қарсы ғәзебим оттай лаўлап,
Өлилер мәканының түпкирине дейин жанып кетти,
Ол жер жүзин ҳәм оның өнимлерин күйдирип жоқ етеди,
Таўлардың негизги тырнақларын жандырып жибереди.
23Олардың басына апат жаўдыраман,
Оқларымды оларға қарсы толық жумсайман.
24Ашлық олардың диңкесин қуртады,
Ысытпа кеселлиги жанып күйдиреди,
Оба олардың жанын алады.
Жыртқыш ҳайўанларды жиберемен оларға қарсы,
Жер баўырлаўшылар зәҳәрин шашады.
25Көшелерде жигит ҳәм қызларды қылыш өлтиреди,
Үйлеринде қорқыныш бийлик қылады,
Емизиўли бала да, ақ шашлы ғаррылар да аман қалмайды.
26Оларды тас-талқан етер едим,
Адамлардың арасынан олардың атларын өширип таслар едим.
27Бирақ душпанлар мақтанып жүрмесин,
Олар надурыс түсинбесин, дедим.
Булардың барлығын ислеген Жаратқан Ийе емес,
Бизлер өзлеримиз жеңиске еристик, – деп ойламасын дедим“.
28Израил ақылын жойтқан халықдур,
Оларда ҳеш қандай сезим жоқдур.
29Қәнекей, оларда ақыл болғанда, түсинер еди,
Ақыбети не болатуғынын билер еди!
30Қорғаўшы Жартасы оларды сатпағанда,
Жаратқан Ийе Өз халқын жаўға тәслим етпегенде,
Душпанның бир адамы мың израиллыны қуўа алар ма еди?
Еки адамы он мың адамды қуўғын қыла алар ма еди?
31Ҳәттеки, мойынлайды душпанларымыз,
Жартасымыздың уқсамайтуғынын олардың жартасына.
32Олардың жүзим шақалары Содом шақасынан,
Бағлары Гомора бағларынандур.
Жүзим мийўелери зәҳәрге толы,
Ашшыдур жүзим солқымлары.
33Шараплары жыланның зәҳәри,
Кобраның өлтиретуғын уўыдур.
34Жаратқан Ийе былай дейди:
„Израил душпанларының жаўызлықларын дизип қойдым,
Оларды жазалаў ушын, ғәзийнеме мөрлеп қойдым.
35Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен,
Ўақты келгенде, олардың аяқлары таяды,
Жақындур олардың қулайтуғын күни,
Жаза күни жүдә жақын қалды“.
36Жаратқан Ийе Өз халқының ҳуқықын қорғайды,
Олардың күши ҳәлсизленип,
Елде қул ҳәм еркли адамлардың аман қалмағанын көргенде,
Оларға жаны ашыйды.
37Сонда Жаратқан Ийе Өз халқына былай дейди:
„Исенген қудайларыңыз қай жерде?
Сизлердиң пана тапқан жартасыңыз қәне?
38Қурбанлықларыңыздың майын жеген,
Ишимлик садақаларыңызды ишкен,
Қаяқта сол бир қудайларыңыз?
Енди олар келип, сизлерге жәрдем берсин!
Сизлерди солар қорғасын!
39Билип қойыңлар, жалғыз Мен Қудайман,
Меннен басқа қудай жоқдур!
Өлтиретуғын да, тирилтетуғын да Мен,
Жарақатлайтуғын да, шыпа беретуғын да Мен боламан.
Ҳеш ким Мениң қолымнан қутқара алмас.
40Қолымды аспанға көтеремен,
Мәңги тирилигим ҳақы ант ишемен:
41Мен жалтылдаған қылышымды қайрайман,
Әдиллик орнатыў ушын, оны қолыма аламан,
Солай етип, душпанларымнан өш аламан,
Мени жек көргенлерди жазалайман.
42Оқларымды қан менен мәс етемен,
Қылышымды ет пенен тойдыраман.
Өликлер ҳәм тутқынлардың қаны ағады,
Душпан басшыларының баслары кесиледи“.
43Ҳәй, халықлар, Оның халқын қутлықлаңлар,
Өйткени Ол қулларының қанының қунын талап қылар.
Душпанларынан өш алып,
Өз халқының жерин пәклер».
44Муўса Нун улы Ешуа менен бирге келип, усы жырды халыққа айтып берди. 45Муўса усы сөзлердиң ҳәммесин пүткил Израил халқына айтып болғаннан кейин, 46оларға былай деди: – Бүгин мен сизлерге жеткерген усы сөзлердиң ҳәммесин жүрегиңизде сақлаң. Усы нызамның барлық сөзлерин муқыятлы түрде орынлаң, деп балаларыңызға буйырың. 47Булар бос сөзлер емес, ал сизлердиң өмириңиздур. Иордан дәрьясынан өтип, мүлик ететуғын елде усы сөзлердиң саясында сизлердиң өмириңиз узақ болады.
Муўсаның Небо таўына шақырылыўы
48Жаратқан Ийе сол күни Муўсаға былай деди: 49– Ерихоның қарсысындағы Моаб елиндеги Абарим таўларының бири болған Небо таўына шық. Сол жерден Мен Израил халқына мүлик етип берип атырған Қанан жерине қара. 50Әжағаң Харон Ҳор таўында өлип, ата-бабаларына қосылғаны сыяқлы, сен де усы таўға шығып, өлесең ҳәм ата-бабаларыңа қосыласаң. 51Себеби екеўиңиз де Зин шөлинде, Қадештеги Мериба суўларында израиллылардың алдында Маған опасызлық қылып, мухаддеслигимди тән алмадыңыз. 52Соның ушын, сен Мен Израил халқына берип атырған жерди тек узақтан көресең, бирақ оған кирмейсең.
Copyright information for
KaaIBT22C