‏ Deuteronomy 34

Муўсаның өлими

1Соннан кейин, Муўса ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинен Ерихо қаласына қарсы жайласқан Небо таўына, Писга таўының төбесине шықты. Жаратқан Ийе оған пүткил елди көрсетти: арқадағы Дан қаласына дейин созылған Гилад жерин, 2пүткил Нафталий жерлерин, Эфрайым ҳәм Менашше жерлерин, батыстағы теңизге дейин созылған пүткил Яҳуда жерлерин, 3қубладағы Негебти ҳәм тегисликти. Бул Соар қаласына дейин созылған Пальма қаласы деп аталған Ерихо тегислиги. 4Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға: «Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа: „Сениң урпағыңа беремен“деп ант ишкен ел усы болады. Мине, усы елди көзлериң менен көриўге мүмкиншилик бердим, бирақ сен ол жерге кирмейсең», – деди.

5Солай етип, Жаратқан Ийениң айтқанындай, Оның қулы Муўса сол Моаб елинде қайтыс болды. 6Жаратқан Ийе оны Бейт-Пеорға қарама-қарсы жайласқан Моабтағы ойпатлыққа көмди. Муўсаның қәбири қай жерде екенлигин бүгинге дейин ҳеш ким билмейди. 7Муўса қайтыс болғанда, бир жүз жигирма жаста еди. Деген менен, оның көзи де ҳәлсизленбеген, күш-ғайраты да қайтпаған еди. 8Израиллылар ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде Муўсаны жоқлап отыз күн аза тутты.

Кейин Муўса ушын азалаў күнлери тамам болды.
9Нун улы Ешуа даналық руўхы менен толған еди. Өйткени Муўса өлиминен алдын оған қолларын қойып, оны жолбасшы етип тайынлаған еди. Израиллылар оған қулақ салып, Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрықларына әмел қылды.

10Израилда сол күннен бүгинге дейин, Муўсаға уқсаған пайғамбар болмады. Себеби Жаратқан Ийе Муўса менен жүзбе-жүз көрисип, сөйлесетуғын еди. 11Жаратқан Ийе оны Мысырда фараонға, оның хызметкерлерине ҳәм пүткил Мысыр халқына Өз кәрамат ҳәм белгилерин көрсетиў ушын жиберген еди. 12Муўса пүткил Израил халқының көз алдында қүдиретли, уллы ҳәм қорқынышлы ислер ислеген еди.
Copyright information for KaaIBT22C