Deuteronomy 28
Жарылқаўлар
1«Егер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салып, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Оның барлық буйрықларын муқыятлы түрде орынласаңыз, Ол сизлерди жер жүзиндеги ҳәмме халықлардан жоқары қылады. 2Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзин тыңласаңыз, үстиңизге мына берекетлер жаўады ҳәм берекетли боласыз: 3Қалада да, атызда да берекетли боласыз. 4Үбирли-шүбирли болып жарылқанасыз. Жериңиздиң зүрәәти мол болады, малларыңыздың төллери – пада ҳәм сүриўлериңиздиң бузаўлары менен қозылары көп болады. 5Дән себетлериңиз ҳәм қамыр табақларыңыз берекетли болады. 6Үйде де, дүзде де ҳәр бир исиңиз берекетли болады. 7Жаратқан Ийе сизлерге ҳүжим қылған душпанларыңызды жеңилиске ушыратады. Олар сизлерге бир тәрептен ҳүжим етсе, сизлерден тумлы-тусқа қашып кетеди. 8Жаратқан Ийениң буйрығы менен ғәллеханаңыз толы болады. Қол урған ҳәр бир исиңизди Жаратқан Ийе берекетлейди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елде сизлерди жарылқайды. 9Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына әмел қылып, Оның жоллары менен жүрсеңиз, Жаратқан Ийе сизлерге ант ишкениндей, сизлерди Өзиниң мухаддес халқы қылады. 10Жер жүзиндеги барлық халықлар сизлердиң Жаратқан Ийеге тийисли екениңизди көрип, сизлерден қорқатуғын болады. 11Жаратқан Ийе сизлерге беремен деп, ата-бабаларыңызға ант ишкен елде молшылықта жасаўыңызды тәмийинлейди. Үбирли-шүбирли боласыз, малларыңыздың төллери көбейеди ҳәм жериңиздиң зүрәәти мол болады. 12Жаратқан Ийе елиңизге өз ўақтында жаўын жаўдырыў ушын аспандағы бай ғәзийнесин ашады ҳәм қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди. Көп халықларға қарыз бересиз, өзлериңиз болса, қарыз алмайтуғын боласыз. 13Бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларын тыңлап, оларды муқыятлы түрде орынласаңыз, Ол сизлерди қуйрық емес, ал бас қылады. Сизлер төменде емес, ал жоқарыда боласыз. 14Бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықлардан оңға да, солға да шығып кетпеңлер, басқа қудайларға ерип, оларға табынбаңлар».Нәлетлер
15«Бирақ, егер де Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салмай, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Оның барлық буйрықларын ҳәм қағыйдаларын муқыятлы түрде орынламасаңыз, мына нәлетлер басыңызға түседи: 16Қалада да, атызда да нәлетий боласыз. 17Дән себетлериңиз ҳәм қамыр табақларыңыз нәлетий болады. 18Ул-қызға зар болып, жериңиз зүрәәтсиз, сыйырларыңыз ҳәм сүриўлериңиз көбеймей, нәлетий боласыз. 19Үйде де, дүзде де ҳәр бир исиңиз нәлетий болады. 20Жаратқан Ийеден жүз бурып, жаўызлық ислегениңиз ушын, қол урған ҳәр бир исиңизде Ол сизлерди нәлетке ҳәм бәле-қадаға дуўшар қылады. Исиңиз оңынан келмейди. Ақырында, тез арада үстиңизге апат жаўып, пүткиллей жоқ боласыз. 21Сизлер мүлик етиў ушын баратырған елиңизге Жаратқан Ийе иллет жиберип, сизлерди жоқ қылады. 22Ол сизлерди өкпе кеселлигине, ысытпа ҳәм қалтыратпаға дуўшар қылады. Соның менен бирге, жаздың саратан ыссысын ҳәм қурғақшылық жиберип, егинлериңизди қуўратып таслайды ҳәм кеселлендиреди. Сизлер өлип кеткениңизше, усы апатлар изиңизден қалмайды. 23Төбеңиздеги аспан қола сыяқлы, аяғыңыздың астындағы жер темир сыяқлы болып қалады. 24Сизлер жоқ болып кетпегениңизше, Жаратқан Ийе аспаннан жаўынның орнына елиңизге шаң-тозаң жаўдырады. 25Жаратқан Ийе сизлерди душпанларыңызға тәслим етеди. Сизлер оларға бир тәрептен ҳүжим етесиз, бирақ олардан жети тәрепке қарай қашасыз. Буны көрип, жер жүзиндеги барлық патшалықлардың ҳүрейлери ушып кетеди. 26Өликлериңиз барлық қусларға ҳәм жабайы ҳайўанларға жем болады, оларды қуўып жиберетуғын ҳеш ким болмайды. 27Жаратқан Ийе мысырлыларға жиберген даўасы жоқ шыйқанлар, қотыр жаралар ҳәм қышымаларға сизлерди дуўшар етеди. 28Соның менен бирге, Ол сизлерди жинлилик, соқырлық, естен айырылыў бәлелери менен жазалайды. 29Соқыр адам түнде сыйпаланып жүргениндей, сизлер күндизги ўақыт сыйпаланып жүресиз. Ислеген ҳәр бир исиңизде табыссыз боласыз, үзликсиз езилип, тоналасыз ҳәм сизлерди қутқаратуғын ҳеш ким болмайды. 30Бир қыз бенен некеден өтесиз, бирақ оны басқа биреў зорлайды. Үй саласыз, бирақ оның ишине кирип, жасай алмайсыз. Жүзим бағын отырғызасыз, бирақ жүзиминен жей алмайсыз. 31Малыңыз көз алдыңызда сойылады, бирақ гөшинен жей алмайсыз. Ешегиңизди сизлерден зорлап тартып алады ҳәм қайтарып бермейди. Қой-ешкилериңиз душпанларыңызға бериледи. Сизлерди қутқаратуғын ҳеш ким болмайды. 32Ул-қызларыңыз көз алдыңызда басқа халықларға қул етип бериледи. Қолыңыздан ҳеш нәрсе келмегенликтен, ҳәр күни олардың қайтып келиўин күтип, жолына көз тигип, көзлериңиз талады. 33Сизлер танымайтуғын бир халық келип, жериңиздиң зүрәәтин ҳәм барлық мийнетиңиздиң мийўесин жейди. Өмириңиз бойы жәбирленип, езилесиз. 34Усыларды көзлериңиз бенен көрип, ақыл-есиңизден айырыласыз. 35Жаратқан Ийе сизлерди басыңыздан аяғыңыздың ушына дейин даўасы жоқ жара ҳәм шыйқанлар менен қаплайды. 36Жаратқан Ийе сизлерди ҳәм өзлериңизге тайынлаған патшаңызды өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да танымайтуғын бир халыққа сүргинге айдатып жибереди. Ол жерде ағаштан ҳәм тастан исленген басқа қудайларға табынып, хызмет етесиз. 37Жаратқан Ийе сизлерди сол басқа халықларға алып барғанда, сизлер олардың арасында қорқынышлы көриниске ҳәм әпсанаға айланып, масқара боласыз. 38Атызларыңызға көп туқым егесиз, бирақ аз зүрәәт аласыз. Себеби зүрәәтиңизди шегиртке жеп кетеди. 39Жүзим бағын отырғызып, тәрбиялайсыз, бирақ оның шарабын ишпейсиз, жүзимин термейсиз. Өйткени оларды қурт жеп кетеди. 40Елиңиздиң ҳәмме жеринде зәйтүн бағы болса да, оның майын үстиңизге жаға алмайсыз. Себеби зәйтүн ағашларының мийўелери төгилип қалады. 41Сизлер ул-қызлы боласыз, бирақ өзлериңизге буйырмайды, оларды сүргин қылып алып кетеди. 42Барлық мийўе ағашларыңыздың мийўелерин ҳәм жериңиздиң зүрәәтин шегирткелер жеп кетеди. 43Сизлердиң араңызда жасап атырған келгиндилердиң жағдайы жоқарылап күшейеди, ал сизлер болса, төменлейсиз. 44Олар сизлерге қарыз беретуғын болады, ал сизлер болса, оларға қарыз бере алмайсыз. Олар бас, ал сизлер қуйрық боласыз. 45Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салмай, Оның берген буйрықларына ҳәм қағыйдаларына әмел қылмасаңыз, усы нәлетлер басыңызға жаўып, сизлерди жоқ қылмағанша, изиңизден қалмай, жетип алады. 46Бул нәлетлер сизлер ҳәм урпағыңыз ушын, Қудай берген жазаның мәңги белгиси болып қалады. 47Себеби ҳәмме нәрсе молшылық ўақытта, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге шадлы ҳәм қуўанышлы түрде хызмет етпедиңиз. 48Соның ушын, Жаратқан Ийе сизлерге жиберген душпанларға қуллық етесиз, аш, суўсыз ҳәм жалаңаш қалып, ҳәмме нәрсеге мүтәж боласыз. Жаратқан Ийе сизлерди жоқ етпегенше, мойныңызға темир мойынтырық салып қояды. 49Жаратқан Ийе сизлерге қарсы узақтан, дүньяның басқа шетинен бир халықты төменге тасланып атырған бүркиттей етип жибереди. Сизлер олардың тилин түсинбейсиз. 50Бул халық қорқынышлы болып, жасы үлкенлерге реҳим, жасы кишилерге мийрим-шәпәәт көрсетпейди. 51Олар сизлерди жоқ қылмағанша, малларыңыздың төллерин ҳәм жериңиздиң зүрәәтин жейди. Сизлерге дән де, шарап та, зәйтүн майын да, сыйырларыңыздың бузаўларын да, қойларыңыздың қозыларын да қалдырмайды. Сонда сизлер жоқ болып кетесиз. 52Олар Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елдеги барлық қалаларды қамал қылады. Сизлер исенген бийик ҳәм беккем дийўаллар жер менен жексен болады. 53Душпаныңыз қамал қылып, қысқыға алғанда, сизлер өз перзентлериңизди, Қудайыңыз Жаратқан Ийе өзлериңизге берген ул-қызларыңызды жейсиз. 54Араңыздағы ең мүләйим, ең нәзик адам да туўысқанына, ҳаялына ҳәм аман қалған балаларына жаны ашымай, 55өзи жеп отырған баласының гөшин қызғанып, олардың ҳеш бири менен бөлиспейди. Өйткени сизлерди душпаныңыз қамал қылып, қысқыға алғаны себепли қалаларыңызда ҳеш қандай аўқат қалмайды. 56Араңыздағы ең мүләйим, ең нәзик ҳаял, мүләйимлиги ҳәм нәзиклигинен аяғын жерге басыўды қәлемейтуғын ҳаял сүйикли күйеўине, өз ул-қызына жаны ашымай, 57аш болғанлықтан, туўған баласын ҳәм баласының жолдасын жасырынша жеп, олар менен бөлиспейди. Себеби душпаныңыз сизлерди қамал қылып, қысқыға алғанлықтан, усындай қыйын аўҳалда қалып қоясыз. 58Усы китапта жазылған нызамның барлық сөзлерин муқыятлы түрде орынламай, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң уллы ҳәм айбатлы атынан қорқпасаңыз, 59Ол сизлерди ҳәм урпағыңызды қорқынышлы, уллы ҳәм үзликсиз апатларға, және де, аўыр ҳәм даўасыз кеселликлерге дуўшар қылады. 60Сизлерди қорқынышқа салған Мысырдағы барлық кеселликлерди сизлерге және жибереди ҳәм олардан ҳеш қашан шыпа таба алмайсыз. 61Сизлер жоқ болып кетпегениңизше, Жаратқан Ийе усы Нызам китабында жазылмаған ҳәр түрли аўырыўлар менен апатларды басыңызға дөндиреди. 62Сизлер аспандағы жулдызлар сыяқлы көп едиңиз, бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салмағаныңыз ушын, саныңыз азайып қалады. 63Жаратқан Ийе сизлерге жақсылық қылып, көбейткенинен қаншелли сүйсинген болса, сизлерди қулатып, жоқ еткенде де, соншелли сүйсинеди. Мүлик етип алыў ушын баратырған елден сизлерди суўырып, ылақтырып жибереди. 64Жаратқан Ийе сизлерди дүньяның арғы шетинен берги шетине дейин, барлық халықлардың арасына тарқатып жибереди. Ол жерде өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да танымаған ағаштан ҳәм тастан исленген басқа қудайларға табынасыз. 65Бирақ сол халықлардың арасында тынышлығыңыз да, дем алатуғын бир жериңиз де болмайды. Ол жерде Жаратқан Ийе сизлерге титиреген жүреклер, үмитсизлик ҳәм үмитсиз көзлер береди. 66Өмириңиз қыл үстинде турғандай болып, күни-түни өлимнен қорқып жасайсыз. 67Түнде жүрегиңизди бийлеп алған қорқыныш себепли „Қәнекей, азан болғанда ма еди!“дейсиз, ал азанда өз көзиңиз бенен көретуғын ўақыялар себепли „Қәнекей, кеш болғанда ма еди!“дейсиз. 68Жаратқан Ийе сизлерге Мысырға қайтып бармайсыз, деп айтқан болса да, Ол сизлерди кемелер менен Мысырға қайтадан жибереди. Ол жерде сизлер өзлериңизди душпанларыңызға қул ҳәм шоры қылып сатыўға ҳәрекет етесиз, бирақ сизлерди сатып алатуғын қарыйдар болмайды».
Copyright information for
KaaIBT22C