‏ Deuteronomy 33

Муўсаның Израил урыўларына пәтия бериўи

1Қудайдың адамы Муўса өлиминен алдын израиллыларға ақ пәтиясын берип, 2былай деди:

«Жаратқан Ийе Синай таўынан келди,
Сеирден Өз халқына қуяштай көтерилди,
Паран таўынан нур шашты.
Он мыңдай периште менен бирге келди,
Оң қолында лаўлаған от бар еди.
3Аўа, Жаратқан Ийе Өз халқын сүйеди,
Өзине бағышланған барлық адамларды қорғайды.
Олар Жаратқан Ийениң аяқларына бас урады,
Ҳәм Оның сөзлерин қабыллайды.
4Муўсаның бизлерге берген нызамы,
Яқып жәмийетиниң баҳалы мүлки болды.
5Израилдың урыўлары ҳәм басшылары бир жерге жыйналғанда,
Жаратқан Ийе Ешурунның патшасы болды».

6Муўса Рубен урыўы ҳаққында былай деди: «Рубен урыўы жасасын, өлмесин,
Халқының саны аз болса да, аман болсын».

7Муўса Яҳуда урыўы ҳаққында мыналарды айтты: «Яҳуданың пәриядын есит, Жаратқан Ийе,
Оны басқа урыўлар менен бирлестир.
Ол өз қоллары менен өзин қорғап атыр,
Душпанларына қарсы оған жәрдемши бол».

8Ол Лебий урыўы ҳаққында былай деди: «О, Жаратқан Ийе, Сениң Урим ҳәм Туммимиң
Урим ҳәм Туммим – бул Қудайдың еркин билиў ушын арналған таслар болып, оларды шек таслаў жолы менен қолланған болыўы мүмкин.

Садық қулың Лебий ушындур.
Массада оны сынап көрдиң,
Мериба суўларында оның менен тартыстың.
9Ол ата-анасынан, аға-инисинен,
Өз балаларынан гөре, Сени жоқары қойды.
Сениң буйрықларыңды орынлады,
Келисимиңе садық қалды.
10Сениң қағыйдаларыңды Яқыптың урпақларына,
Нызамларыңды Израилға үйретеди.
Сениң алдыңда түтетки түтетип,
Қурбанлық орныңда толығы менен жандырылатуғын қурбанлықлар усынады.
11Оның байлығын жарылқа, Жаратқан Ийе,
Қол урған ислеринен кеўлиң толсын.
Оған қарсы шыққанлардың
Душпанларының белин сындыр,
Жаўлары қайтып аяққа тура алмасын!»

12Муўса Бенямин урыўы ҳаққында былай деди: «Жаратқан Ийениң сүйиклиси, Оның жанында қәўип-қәтерсиз жасасын,
Жаратқан Ийе ҳәмме ўақытта оны қорғайды,
Ол да Жаратқан Ийениң қушағында тынышлық табады».

13Юсуп ушын былай деди: «Жаратқан Ийе оның жерине берсин берекет,
Аспаннан түсетуғын баҳалы шық пенен,
Жер асты булақ суўлары менен.
14Жеринде қуяшқа тойған сапалы өним өссин,
Өз мәўсиминде мийўелер мол болсын.
15Әййемнен киятырған таўлардың ең жақсы сыйлары менен,
Мәңги төбешиклердиң молшылығы менен,
16Жердиң ең жақсы өними ҳәм ҳәр бир нәрсеси менен,
Пута ишинде Көрингенниң мийрими менен берекетленсин.
Юсуп урпағынан болған адамларға,
Туўысқанларының арасында басшы болған Юсупке усы берекет жаўсын.
17Биринши туўылған буға сыяқлы қүдиретлидур ол,
Шақлары жабайы буғаның шақлары яңлы.
Оның бир шақы Эфрайымның он мың адамы,
Екинши шақы Менашшениң мыңлағаны.
Юсуп усы шақлары менен халықларды сүзеди,
Жер жүзиндеги халықларды қуўады».

18Ол Зебулон ҳәм Иссахар урыўы ҳаққында былай деди: «Ҳәй, Зебулон жолға шыққаныңда қуўанышқа бөлен,
Иссахар, сен шатырларыңда шадлан!
19Олар басқа халықларды таўға шақырады,
Ол жерде мақул болатуғын қурбанлықларды шалады.
Олар теңизлердиң молшылығы менен,
Теңиз жағасының байлығы менен азықланар».

20Муўса Гад урыўы ҳаққында былай деди: «Гадтың жерин кеңейткен Қудайға алғыс айтың!
Гад арыслан сыяқлы өз жеринде жасайды,
Олжасының қол ҳәм басларын бөлеклеп таслайды.
21Ол өзи ушын жердиң жақсысын таңлады,
Басшының үлеси оған берилди.
Халықтың басшылары жыйналғанда,
Ол орынлады Израил халқы менен бирге,
Жаратқан Ийениң әдил еркин ҳәм Оның ҳүкимлерин».

22Муўса Дан урыўы ҳаққында былай деди: «Дан жас арысланға мегзер,
Ол Башаннан секирип шығар».

23Нафталий урыўы ҳаққында былай деди: «Ҳәй, Жаратқан Ийениң оң жағына шыққан,
Оның жарылқаўына толып турған Нафталий!
Сен батыс пенен қубланы мүлик етип аласаң».

24Ол Ашер ҳаққында былай деди: «Басқа урыўлардың ишинде Ашер ең көп жарылқанғаныдур,
Туўысқанларының ишиндеги ең сүйиклиси болсын.
Оның жери зәйтүн ағашына бай болсын.
25Дәрўазаңның тәмбилери темир ҳәм қоладан болып,
Өмириң бойы қәўипсиз жаса».

26«Ҳәй, Ешурун, Қудайымызға мегзес ҳеш ким жоқдур,
Ол саған жәрдем бериў ушын аспаннан,
Бултлар үстинде келер салтанаты менен.
27Әзелден бар болған Қудай сениң панаңдур,
Сени Ол Өзиниң мәңгилик қолларында алып жүрер.
Душпанларыңды алдыңнан қуўып шығарып,
Саған: „Оларды қырып тасла!“– деп айтады.
28Солай етип, Израил қәўип-қәтерсиз жасайды,
Яқыптың мәканы аман болады,
Дән ҳәм шарап елинде мол болады,
Аспаннан оның жерине шық түседи.
29Израил, сен қандай бахытлысаң!
Саған мегзейтуғын бар ма өзи?
Сен Жаратқан Ийе қутқарған халықсаң.
Жаратқан Ийе сени қорғайтуғын қалқандур,
Жеңис беретуғын сениң қылышыңдур.
Душпанларың сеннен айбынады,
Сен олардың арқасын басып, езесең».
Copyright information for KaaIBT22C