‏ Ecclesiastes 1

Жумбақлы дүнья

1Булар Даўыттың улының, Ерусалимде патшалық еткен Ўазшының сөзлери: 2«Бийҳуда, бийҳуда, – дейди Ўазшы, – ҳәммеси бийҳуда!»

3Қуяш астында ислеген барлық мийнетинен,
Адам не пайда табар?
4Бир әўлад кетер, бир әўлад келер,
Ал дүнья мәңгиге усылай қала берер.
5Күн шығар, күн батар,
Кейин ол шыққан орнына қайтыўға асығар.
6Самал қублаға есер, кейин арқаға айланар.
Ол айланып-айланып есип,
Қайтып өз жолына түсер.
7Барлық дәрьялар теңизге қуяр,
Бирақ теңиз ҳеш толмас.
Дәрьялар аққан жаққа қайтадан аға берер.
8Ҳәмме нәрсе жалықтырады,
Адам оларды сөз бенен жеткере алмас.
Көз көриўден,
Қулақ еситиўден тоймас.
9Алдын не болған болса, және болар.
Не қылынған болса, және қайталанар.
Қуяш астында ҳеш қандай жаңа нәрсе жоқ.
10Қандай да бир нәрсе бар ма: «Қараңлар, мынаў жаңалық-ғо», – деп айта алғандай?
Бирақ ол нәрсе де әййемнен, бизлерден әсирлер алдын бар еди.
11Бурын болғанлар еске алынбас,
Келешекте болатуғынлар да олардан кейингилер арасында еске алынбас.

Даналық излеўдиң пайдасы жоқ

12Мен, Ўазшы, Ерусалимде Израил патшасы едим. 13Өзимди аспан астында исленип атырған нәрселердиң ҳәммесин даналық пенен изертлеўге ҳәм үйрениўге бағышладым. Қудайдың адам баласына берген жүги қандай аўыр! 14Мен қуяш астында исленип атырған барлық ислерди көрдим: олардың ҳәммеси бийҳуда, ҳәммеси самалдың изинен қуўғанға уқсайды екен.

15Қыйсайған нәрсени дүзетип болмас,
Жоқ нәрсени санап болмас.

16Мен өзиме өзим былай дедим: «Мине, мен уллылықта ҳәм даналықта Ерусалимде өзимнен алдын бийлик еткенлердиң ҳәммесинен де илгерилеп, озып кеттим. Мол даналық ҳәм билимди ийелеп алдым». 17Мен өзимди даналықты билиўге, және ақылсызлық пенен ақмақлықты билиўге бағышладым. Сонда буның да самалдың изинен қуўғанға уқсайтуғынын түсиндим.

18Көп билген сайын, қапашылық та көбейер.
Көп түсинген сайын, дәрт те асып барар.
Copyright information for KaaIBT22C