‏ Deuteronomy 5

Он буйрық

(Шығ 20:1-17)

1Муўса пүткил израиллыларды бир жерге жыйнап, оларға былай деди: «Ҳәй, Израил, бүгин сизлерге айтатуғын қағыйдалар ҳәм нызамларға қулақ салыңлар! Оларды үйренип, муқыятлы түрде орынлаңлар! 2Қудайымыз Жаратқан Ийе Хореб таўында бизлер менен бир келисим дүзди. 3Жаратқан Ийе ата-бабаларымыз бенен емес, ал бизлер менен, бүгин усы жерде тири болған ҳәммемиз бенен келисим дүзди. 4Жаратқан Ийе сол таўда оттың ишинен сизлер менен жүзбе-жүз сөйлести. 5Сол ўақытта мен Жаратқан Ийе менен сизлердиң араңызда турып, Оның сөзин сизлерге жеткердим. Себеби сизлер оттан қорқып, таўға шықпадыңыз. Сонда Жаратқан Ийе былай деп айтты:

6„Мен – сени Мысырдан, қул болған жериңнен алып шыққан Қудайың Жаратқан Ийемен.

7Сениң Меннен басқа қудайларың болмасын.

8Жоқарыдағы аспанда, төмендеги жер жүзинде ҳәм жер астындағы суўларда болған ҳеш бир нәрсениң көринисин соғып, өзиңе бут жасама. 9Оларға табынба ҳәм хызмет қылма. Себеби Мен – сениң Қудайың Жаратқан Ийе, қызғаныўшы Қудайман. Мени жек көргенлерди әкесиниң гүнасы ушын балаларын, олардың үшинши, төртинши әўладына шекем жазалайман. 10Бирақ Мени сүйгенлерге ҳәм буйрықларымды орынлағанларға мыңыншы урпағына дейин жақсылық қыламан.

11Қудайың Жаратқан Ийениң атын жөнсиз тилиңе алма. Өйткени Жаратқан Ийе атын босқа тилге алғанларды жазасыз қалдырмайды.

12Қудайың Жаратқан Ийениң буйрығына муўапық, Шаббат күнине әмел қылып, оны мухаддес тут. 13Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле. 14Ал жетинши күн Маған, Қудайың Жаратқан Ийеге арналған Шаббат күни. Сол күни ҳеш қандай ис қылма. Улың да, қызың да, қулың да, шорың да, өгизиң, ешегиң ҳәм басқа малларың да, араңыздағы келгинди адам да ҳеш қандай ис қылмасын. Солай етип, қул ҳәм шорыларың да өзиңдей дем алсын. 15Мысырда қул болғаныңды ҳәм Қудайың Жаратқан Ийе сени сол жерден күшли ҳәм қүдиретли қолын созып шығарғанын есле. Соның ушын, Қудайың Жаратқан Ийе Шаббат күнине әмел қылыўыңды буйырды.

16Қудайың Жаратқан Ийе буйырғанындай, ата-анаңды ҳүрметле. Сонда Қудайың Жаратқан Ийениң саған беретуғын жеринде өмириң узақ болады ҳәм абадан турмыс кеширесең.

17Адам өлтирме.

18Неке ҳадаллығын бузба.

19Урлық ислеме.

20Ҳеш кимге қарсы жалған гүўалық берме.

21Ҳеш бир адамның ҳаялын күсеме. Оның үйин, атызын, қулын, шорысын, өгизин, ешегин, ҳеш бир нәрсесин күсеме“.

22Жаратқан Ийе бул сөзлерди пүткил жәмийетиңизге сол таўда оттың, булттың, қойыў қараңғылықтың ишинен бәлент даўыс пенен айтты. Бул сөзлерге басқа ҳеш нәрсе қоспады. Соннан кейин, Ол бул буйрықларды тегис еки тастың үстине жазып, маған берди.

23Таў от болып жанып турғанда, қараңғылық ишинен даўыс еситтиңиз. Сонда барлық урыў басшыларыңыз ҳәм ақсақалларыңыз мениң алдыма келип, 24былай деди: „Мине, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге салтанатын ҳәм уллылығын көрсетти ҳәм оттың ишинен шыққан Оның даўысын еситтик. Бүгин бизлер Қудайдың адамзат пенен сөйлескенин ҳәм адамзаттың тири қалғанын көрдик. 25Бирақ енди бизлер не ушын өмиримизди және қәўип астына қойыўымыз керек? Бул үлкен от бизлерди жағып, жоқ етеди-ғо! Егер Қудайымыз Жаратқан Ийениң даўысын және бир мәрте еситсек, онда сөзсиз өлип қаламыз. 26Оттың ишинен сөйлеген тири Қудайдың даўысын бизлер сыяқлы еситип, тири қалған адам бар ма? 27Сен барып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңла. Соннан кейин, Оның барлық сөзлерин бизлерге айтып бер. Бизлер қулақ салып, орынлаймыз“.

28Жаратқан Ийе сизлердиң маған айтқанларыңызды еситип, маған былай деди: „Мен бул халықтың саған не айтқанларын еситтим. Олардың барлық айтқанлары дурыс. 29Қәнекей, олардың жүреклери ҳәмме ўақытта усындай болса, Меннен қорқып, барлық буйрықларыма әмел қылса! Сонда өзлери де, урпақлары да мәңги абадан турмыс кеширер еди.

30Енди сен оларға барып, шатырларыңызға қайтың, деп айт. 31Ал сен усы жерде, Мениң қасымда қал. Мен саған барлық буйрықларымды, қағыйдаларымды ҳәм нызамларымды беремен. Буларды халыққа сен үйретесең. Солай етип, Мен оларға мүлик етип берип атырған елде булардың ҳәммесине әмел қылсын“.

32Енди оңға да, солға да бурылмай, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген буйрықларын муқыятлы түрде орынлаңлар. 33Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйырған барлық жоллары менен жүриңлер. Сонда сизлер мүлик етип алатуғын жерде аман болып, абадан турмыс кеширип, узақ өмир сүресизлер».
Copyright information for KaaIBT22C