Deuteronomy 6
Ең уллы буйрық
1«Булар Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге үйретиў ушын маған берген буйрықлары, қағыйдалары ҳәм нызамлары. Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етиў ушын баратырған елде оларға әмел қылың. 2Мен сизлерге берип атырған барлық қағыйда ҳәм буйрықларға өзлериңиз, балаларыңыз ҳәм балаларыңыздың балалары да әмел қылып, өмириңиздиң ақырына дейин Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқып жасаң. Сонда өмириңиз узақ болады. 3Ҳәй, Израил халқы қулақ салың! Буларды муқыятлы түрде орынлаң. Сонда ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге айтқанындай сүт ҳәм пал ағып турған жерде өсип-өнип көбейесиз ҳәм абадан турмыс кеширесиз. 4Қулақ сал, Израил! Жаратқан Ийе – бизлердиң Қудайымыз, тәнҳа Жаратқан Ийе. 5Қудайыңыз Жаратқан Ийени шын жүрегиңиз, жан-тәниңиз ҳәм бар күшиңиз бенен сүйиң. 6Бүгин мен сизлерге берип атырған бул буйрықларды жүрек төриңизде сақлаң. 7Буларды балаларыңызға да муқыятлы түрде үйретиң. Үйде отырғанда да, жолда жүргенде де, жатқанда да, турғанда да усылар туўралы айтып бериң. 8Буларды белги қылып, қолларыңызға байлап қойың, маңлайыңызға нышан сыпатында тағып қойың. 9Үйиңиздеги есиктиң жақлаўларына, қалаларыңыздың дәрўазаларына жазып қойың».Қудайдың сөзине қулақ салмайтуғынларға қарсы ескертиў
10«Қудайыңыз Жаратқан Ийе ата-бабаларыңыз болған Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерге сизлерди алып киреди. Ол сизлерге өзлериңиз қурмаған үлкен ҳәм жақсы қалаларды, 11өзлериңиз жыйнамаған жақсы мал-мүликлерге толы үйлерди, өзлериңиз мийнет етип қазбаған суў сақлағышларды, өзлериңиз екпеген жүзимзарларды ҳәм зәйтүн бағларын береди. Ол жерде ишип-жеп тоясызлар. 12Сол ўақытта абайлы болыңлар! Сизлерди Мысырдағы қуллықтан алып шыққан Жаратқан Ийени умытпаңлар. 13Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыңлар. Тек ғана Оған хызмет етип, Оның аты менен ант ишиңлер. 14Басқа қудайларға, дөгерегиңиздеги халықлардың қудайларына ермеңлер. 15Себеби араңызда болатуғын Қудайыңыз Жаратқан Ийе қызғаныўшы Қудайдур. Егер Ол ғәзепленсе, сизлерди жер жүзинен жоқ қылып жибереди. 16Массада ислегениңиздей ▼, Қудайыңыз Жаратқан Ийени сынамаңлар. 17Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларын, сизлерге берген тәртип ҳәм қағыйдаларын биреўин де қалдырмай орынлаңлар. 18Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс ҳәм жақсы болған ислерди ислеңлер. Сонда сизлер абадан турмыс кеширесиз, Ол ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жақсы жерди мүлик етип аласыз. 19Жаратқан Ийениң Өзи айтқанындай, Ол сизлердиң барлық душпанларыңызды ол жерден қуўып шығарады. 20Егер де келешекте балаларыңыз сизлерден: „Қудайымыз Жаратқан Ийе усы тәртиплерди, қағыйдаларды ҳәм нызамларды сизлерге не себептен берди?“– деп сораса, 21оларға былай деп айтыңлар: „Бизлер Мысырда фараонның қулы едик. Жаратқан Ийе бизлерди күшли қолы менен ол жерден алып шықты. 22Ол бизлердиң көз алдымызда Мысырға, фараонға ҳәм олардың шаңарақларына қарсы уллы, қорқынышлы кәраматлар ҳәм белгилер көрсетти. 23Ол ата-бабаларымызға ант ишип, ўәде қылған жерге бизлерди алып келиў ушын ҳәм ол жерди бизлерге бериў ушын бизлерди Мысырдан алып шықты. 24Бизлердиң бәрҳа бахытлы өмир сүриўимиз ҳәм бүгингидей тири жүриўимиз ушын, Қудайымыз Жаратқан Ийе усы қағыйдалардың ҳәммесине әмел қылып, Оннан қорқыўымызды буйырды. 25Қудайымыз Жаратқан Ийениң алдында усы буйрықларды муқыятлы түрде орынласақ, бизлер ҳақ боламыз“».
Copyright information for
KaaIBT22C