Deuteronomy 9
Жаратқан Ийениң халыққа жерди бериўиниң себеби
1«Қулақ салың, ҳәй, Израил халқы! Сизлер бүгин өзлериңизден көп ҳәм күшли болған халықлардың жерлерин мүлик етиў ушын, Иордан дәрьясынан өтесиз. Олардың үлкен қалалары аспанға тийер дийўаллар менен қоршалған. 2Сол күшли, узын бойлы халық Анақ әўладынан. Оларды өзлериңиз билесиз. Олар ҳаққында: „Анақ әўладларына ким қарсы шыға алар екен?“– деген сөзлерди еситкенсизлер. 3Бирақ бүгин мынаны билип қойыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийе жалмамай жутатуғын жалын сыяқлы сизлердиң алдыңыздан барады. Ол Анақ әўладларын жеңилиске ушыратып, сизлерге бас ийдиреди. Сонда Жаратқан Ийе сизлерге ўәде бергениндей, оларды қуўып, бир майданда жоқ қыласыз. 4Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарғаннан кейин, сизлер өзлериңизше: „Жаратқан Ийе ҳақлығымыз себепли бул елди ийелеўимиз ушын, бизлерди усы жерге алып келди“, – деп ойлап жүрмеңлер. Өйткени Жаратқан Ийе бул халықларды ислеген жаўызлықлары ушын, сизлердиң алдыңыздан қуўып атыр. 5Сизлер өз әдиллигиңиз ҳәм кеўлиңиздиң ҳақлығы себепли олардың жерлерин мүлик етип алып атырған жоқсыз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды ислеген жаўызлықлары себепли сизлердиң алдыңыздан қуўып атыр. Усылайынша, Ол ата-бабаларыңыз Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыпқа ант ишип, берген ўәдесин орынлайды. 6Мынаны билип қойыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге бул жақсы жерди ҳақ болғаныңыз ушын берип атырған жоқ. Керисинше, сизлер қайсар бир халықсыз».Тана сүлдериндеги бут ҳәм Муўсаның халық ушын жалбарыныўы
7«Қудайыңыз Жаратқан Ийени шөлде қаншелли ғәзеплендиргениңизди есиңизде сақлаң, ҳасла умытпаңлар. Мысырдан шыққан күннен баслап, усы жерге жетип келгенге дейин ҳәмме ўақытта Жаратқан Ийеге қарсы бас көтерип келдиңиз. 8Хореб таўында Жаратқан Ийениң ғәзебине тийгениңиз соншелли, Ол сизлерди жоқ қылып жиберейин деп қалды. 9Сонда мен еки тасты, яғный Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзген келисим тасларын алыў ушын, таўға шыққан едим. Мен ол жерде қырық күн, қырық түн болып, ҳеш нәрсе ишип-жемедим. 10Жаратқан Ийе Өз қолы менен жазған еки тасты маған берди. Бул тасларда сизлер таўда жыйналған күни Жаратқан Ийениң от ишинен сизлерге айтқан буйрықларының ҳәммеси жазылған еди. 11Сол қырық күн, қырық түннен кейин Жаратқан Ийе маған еки тасты, келисим тасларын берди. 12Соннан кейин, Жаратқан Ийе маған: „Қәне, бул жерден дәрҳал төмен түс. Себеби Мысырдан алып шыққан халқың жолдан азғырылды. Олар Мен буйырған жолдан шығып, өзлерине бир бут мүсинин ислеп алды“, – деди. 13Жаратқан Ийе маған және: „Бул халықтың ҳақыйқаттан қайсар халық екенин көрдим! 14Енди Мени тоқтатып қалма. Мен олардың ҳәммесин жоқ қылып, атларын жер жүзинен өширип таслайман. Ал сеннен олардан гөре күшлирек ҳәм көбирек халық дөретемен“, – деди. 15Солай етип, мен таўдан төменге түстим. Таў от болып жанып турған еди. Мениң қолымда еки келисим тасы бар еди. 16Сонда мен сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеп, өзлериңизге тананың сүлдериндеги бутты ислеп алғаныңызды көрдим. Сизлер Жаратқан Ийениң берген жолынан дәрҳал шығып кеткен едиңиз. 17Сол себепли қолымдағы еки келисим тасын ылақтырып жиберип, сизлердиң көз алдыңызда сындырып тасладым. 18Соннан кейин, мен көп гүнаңыз себепли, және Жаратқан Ийениң алдында узақ ўақыт, қырық күн, қырық түн ҳеш нәрсе ишип-жемей, ет бетимнен жерге жатып, сизлер ушын жалбарындым. Себеби Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған исти ислеп, Оның ғәзебин келтирген едиңиз. 19Мен Жаратқан Ийениң жанып турған ғәзебиниң алдында қатты қорққан едим. Оның ғәзеби соншелли лаўлап кеткенликтен, Ол сизлерди жоқ қылмақшы еди. Деген менен, Жаратқан Ийе бул рет те мениң жалбарыныўыма қулақ салды. 20Жаратқан Ийе Харонға да қатты ғәзепленип, оны өлтирмекши еди. Бирақ сол ўақытта Харон ушын да жалбарынған едим. 21Ал мен сизлердиң гүналы исиңизди, яғный танаға мегзетип ислеген бутыңызды алып, жағып жибердим. Оны бөлеклеп, унтақлап ездим де, кейин оны таўда ағып турған булаққа шашып жибердим. 22Сизлер және, Таберада да, Массада да, Киброт-Ҳаттааўада да Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирдиңиз. 23Жаратқан Ийе Қадеш-Барниядан сизлерди жиберип: „Барыңлар, сизлерге берип атырған елди мүлик етип, ийелеп алыңлар“, – деп буйырғанда да, сизлер Оның буйрығына қарсы шықтыңыз. Сизлер Оған исенбедиңиз, сөзлерине де қулақ салмадыңыз. 24Мен сизлерди танығанымнан баслап, ҳәзирге дейин Жаратқан Ийеге қарсы шығып, бас көтерип киятырсыз. 25Жаратқан Ийе сизлерди жоқ ететуғынын айтқанлықтан, мен Оның алдында сол қырық күн, қырық түн бойы ет бетимнен жерге жатып алған едим. 26Сонда мен Жаратқан Ийеге былай деп жалбарынған едим: „Қудай Ийе, Сен Өз уллылығың менен азат етип, қүдиретли қолың менен Мысырдан алып шыққан халқыңды, Өз мүлкиңди жоқ етпе. 27Қулларың Ибрайымды, Ысақты ҳәм Яқыпты есле. Бул халықтың қайсарлығына, жаўызлықлары менен гүналарына итибар берме. 28Болмаса, Сен бизлерди алып шыққан елдиң халқы: Жаратқан Ийе оларды ўәде қылған жерине алып бара алмады. Ол сол халықты жек көргени ушын, шөлде жоқ қылыў мақсетинде оларды Мысырдан алып шыққан екен, – деп айтады. 29Бирақ олар уллы күшиң ҳәм қүдиретли қолың менен Мысырдан алып шыққан Өзиңниң халқың ҳәм мүлкиңдур“».
Copyright information for
KaaIBT22C