‏ Ecclesiastes 10

1Әтир майға түсип өлген шыбынлар әтир майды бузады,
Сол сыяқлы, ҳүрметли адамның аз ғана ақылсызлығы,
Оның даналығы менен абырайына зыян келтиреди.
2Дананың жүреги дурыс жолға,
Ақылсыздың жүреги терис жолға талпынады.
3Ақылсыз қандай жолдан жүрмесин,
Оған бәри бир ақыл жетиспейди.
Ол өзиниң ақылсызлығын ҳәммеге көрсетеди.
4Егер ҳүкимдарыңның ғәзеби саған қарай лаўласа,
Орныңнан турып, кетип қалма.
Кишипейиллик үлкен қапашылықларды да бастыра алады.

5Қуяш астында және бир жаўызлықты көрдим.
Ол ҳүкимдар ислеген қәтелик еди:
6Ақылсызлар жоқары лаўазымларға отырып,
Ҳүрметли адамлар төменде отырады.
7Мен және атқа минген қулларды,
Қулдай болып, жаяў жүрген басшыларды көрдим.

8Шуқыр қазғанның өзи сол шуқырға түседи,
Дийўалды бузғанды жылан шағады.
9Тас қашаған адамды таслар жарақатлайды,
Ағаш жарғанды ағаш жарақатлаўы мүмкин.

10Топыр балтаны қайрамаса,
Көп күш сарп етиледи.
Бирақ табысқа ерисиў ушын, даналықтың пайдасы көп.

11Егер жылан сыйқырланбастан бурын шағып алса,
Онда жылан сыйқырлаўшының не кереги бар?

12Дананың аўзынан жағымлы сөзлер шығады,
Ал ақылсыз өз сөзи менен өзин набыт қылады.
13Оның сөзиниң басы – ақылсызлық,
Ақыры – ақмақлық.
14Ақылсыз көп сөйлейди,
Бирақ адам келешекте не болатуғынын билмейди.
Адам өлгеннен кейин не болатуғынын ким айта алады?

15Ақылсыздың жумысы өзин шаршатады,
Ол қалаға баратуғын жолды да билмейди.

16Ҳәй, патшасы жас болып,
Ҳәмелдарлары азаннан баслап зыяпат қуратуғын ел, ҳәсирет шегесең!
17Ал патшасы ҳасыл туқымнан шыққан,
Ҳәмелдарлары тек мәслик етиў ушын емес,
Ал күш топлаў ушын керек ўақтында зыяпат беретуғын ел бахытлы!

18Ериншекликтен тамның төбеси ойылар,
Жалқаўлықтан төбеден суў өтер.
19Зыяпат адамның кеўлин көтерер,
Шарап өмирге қуўаныш алып келер,
Бирақ ҳәммеси ақша менен питер.

20Патшаны, ҳәтте, ишиңнен болса да, жаманлама,
Ҳүрметли адамды төсекте жатып та, ғарғама.
Себеби аспандағы қуслар хабар тасыр,
Қанатлы барлықлар сөзиңди жеткизер.
Copyright information for KaaIBT22C